Bul mobil menyu orni/ testing....


    Жаңа технологияларды жаратқан жасларымыз
    Жаңа технологияларды жаратқан жасларымыз

    Ташкент информациялық технологиялары университетиниң программалық инжиниринг ҳәм телекоммуникация технологиялары факультетлери тәрепинен усы жылдың 17-18 март күнлери Ташкент қаласында программалық ҳәм техник исленбелер көргизбеси шөлкемлестирилди.

    Университеттиң зийрек студентлери, магистрантлар ҳәмде профессор оқытыўшыларының программалық ҳәм техник өнимлерин өз ишине қамтыған иләжди өткериўге Өзбекистан Республикасы информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги, “Өзбектелеком” АК, “Өзбекистан почтасы” АЖ ҳәм “UZINFOCOM” орайы қәўендер болды ҳәм қоллап қуўатлады.

    Информациялық технологиялардың раўажланыўы, олардың программалық тәмийнаты ҳәм миллий информация ресурслары менен байытыў, интерактив хызмет түрлерин көбейтиў, өз-ара коммуникация мәселелерин шешиў, аймақлық ҳәм халқаралық коммуникация тармақларына жалғаныў ҳәмде олардан пайдаланыўды шөлкемлестириў процесси тараў қәнигелери алдына бир қатар ўазыйпаларды қоймақта. Атап өтсек, бул процесстен Ташкент информациялық технологиялары университети алымлары ҳәм студентлери ҳәм шетте емес.

    Университетте халқара стандартлар талапларына жуўап беретуғын жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў мақсетинде компьютер инжиниринг, программалық инжиниринг ҳәм телекоммуникация технологиялары сыяқлы жаңа билимлендириў бағдарлары ашылған болып, ҳәзирги күнде бул тараўларға бағдарланған студентлер саны 4 мыңнан аслам.

    Усы көргизбе де жоқарыдағы ис-илажлардың логикалық даўамы болып, университет ҳәм оның аймақлық филиаллары студентлериниң белсендилигин асырыў, илимий искерликке бағдарлаў, олардың интеллектуал потенциялын раўажландырыў ҳәмде инталы жасларды хошаметлеў сыяқлы мақсетлерди өз ишине қамтыйды. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр бир студент ушын имканиятлар майданы.

    Мине усы көргизбеге қойылған исленбелердиң айырымлары менен Megaline.uz арқалы таныстырыўды мақул көрдик:

    Программаның аты: “Топты басқарыў ойыны”
    Программа жаратылған орталық: Java Android SDK.
    Авторы: Шарипов Ш. 218-11 топар студенти.
    Бул программа Android платформасында, киши жастағы балаларға арналған. Программа тийкарынан 3D графикасында ислейди. Оның тийкарғы мақсети мобил қурылманың функционал имканиятынан пайдаланып, топты белгиленген мәнзилге алып барыў талап етиледи.

    Программаның аты: “Visit Kashkadarya”
    Программа жаратылған орталық: Objective C.
    Платформа: iOS
    Авторы: Тоғаев Ш. 201-топар студенти.
    Бул программа Қашқадарья ўәлаятының тарийхый орынлары ҳаққында мағлыўмат береди. Яғный туристлик искерликти асырыў ушын ислеп шығылған.

    Қурылманың аты: “Knock detector”
    Автор: Парманов И. 1-курс магистрант.
    Бул қурылма сенсор арқалы түрли объектлерди басқарыў, ҳәрекетлендириў ушын арналған. Объектлерди басқарыў ҳәм ҳәрекетлендириў ушын Arduino аппарат платформасы ҳәм Servo Motor ҳәрекетлендириў аппаратынан пайдаланылған. Ал микроконтроллер ушын ҳәрекетлерди басқарыўға арналған арнаўлы программалық код жазылған болып, ол плата ядына жайластырылған. Программа имканиятларына қарап усы қурылма аралықтан жиберилген даўысқа сәйкес белгиленген ўазыйпаны орынлайды ҳәм объектлерди ҳәрекетлендиреди.

    Қурылманың аты: “ТАТУ РОБОТ”
    Автор: Парманов И. 1-курс магистрант.
    “ТАТУ РОБОТ” қурылмасы адым менен жүриў, бурылыў ҳәм сөйлеў сыяқлы ўазыйпаларды орынлайды. Робот Wi-Fi арқалы аралықтан басқарылады, сондай-ақ оған талап тийкарында қосымша функциялар киритилиўи мүмкин.
    Роботтың қурамы:
    - Программаланыўшы Arduino аппарат платформасы;
    - Сезиўши Servo Motor қурылмасы;
    - Ҳәрекетшең мотор;
    - Wi-Fi арқалы басқарыў модули;
    - Android платформасы ушын программалық тәмийнат.

