Bul mobil menyu orni/ testing....


    Өзбекистанның ең қымбат футболшылары
    Өзбекистанның ең қымбат футболшылары

    Transfermarkt.com сайты Өзбекистанлық футболшылардың да баҳасын жәриялаған. Бул бойынша елимиздиң ТОП-12син нәзериңизге усынамыз. Себеби 12 футболшымыз 400 мың евродан жоқарырақ баҳаланған. Демек олардың дизимин көрип шықсақ.

    10-12. Аббос Маҳсталиев
    Командасы: “Пахтакор”
    Баҳаcы: 400 мың евро
    Жасы: 20

    Жас үмитли ярым қорғаўшы сайт ўәкиллери тәрепинен 400 мың евроға баҳаланған. Соңғы ўақытлары Маҳсталиевтиң ойынларында пәсейиў жүз берди. Аббос өз үстинде тынымсыз шуғылланып, сайланды команданың жетекшилери қатарынан орын ийелеген болса, оның баҳасыда бираз жоқарылады деген сөз.

    10-12. Вадим Офонин
    Командасы: «Газовик» (Россия)
    Баҳасы: 400 мың евро
    Жасы: 27

    Офонин 400 мың евроға баҳаланған. Вадим бүгинги күнде Россияның төменги дивизионы ўәкили “Газовик” қатарында ойнамақта. Оны жақын арада Россия Премьер Лигасында ҳәрекет етиўши қандайда бир команда да ойнаўына үмит етиў қыйын. Бирақ онда “Газовик” қатарында өзин көрсетип, сайланды командаға талабан болыў мүмкиншилиги бар.

    10-12. Артём Филипосян
    Командасы: “Локомотив”
    Баҳасы: 400 мың евро
    Жасы: 27

    Аталған сайт экспертлери Филипосянды да 400 мың евроға баҳалаған. Артёмның қорғаўшы екенлигин есапқа алсақ, оған берилген баҳа жоқары.

    8-9. Жамшид Искандаров
    Командасы: “Пахтакор”
    Баҳасы: 500 мың евро
    Жасы: 21

    “Пахтакор”дың жас ҳәм үмитли ярым қорғаўшысы Искендеров 500 мың евроға баҳаланған. Улыўма алғанда бул Жамшид ушын шегара емес ҳәм ол жақын келешекте 5-6 млн.евроға баҳаланыўы мүмкин. Буның ушын әлбетте футболшы өз үстинде тынымсыз шуғылланыўы лазым.

    8-9. Азиз Ҳайдаров
    Командасы: “Ал-Шабаб” (БАӘ)
    Баҳасы: 500 мың евро
    Жасы: 29

    Ҳайдаров бир неше жыллардан берли БАӘ чемпионатында исенимли тәризде топ теппекте. Азизде өз ўақтында Европа командаларында топ тебиў имканияты бар еди. Солай болса да ол Азия футболында өз орнын таба алды. Оның 29 жаста екенлигин есапқа алсақ, бул баҳа Ҳайдаров ушын жаман көрсеткиш емес.

    6-7. Николай Марков
    Командасы: “Краснодар” (Россия)
    Баҳасы: 800 мың евро
    Жасы: 29

    Марков 800 мың.евроға баҳаланған. Оның жоқары баҳаланыўына “Краснодар”дағы әжайып ойыны себеп болды.

    6-7. Александр Гейнрих
    Командасы: “Локомотив”
    Баҳасы: 800 мың евро
    Жасы: 30

    30 жасар Гейнрих ушын 800 мың евро төлейтуғын команда табылмаса керек. Бирақ сайт ўәкиллери оған сондай баҳа берген. Бирақ әттең ол Саша сайланды командасындағы өз орнын жоғалтты ҳәм ендигиден былай оның баҳасы төменлеў итималлығы жоқары.

    5. Санжар Турсунов
    Командасы: “Ворскла” (Украина)
    Баҳасы: 900 мың евро
    Жасы: 28

    Турсунов бир неше жыллардан берли Россия ҳәм Украина чемпионатларында салыстырмалы түрде жақсы топ теппекте. Сонлықтан Санжар 900 мың евроға баҳаланған. Турсунов Азия кубогында өзин көрсете алса, миллионлық финишти де бағындырыўы мүмкин.

    4. Игнатий Нестеров
    Командасы: “Локомотив”
    Баҳасы: 1 млн.евро
    Жасы: 31

    Нестеров бүгинги күнде ең күшли дәрўазашы беслигине киреди. Игнатий 10 жылдан аслам ўақыт даўамында сайланды команданың тийкарғы дәрўазашысы. Сонлықтан оған 1 млн.евролық баҳа белгиленген. 31 жаслы дәрўазашы ушын бул жақсы баҳа.

