“Китап – байлық. Лекин сатып алынғаны емес, оқылғаны.” А. Муқтар
Инсан өзиниң руўхый ҳәм пикирлеў дүньясын байытып бармаса тынып қалған сайға мегзейди. Пикирлеў қәбилийетимиздиң жоқарылаўында болса, китаплардың тутқан орны гиреўли. Китап – барлық билимлердиң гилти саналады. Оның пайда болыўы бәрше халықлар ушын үлкен жаңалық ҳәм таўсылмастай байлық бола алады. Китапты инсан кеўлин жақтыртыўшы зия, кәмилликке жетелеўши кәрўан басы десек қәтелеспеймиз. Оны өзимизге садық дос ҳәм жақсы жолдас деп билиўимиз унамлы нәтийжелерге ерисиўимзге түртки болады. Әсиресе, балалықтан китап пенен егиз өскенлердиң тәғдири өзгеше кешеди. Өйткени, китап – инсанды жақсылыққа ҳәм жақсы ислердиң басламашысы болыўға бағдарлаўшы баслы дерек есапланады.
Оның әҳмийети ҳәм қәдирин балалар санасына сиңдириўден баслаў мақсетке муўапық. