Театр сахнасында, кино ҳәм телевизион экранда жаратқан түрли образлары арқалы көплеген ықласбентлериниң кеўлинен орын алған, өзбек көркем өнери тараўында өз орнына ийе Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Саида Раметова ҳаққында сөз етемиз. Елимиздиң атақлы ҳәм уқыплы актрисасы Саида Раметова кино телевидение ҳәм театрдың жарқын айнасы болып табылады. Актриса Саида Раметова тек өз рөллери менен ғана емес, ал өз өмири, шаңарағы менен де халықтың кеўлинен орын алған.
Оны тамашагөйлер Өзбекстандағы “ең атақлы қайын ене” ретинде қәдирлейди. Актриса 1957 жылы 21 сентябр күни Самарқанд қаласында туўылған. Жаслығынан театрға болған қызығыўшылығы оны бул тараўға жетелейди. Мектеп сахналарында киши рөллерди атқарып шығады ҳәм өз үстинде тынбай изленеди, мийнет етеди. 1976 жылы Театр ҳәм сүўретлеў, яғный ҳәзирги Көркем өнер ҳәм Мәденият институтына оқыўға кирип, билимлерин жәнеде беккемлейди. 1980 жылда оқыўын тамамлап, Аброр Ҳидоятов атындағы, ҳәзирги Өзбек Мәмлекетлик драма театрына жумысқа киреди. 1995 жылға шекем театрда көплеген рөллерди ойнайды.
1995 жылдың орталарында Өзбек Миллий Академик драма театрында өз искерлигин даўам еттиреди. Актриса бүгинги күнге шекем усы театрда искерлик алып бармақта. Күйеўи актёр Жумадилла Раметов Өзбек Мәмлекетлик драма театрында актёр. Үлкен улы Улуғбек економист, келини Чоҳиста шебер дизайнер. Еки ақлығы бар. Улы Улуғбек бүгинги күнде “Саида истеъдод” фирмасының баслығы. Киши улы Азиз қосықшы ҳәм режиссёр.
С. Раметованың дәслепки тамашагөйлер кеўлинен орын алған рөли, 1980 жылы Исфандиёрдиң “Атасының қызы” спектаклиндеги Наргиза рөли.
Ҳәзирги ўақытта оның жаратқан көпшилик образларындағы қайын ене рөллери бир-бирине уқсаса да, актриса оларды үлкен шеберлик пенен орынланғанлығы сезиледи. Жаратқан образларында характерлерди өзгертиў, жаңаша тәреплерди табыў ҳәм жаңалық жаратыўға ҳәрекет етеди. Мысалы, режиссёр Жавлон Чодмоновтың “Қудамды көрмедиңизбе” фильминде қайын ене рөлин актриса басқа рөллеринен түпкиликли басқаша орынлаўға ҳәрекет қылды. Улыўма, барлық рөллеринен жаңалық ушыратыўымыз мүмкин. Сонлықтан да, барлық режиссёрлар, тамашагөйлер Саида Раметованың ойнаған рөллерин мақул көреди. Жавлон Чодмоновтың “Супер қайын ене” фильминде Қайын ене образын екран ҳәм сахналық версияларын шеберлик пенен орынлаған. Өзбек сахнасында Зайнаб Садриева қайын ене образы арқалы биринши орында турса, Саида Раметова екинши орынды ийелей алған десек қәтелеспеймиз.
Ол тек қайын ене рөллерин ғана емес, ал өзбек ҳаяллары тымсалын орынлаған дөретиўши. Оның кино әлемине қосқан үлеси айрықша, атап өтсек, 1995 жыл “Бомба”, 1998 жылда “Жалғыз Ёдгор”, 1999 жылы “Алпамыс”, 2004 жыл “Сәрбиназ”, 2005 жылы “Бахыт ушын миллион”, 2006 жылда “Сен мени сүйесеңбе?” 2008 жылы “Супер келиншек”, 2009 жылы “Зирапча”, “Пойма-пой”, 2010 жылда “Мажруҳ”, “Ушар қыз”, 2011 жылы “Осий банда”, 2012 жыл “Дүнья”, “Перзентим 1”, “Перзентим 2”, “Ақыбет” сыяқлы фильмлерде шеберлик пенен рөл ойнаған. Оның өзбек сериалларындағы қатнасында атап өтиў орынлы. Олардан, “Аталар сөзи, ақылдың көзи” көрсетиўи, “Қирқ тоғоранинг қирқ ноғораси”, “Турмыс соқпақларында” сыяқлы сериаллар мысал бола алады. Оның театр сахналарында “Паранжи сырлары”, “Андишали келинчак”, “Онанг ойлансин болам”, “Қирмизи олма”, “Бир қадам йўл”, “Фариданинг дил дафтари” сыяқлы спетакллерде атқарған рөллери дөретиўшилигин және бир дәреже жоқарыға шығарған.
Саида Раметова көркем өнерге болған мийнети ушын Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист атағы менен сыйлықланған.
Баспа сөз материаллары тийкарында таярланды.
Сүўрет: “Қудажанлар” фильминен.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...