Информация әсиринде көпшилик күнделикли турмыста компьютердиң алдында отырады. Кейинги репродуктив изертлеўлердиң нәтийжеси бойынша бир жерде отыра бериў (столда) адам денсаўлығына зыян екен. Ал нидерландиялық IKEA компаниясы бул машқаланың шешимин табыў ушын жаңа стол ислеп шығарды.
Жоба авторларының әмелге асырған идеясы жүдә әпиўайы. Яғный бул столда ҳәм отырып, ҳәм турып жумыс ислеўге имканият жаратылған. Ал оны қалай қолланыўға болады? IKEA компаниясы әпиўайы жумыс столына көтерип ямаса түсириўге арналған автомат қурылма орнатқан.
Бар жоғы еки кнопка (түйме) арқалы кеңсе хызметкери өз қәлеўинше жумыс столын қолайластыра алады. Егер тутыныўшы отырып шаршаса, өз жумысын турып даўам еттире береди. Бул бүгинги күндеги монитор алдында көп отыратын қәниге ийесиниң денсаўлығын жақсылаўға бағдарланған дәслепки жоба.
Стол Bekant Ergonomi деген атқа ийе болды. Ҳәзирше бул стол IKEA компаниясының Европадағы рәсмий дүкандарында сатыўға шықты. Бир неше моделде шығатуғын Bekant Ergonomi столларының үлгиси 490 АҚШ долларға баҳаланған.
Еслетип өтемиз, бул компания усыған шекем де усы идея дөгерегинде жазыў столларын ислеп шығарған.
дерек көзи: article.wn.com
3D камерасына ийе планшет
Dell компаниясы 3D камерасы бар жаңа Venue 8 700 деп аталған Android ОС да ислейтуғын планшет ислеп шығарды. Бул ҳаққында компанияның рәсмий сайты хабарлады....
LG компаниясы эмоционал смартфон ислеп шығарады
Бизге белгили LG – жүдә қурамалы аппаратларды өндириўши үлкен компания. Қубла кореялық LG компаниясы World IT Show 2014 көргизбесинде жаңа АКА смартфонын презентация...
Windows 9 операцион системасы мултидесктоп режиминде жумыс ислейди
Microsoft админстрациясы алдын хабар бергениндей, усы айдың соңында Windows-тың жаңа бағдарламалық версиясын көпшилик нәзерине көрсетеди. Сол ўақыт...
Шынығыў залының қағыйдаларын билесиз бе?
Стандарт шынығыў залларының тийкарғы бес қағыйдасы бар. Қағыйдалар әпиўайы болса да, келиўшилердиң қатарында бул қағыйдаларға әмел...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....