Сыр емес алдын дусласпаған адамымыз ҳаққындагы дәслепки пикирлер оның сыртқы көриниси яғный кийиниў усылына қарай отырып кәлиплеседи. Демек, қай жерде, қандай орталықта болмайық қалай кийиниў жөнинде ойлап көриўимиз зыян етпейди.
Сондай ўакытлар болады, жумыс излеймыз бырақ неден баслаў кереклигин билмеймиз. Резюмени қандай толтырыў, өзимизди қалай тутыў, сәўбетке не кийиу керек сыяқлы сораўлар астында қалып кетемиз.
Тәртипли, қолайлы кийиниў шырайлы кўриниске ийе болыўыңызға сонын менен бирге әтираптағылардың сизге болған мүнәсебетиниң жақсы болыўына себеп болады. Қаншелли талантлы, талапшаң кәнийге болмаң, сәўбетке көримсиз яки талғамсыз көринисте келсеңиз, жумыс бериўши менен байланыста кийиншиликларға жолығасыз. Биз билемиз, жумыс бериўши тәреп ушын тынық пикирлейтуғын, кәсибине болған жуўапкершиликти сезинетуғын кадрлар хәмийше зәрүр. Әлбетте, талабанның кәбилети толығы менен жүзеге шығыўы көп ўақытты талап етеди, лекин, жоқарыда айтып өткенимиздей дәслепки түсиник биринши ушырасыўдағы сырткы көринис арқалы сақланыўын умытпайық!
Айрым тараўлык мекеме, шөлкемлер өзине тән арнаўлы кийимлерди ислеп шыққан. Егер, сиз, банк тараўында ислемекши болсаңыз, оған салдамалы жумыс бабындағы кастюм, галстук ҳәм ақ көйлек кийген мақул. Жумысты гөззаллық салонларынан излесеңиз, жарқын ҳәм айрықша пишимдеги лыпасларды таңлаң. Бир яки бир неше тараўларды өзинде жәмлеген жумыс орынларыда ушырасады, сонда биз қандай көринисте болыў мәселесинде екиленемиз. Бундай жағдайда сол шөлкемге барып, усы жерде ислеўши жумысшылардың қандай кийиниўин гүзетиў усыныс етиледи. Жумыс бериўши ҳаял яки ер адамлығына да итибар бериў лазым. Сол себепли, апўайылыққа тыйкарланған ҳалда, мәселен, юбканы дизеден төменге, кофталардың салдамалы пишимде болғанлығына қарап сатып алыў мақсетке муўапық. Инсан имижиниң ажыралмас бөлеги бул – жағымлы ийислер. Көпшилик ҳаяллар арқасынан шлейф сыяқлы ерип жүретуғын ийислерди жақтырады. Лекин, сәўбетте түрли ийислерге ийе духилардан пайдаланбағанымыз мақул. Соның менен бирге, шаш түйдеги, макияж, маникюр да әпуайы көринисте, ең баслысы, табиий, азада ҳәм тәртипли болсын. Улыўма айтқанда, жумыс излеўшиниң сыртқы көриниси басқаларда жақсы пикирлерди оятыўы керек.
Мине, усы кеңеслерге әмел қылсақ, сиз бенен бизге барлық есиклер ашық. Билим, уқып ҳәм ҳәрекетшеңлигимизди жоқары талғам менен таңланған лыпасымыз бенен безейик!
Гүлжаҳан Сейтназарова таярлады.
Megaline.uz ушын арнаўлы.
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Шулық ҳаққында
Шулықты кийиўге де қандайда бир талғам керек. Шулық шалбардың реңине ямаса аяқ кийимниң реңине сәйкес таңланады. Ең баслысы – қара реңли...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....