    Қурылманың аты: “Аралықтан басқарылыўшы лабиринт қурылмасы”
    Автор: Бегманов Ш. 4-курс студенти.
    Бул қурылма мобил телефон яки компьютер арқалы аралықтан басқарылып, ондағы шарды лабиринт жоллары бойынша ҳәрекетлендирип керекли мәнзил яки есикке алып барыў керек.
    Исленбени жаратыўда пайдаланылған программаластырыў тиллери ҳәм қураллар:
    - С программаластырыў тили (Ардуино платформасы ушын);
    - С# программаластырыў тили (компьютер ушын);
    - Android программаластырыў орталығы (Мобил телефон ушын);
    - Программаланыўшы Ардуино платформасы.

    ТИТУ спорт сарайында өткерилген көргизбе орынлары программалық өнимлерге толы болды, әсиресе студент жаслар тәрепинен исленген робот қурылмалары көпшиликтиң дыққатын өзине аўдарды. Олардың биреўи адам келбетинде болып жыйналғанларға сәлем берсе, ал тағы биреўлери түрли ҳайўанлар келбетинде ҳәрекетленбекте.

    Программалық ҳәм техник исленбелер көргизбесине қатнасқанлар ушын 4 түрли номинация белгиленген болып, илаж жуўмағында, “Ең жақсы мобил қолланба”, “Ең жақсы веб қолланба”, “Ең жақсы Windows қолланба” ҳәм “Ең жақсы техник исленбе” авторлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сертификат ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

    Еслетип өтемиз бундай көргизбе, усы жылдың 9-апрел сәнесинде Нөкис қаласындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында да өткериледи.


    Калмуратов Б,
    Ташкент қ, www.megaline.uz ушын арнаўлы.

    Xabar-line bo'limi | 26-mart, 2015 jıl
    Bul bet 2009 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Шулық ҳаққында

    Шулықты кийиўге де қандайда бир талғам керек. Шулық шалбардың реңине ямаса аяқ кийимниң реңине сәйкес таңланады. Ең баслысы – қара реңли...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

    «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» айма ...

    Усы жылдың 13 март күни Нөкис қаласында «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» аймақлық ярмаркасы болып өтти. Ярмаркада жоқары оқыў орынлары...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 1778 ret ko'rildi


  • Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер,
    Күш-қуўатқа толар билеклер,
    Қуўаныштан болып дереклер,
    Бәҳәр менен келеди Наўрыз.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2112 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Ziywarg’a

    Ju’zlerin’ jadırar ba’ha’r tan’ınday,
    Ba’ha’r samalınday jipek minezin’,
    On tog’ız ba’ha’rin’- jaslıq shag’ın’da,
    Baxıttın’ bag’ında ashılar gu’lin’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2380 ret ko'rildi


  • Ана (поэма)

    Туўылғансаң анажан,
    Арал теңиз ишинде.
    “Мерген атаў” толқыны,
    Еле енер түсиңе.

      
    04-may, 2016 jıl. 2234 ret ko'rildi


  • Muqaddas vatan!

    Aziz O’zbekiston – ona vatanim,
    Fido bo’lsin senga bu jonu tanim,
    Moviy, oqu yashil so’nmas chamanim,
    Faxru iftixorimsan – muqaddas vatan!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2842 ret ko'rildi


  • Нан аўыз тийип кет

    «Нан аўыз тийип кет» десе жеңгелер
    Қулағыма сондай жағымлы тийер
    Күйип-жанып атырсада жумысың
    «Нан аўыз тийместен» қәне кетип көр

      
    14-avgust, 2013 jıl. 2358 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Bir meni esla!

    Do’stim xayotda o’z o’rning bo’lsin,
    Sevganing hurmating joyiga qo’ysin,
    Baxt omad doim senga yor bo’lsin,
    Baxtli kunlaringda bir meni esla!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2539 ret ko'rildi


  • Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң,
    Жүрдим излериңде пәрўанаң болып.
    Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан,
    Қалайық ҳәмийше бизлер дос болып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5393 ret ko'rildi


  • Muxabbatım

    Muxabbatım meniń men seni suyemin,
    Men onı bilemin sende meni suyesin,
    Qolıma alıp qalam tek sen jaylı ǵana jazam,
    Meniń maxabbatıma isen men seni baxıttı qılam.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 1688 ret ko'rildi


  • Сени соғиниб…

    Юрак сарҳадларининг энг олис нуқтасида,
    Армонлар макон қурган маҳзунликнинг пастида,
    Висол онлари кечган xотиралар қасдида,
    Соғиниб яшаяпман,сени жоним соғиниб…

      
    02-dekabr, 2015 jıl. 1983 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.