1. Сизге уялатуғындай сораў берди. Биринши нәўбетте не қыласыз?
А) өтирик айтаман
Ә) жуўап бермеймен
Б) ҳәммесин ҳәзилге айландыраман
В) теманы алмастырып жиберемен
Г) дурыс жуўап беремен
2. Сабаққа уйықлап қалғаныңыз ушын кешигип бардыңыз. Муғаллимниң алдында қалай ақланасыз?
А) будильник даўысын еситпегенимди айтаман
Ә) жолда көп турып қалғанымды айтаман
Б) азғантай кешиккенимди айтаман
В) шаңарағыма ямаса үкелериме байланыслы жағдайларды ойлап табаман
Г) өтириктиң барлығын сол ўақытта шөлкемлестиремен
3. Усы тестке жуўап берип атырған ўақтыңызда қолларыңыз қандай ис-ҳәрекет қозғалыста болып атыр?
А) ўақыт өткен сайын қолларым ерниме, бетиме тийип атыр
Ә) мурнымның үстине тийип атыр
Б) әйтеўир қозғалып тур
В) бир-бириниң үстинде
Г) бир нәрсени шуқлап тур
4. Өтирик ҳаққында не дейсиз..
А) олсыз турмысымызды көз алдымызға келтириў қыйын
Ә) көп жағдайда пайдасы тийеди
Б) өзиңди қутқарыў ушын өтирик айтыўға болады
В) түбинде өтирик әшкара болады
Г) ҳақыйқатлық пенен өтирикти пайдаланатуғын ҳалатларды билсек болды
5. Сизиң өтирик айтып турғаныңызды биреў билип қойса…
А) буның өтирик екенин айтып, тағы бираз алдайман
Ә) не себепли өтирик айтқанымды түсиндиремен
Б) күлемен
В) менде не жумысы бар екенин айтып, ашыўланаман
Г) урысаман (бақыраман)
6. Ҳешкимге, ҳеш нәрсеге қарамастан расын айтатуғын адамлар дегенимиз кимлер?
А) уялатуғындай ҳәрекетлер ислемеген адамлар
Ә) өзгелердиң кеўлине қарамайтуғын, бәрқулла ҳақыйқатлықты айтатуғын адамлар
Б) мәрт адамлар
В) өзине исенетуғын адамлар
Г) ҳадал адамлар
Жуўап баллы
1-сораў: А=13, Ә=5, Б=4, В=2, Г=1
2-сораў: А=25, Ә=3, Б=1, В=4, Г=2
3-сораў: А=31, Ә=2, Б=4, В=5, Г=3
4-сораў: А=42, Ә=3, Б=5, В=1, Г=3
5-сораў: А=71, Ә=5, Б=3, В=4, Г=2
6-сораў: А= 5, Ә=2, Б=3, В=4, Г=1
ЖУЎАБЫН ТЕКСЕРИЎ
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....