Bul mobil menyu orni/ testing....


    “Исбилерменлердиң интеллектуал мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўы” темасында оқыў-семинары өткерилди
    2015-жыл 15-апрель күни Өзбекистан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәжилислер залында “ Исбилерменлердиң интеллектуал мүлк объектлериниң ҳуқықый қорғалыўы ” темасында оқыў-семинары өткерилди. Оқыў-семинарды өткериўден тийкарғы мақсет Республика аймақларында исбилерменлердиң интеллектуал мүлк объектлериниң ҳуқықый тәрептен қорғалыўы тараўындағы билимлерди жетилистириў, бул тараўды тәртипке салыўшы норматив ҳүжжетлер ҳаққында ҳәм интеллектуал мүлк объектлерине патент алыў тәртиплери ҳәм қағыйдалары ҳаққында қатнасыўшыларға мағлыўмат бериў болып табылады.

    Оқыў-семинарды Өзбекистан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Қайпназаров кирис сөзи менен ашып берди ҳәм басқарып барды.

    Семинарда қатнасыўшылар дыққатына “Товар белгилериниң ҳуқықый қорғалыўы” ҳәм “Санаат үлгилериниң ҳуқықый қорғалыўы” темаларында презентациялар көпшилик нәзерине усынылды.

    Қатнасыўшылар оқыў-семинары даўамында өзлериниң қызықтырған сораўларын берди ҳәм тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.

    Бүгинги күнде Қарақалпақстанда товар белгилериниң ҳуқықлары қорғалып, патентлестирилмекте. Деген менен көпшилик исбилерменлер өзлериниң товар белгилерине патент алмаған. Сонлықтан исбилерменлер өз өнимлери ушын патент алыў бойынша тараў қәнигелеринен көплеген мағлыўматларды алып, оның бүгинги күнде зәрүр екенлиги семинар барысында атап өтилди.

    Мысалы, Нөкис қаласындағы такси хызметлерин усыныўшы компаниялар өз такси атларына товар белгиси ретинде патент алмаған. Соның ақыбетинде көплеген такси атлары қайталанбақта. Мысалы Ташкент қаласындағы такси атларын Нөкис қаласында, ямаса Нөкис қаласындағы такси атларын Тахиаташ ҳ.т басқа районларда ушыратыў мүмкин. Сонлықтан товар белгисин патентлестириў бизнес раўажланыўы ушын дәўир талабына айланбақта. Булар ҳаққында тараў қәнигелери тәрепинен кеңирек мағлыўматлар берилди.

    Сондай-ақ ҳәзирги ўақытта исбилерменлеримиз тәрепинен “Гүртик”, “Кеспас”, “Торақ” сыяқлы миллий тағамларымыздың қурғақ түри өндирилип, оларды орап, арнаўлы этикетка менен сатыўды жолға қойған. Қәнигелер пикиринше, “фаст-фуд” ретинде де бул тағамлар аңсат таярланады екен. Мысалы асығып турған ўақытта қурғақ кеспасты ыссы суўға бир қайнатып, қатыққа қосып таярланса оның дәми ҳәм пайдасы сырт ел “фаст-фуд” өнимлерине қарақанда жүдә пайдалы. Ал жүўери гүртик сыяқлы миллий тағамларымыз алдағы ўақытта өнер-үлгиси ретинде патентлестириледи. Тәкирирланбас үлгиде исленген қарақалпақ қара-үйин ҳәзирги ўақытта патентлестириў жумыслары алып барылмақта. Булар ҳаққында оқыў-семинары барысында қатнасыўшыларға атап өтилди.

    Өткерилген бул оқыў-семинары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ушын әмелий тәрептен әҳимийетке ийе болып, олардың интеллектуал мүлк объектлерин ҳуқықый жақтан қорғаў, сондай-ақ ислеп шығарылып атырған өнимлерди сертификатластырыў тараўындағы билимлерди жетилистириўге мүмкиншилик береди.


    Қалмуратов Б,
    www.megaline.uz ушын арнаўлы.

    Megablog bo'limi | 18-aprel, 2015 jıl
    Bul bet 2641 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» айма ...

    Усы жылдың 13 март күни Нөкис қаласында «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» аймақлық ярмаркасы болып өтти. Ярмаркада жоқары оқыў орынлары...

    Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли,
    Оларды түсиниў қыйынды бәлки,
    Бирақта өз ана тилиңди билсең,
    Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы.

      
    12-may, 2013 jıl. 2278 ret ko'rildi


  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2524 ret ko'rildi


  • Jon O’zbekistonim!

    Tog’laring viqori bo’lak,
    Qirlaring bahori bo’lak,
    Sen menga hammadan kerak,
    Jon O’zbekistonim!

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 1878 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 1639 ret ko'rildi


  • Имтихан

    Анам айтты: -«Журналисттиң,
    Наны жуқа, айдай қызым,
    Басын усла басқа истиң,
    Мен айтаман билип сөзим.

      
    09-iyul, 2014 jıl. 2387 ret ko'rildi


  • Mehrga tashnadir qalb

    Qarangki bu olam go’zal shunchalar.
    Hatto unga boqib to’ymas ko’zlarim,
    Ammo odamlar bor qiziq bunchalar
    Anglab bo’lmas “ turli” aytgan so’zlarin…..

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1763 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Раъно

    Қирларни кезайму сенинг изингдан,
    Сўраш учун қўрқаман лек ўзингдан,
    Ўзимни топайин қаро кўзингдан
    Менинг керагимсан гўзалим Раъно.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 1726 ret ko'rildi


  • Муҳаббат формуласи

    Муҳаббат миллатни,ирқни танламас,
    Унинг ёлғиз уйи девона юрак,
    Дил xаста бўлганда,моҳир шифокор
    Давони қайлардан топмоғи керак?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1541 ret ko'rildi


  • Asıg’ıspan

    Asıg’ıspan barar ma’nzilim uzaq,
    Ele qansha shın’nan asıwım kerek,
    Alda ne qın’ırlıq, duslasar neler,
    Tag’dir a’zel bunnan bermekte da’rek.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1695 ret ko'rildi


  • Мени еслеме

    Мен өткен жоллардан, изим излеме.
    Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме.
    Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге,
    Өтинишим енди, мени еслеме.

      
    22-oktyabr, 2015 jıl. 1999 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.