Бир-биреўди ермек қылыў дегенбе,
Кеўилим усы сырды билиўди қошлар,
Сүйиў деген қушақласып жүриўме,
Әўел айта баслар күйдим сүйдим деп,
Көмипте таслайды жалған ўәдеге,
Үстиңнен мысқыллап,жүрер күлимлеп,
Билседе жол қояр шексиз қәтеге.
Ашық-ашык кийинип,қолда сигарет.
Ҳәр терек түбинде турар жуп-жуптан,
Мениңше уяты болмаса керкек,
Болмаса тартынар едиғой журттан.
Бағда, парклерде жүрер айланып,
Тартынбас ҳеш бири сирә өзгеден,
Сезимлер қайда?-деп қалдым ойланып,
Ашынарлы ҳал екен сырттан гүзетсең.
Ғәриптиң Шаҳсәнемге болған туйғысы,
Сулыў тәрипленген еди дәстанда,
Ал бүгинги базы жаслар турмысы.
Кеўиллери аспанда.өзи пасманда.
Мухаббат усы болса сүймегеймен ҳеш,
Сезимлерден жырақ жүрген жақсырақ,
Бахтым өзиң жол басла,жаман ойдан кеш
Жолларымды жарытар болғыл шамшырақ.
Кешириңлер досларым алжасқан болсам,
Текте жалған ўәделер қыйнайды мени,
Қәне енди мухаббатқа айланып қалсам,
Шын сүйиўге баслар едим бәршени.
Гөззал Ибраймова.
Достыма жуўап
Дос деўгеде енди бармайды тилим, От болып өртенди бүгин кеўилим, Жигит пенен қызлар дос бола алмас Жақсы қалың, достым сөнди үмитим....
Мухаббат дәрти
Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....