    3. Сервер Жепаров
    Командасы: “Сеонгнам” (Қубла Корея)
    Баҳасы: 1,3 млн.евро
    Жасы: 31

    Азияның 2 мәрте ең жақсы футболшысы 1,3 млн.евроға баҳаланған. Соңғы 2-3 жылда Сервердиң ойынлары бираз төменледи. Жепаровтың баҳасы ҳәтте 4-5 млн.евроға да көтерилген еди.

    2. Виталий Денисов
    Командасы: “Локомотив” (Россия)
    Баҳасы: 5 млн.евро
    Жасы: 27

    “Локомотив”тиң жетекшилерине айланған Денисов 5 млн.евроға баҳаланған ҳәм бул реал баҳа. Себеби Испанияның “Виляреал” командасы Витя ушын 5 млн. усынғаны ҳаққында информациялар тарқалған еди. Денисов ОК-2015 те әжайып ойынларды көрсете алса, оны күшли беслик командалары қатарында көрсек ҳайран қалмаймыз.

    1. Одил Аҳмедов
    Командасы: “Краснодар” (Россия)
    Баҳасы: 6 млн.евро
    Жасы: 27

    Өзбекистанның ең қымбат футболшысы. Әдил соңғы төрт жыл ишинде Россия чемпионатының ең күшли футболшылары қатарында. Оған ҳәтте “Арсенал”да қызығып атырғанлығы ҳаққында хабарлар тарқалды. Азия кубогы Ахмедов ушын күшли беслик чемпионатларына өтиў ушын соңғы имканият болыўы мүмкин. Үмит етемиз, ярым қорғаўшы Австралияда жарқын ойынлары менен жәнеде күшли командалардың итибарын өзине қаратады.

    Жоқарыдағы баҳалар ойыншылардың соңғы 2-3 жылдағы ҳәрекетлерине тийкарланып белгиленген болса керек. Айтпақшы күшли жигирмалықтан орын алған футболшылар төмендегилер: Ислом Иномов, Илҳом Суюнов, Ислом Тўхтахўжаев, Баҳодир Насимов, Лутфулла Тўраев, Егор Кримец, Акмал Шорахмедов ва Диёр Туропов. Булар сайт дөретиўшилери тәрепинен 350 мың.евродан баҳаланған.


    Фурқат Юсупов
    Дерек көзи: www.furkat.uz

    Sport bo'limi | 10-yanvar, 2015 jıl
    Bul bet 1989 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып, Жер жүзине нурлы шуғласын жайып, Өмирим бир күнге барар қысқарып, Сонда да күтемиз таңды асығып....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Дард … (Суриялик гўдак ҳақида)

    Ерни суйиб ётган юзингдан сенинг,
    Қисматинг бағримни ёқди, болажон.
    Баxтни кўролмаган кўзингда сенинг,
    У малъун кимсалар йўқ бўлар қачон?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1772 ret ko'rildi


  • İshki debdiw

    “O’tsem eken qay jerinen bul qumnın’?
    Barsam” – degen, “qaysı turg’an iz benen?”.
    Tamshısıman ag’ıp turg’an Jayhunnın’,
    Ten’izge barıwg’a soqpaq izlegen.

      
    07-sentyabr, 2015 jıl. 2498 ret ko'rildi


  • Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер,
    Күш-қуўатқа толар билеклер,
    Қуўаныштан болып дереклер,
    Бәҳәр менен келеди Наўрыз.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2117 ret ko'rildi


  • Qıs kartinası

    Uzaq jolg’a sapar shekti gu’z,
    Japırag’ın alıp shaqadan,
    Bosap qaldı ken’ sahrayı du’z,
    Tu’sip shımrı, ayaz qahaman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4311 ret ko'rildi


  • Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў,
    Жүреклердиң тарын шертеди,
    Нама шалған,соңғы қоңыраў,
    Ойларымды алып кетеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3462 ret ko'rildi


  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5019 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Bir seni sevarman so’zimga ishon!

    Seni o’ylab uyg’ondim har tong
    Aqlimga quloq solmas yuragim bejon
    Seni deya yasharman har laxza har on
    Bir seni sevarman so’zimga ishon.

      
    12-mart, 2013 jıl. 3201 ret ko'rildi


  • Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң?
    Жубың қайда қарлығаш,
    Жуп болып келер едиңиз,
    Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1789 ret ko'rildi


  • Kewil nalası

    Ju’rekti dag’ladın’, qıynadın’ jandı,
    Nege o’zligin’e qayta almadın’,
    Kewil jalg’anın’a toyındı qandı,
    Jigit bolıp bir so’zin’de qalmadın’.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2021 ret ko'rildi


  • Сулыў қызлар

    Күнде көшемизден өтер көп қызлар,
    Ҳәр қыз өткен сайын жүрегим музлар,
    Қасларын қағады наз етип бираз,
    Қабақларын үйселер денемиз музлар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2400 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.