Ҳоўард мектептен бос ўақытлары үйме-үй жүрип, зат сататуғын пақыр бала еди. Бир күни есикпе-есик көп жүрген болса да, ҳеш нәрсе сата алмады. Қатты аш болып, ҳалдан тайды. Қалтасындағы он цент ҳеш нәрсеге жетпес еди.
Ақыры нәўбеттеги үйден жеў ушын бир нәрсе сорамақшы болды. Бирақ есикти жас қыз ашқаны ушын уялып, тек суў сораўға ғана күши жетти. Қыз оның аш болғанын билип, суў орнына бир кесе сүт алып шықты. Ҳоўард сүтти асықпай, уртлап-уртлап ишти, соң:
– Қанша болады? – деп сорады.
Қыз:
– Ҳеш нәрсе керек емес. Анам қылған жақсылығыңа пул алма, деп үйреткен, – деп жуўап берди.
Бала:
– Шын кеўилден рахмет айтаман, – деди ҳәм кетти.
Жыллар өтти. Хоўард дәслеп орта мектепти, соң лицейди, ал кейин университетти тамамлады. Жыллар өте берди.
Бир күни Жон Ҳопкинс университети медицина факультети онкология бөлимине аўҳалы аўыр наўқасты алып келди. Қаҳарманымыз Ҳоўард Келли усы белгили медициналық оқыў орнының шөлкемлестириўшилеринен бири еди. Басқа емлеўханадағы врачлар бийтапқа дурыс диагноз қоя алмағанын айтты.
Доктор Келли наўқастың мағлыўматларын көзден өткере отырып, оның қаерден келгенин билип, есине балалығы өткен көшелер, аўыр өтмиши жанланды. Палатаға кирип, наўқасты бир көриўден-ақ таныды. Бул ҳаял көп жыллар алдын оған суў орнына сүт берген сол қыз еди.
Келли бар илим-тәжирийбесин иске салып, наўқасты емлеўге киристи. Ақыры, Аллаҳ шыпа берди, ҳаял аўыр кеселликтен қутылды. Наўқасқа жуўап берилетуғын болды. Ҳаялдың емлеў қәрежетлери есап-санақ қылынған қағаз басшыға – Ҳоўард Келли алдына алып келинди. Есап қағазды көрген доктор оған бир нәрселер жазды ҳәм қағазды ҳаял жатырған палатаға жиберди. Ҳаял оны қорқып-қорқып оқыды. Бундай емлениў қымбат туратуғынын жақсы билетуғын еди. Мойныма үлкен қарыз илинди, деп ойлады ол.
Қағазға растан да он мыңлап долларлық хызмет көрсетилген, бирақ ең астына доктор Келлидиң имзасы менен бир қатар гәп жазып қойылған еди:
«Қәрежетлер бир кесе сүт пенен төлеп қойылған».
Қарақалпақ тилине аўдармалаған:
Шарап Сағыйдуллаев.
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Таң
Мине атты тағы бир таң әжайып, Жер жүзине нурлы шуғласын жайып, Өмирим бир күнге барар қысқарып, Сонда да күтемиз таңды асығып....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Имтихан
Анам айтты: -«Журналисттиң, Наны жуқа, айдай қызым, Басын усла басқа истиң, Мен айтаман билип сөзим....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....