Денсаўлығы жағынан имканияты шекленген инсанлардың әрманлар төрине қәншелли көмилип жасаўын көпшилик көз алдына келтире алмаса керек. Бундай адамлар өзин тез қолға алыўы, қыйыншылықларды жеңип өтиўи ушын ғайратлы болыў аңсат емес, әлбетте. Сондай ўақытлары кеселлик зардабына қарағанда руўхый езилиў адамды көбирек шаршатады. Әтирапымдағылардың қайғылы көзқарасы ҳәм ашынған келбетин көрип турыўдан аўыр азап болмаса керек.
“Балалар церебраль фалажи” деген кеселлик бар екенин бәлким көпшилик еситпеген шығар. Мен бул кеселлик әлемин жақсы билемен. Қаншелли қыйын болмасын, бундай тәғдирге бас ийип жасаў ушын гүресиў кереклигин аңлаўыма көп ўақыт керек болды. Мехрибан ата-анам, ҳәм де жақынларымның рухландырыўы маған ҳәр дайым күш бағышлап турды. Басқалар менен салыстырылғанымда мениң имканиятларым шеңбери бираз шекленген. Лекин сонда да көп нәрселерден артта қалмаўымма, гүресип ҳәм умтылып жасаўыма бәрҳама ҳәрекет қыламан.
Өткен жыллар даўамында бир нәрсени аңладым: кеселлик – бахытсызлық емес, бар жоғы шыдамның, төзимниң сынаўы екен. Бир күни “Қанша ҳәрекет қылсамда денемниң аўҳалын өзгерте алмайман, бирақ санам, қәлбим, ойымды басқарыў, рухиятымды бәрҳама кеўилли ҳәм көтериңки ҳалатта тутыўым мүмкин-ғо”, деп ойлап қалдым. Бул пикирден жүдә қуўанышлы болдым. Сол күнниң өзинде-ақ китап оқыўға киристим. Оқыўға кириў ушын таярлық көре басладым. Мийнетлерим бийкар кетпеди. 2008-жылы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының студентине айландым. Информатикаға болған қызығыўым бул тараўды жақсы үйрениўиме түртки болды. 2012-жылы оқыўымды табыслы тамамладым ҳәм жеке тәризде интернет сайтларын жаратыўға киристим. Бүгинги күнде бир неше сайтлардың авторыман.
Шаңарақта ата-анам, жақынларым мени өзлеринен де көбирек жақсы көреди. Мен олардан жүдә миннетдарман. Тек ғана бир нәрсе – ата-анам алдындағы перзентлик ўазыйпамды толық орынлай алмай атырғаным, олардың хызметинде бола алмай атырғаным. Олар қәлбиндеги мени менен байланыс, арзыў-нийетлерди әмелге асыра алмай атырғанымнан өкинемен...
Негизи, өмирге болған саламат бейимлесиў, үмит ҳәм исеним саламатлықтан да зәрүрлирек екен. Оқып үйрениўге, басқаларға қолдан келгенинше жақсылық қылыўға, кеўиллерди бәрҳама саў-саламат, ҳәм шын жүректен сақлаўға умтылыў тийкарғы мақсетимге айланды. Физикалық жақтан саламат болмасам да, ҳеш кимнен кем емеслигимди, руўхан ҳеш кимнен артта қалмағанлығымды сезип жасайман.
Шайыр Асқат Муҳтардың бир қосығында: «Қандай жақсы, ҳәмме ушын жасаў!» деген қатары бар. Сол бирғана қатар жүдә үлкен терең мәниске ийе. Өмир бизди ҳәр бир нәрседен ләззет алып жасаўға, тиришилик ушын гүресиўден ҳеш тоқтап қалмаўға жигерлендиреди.
Саламат АВЕЗОВ,
Балалығыннан II-топар майыбы.
Нөкис қаласы.
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....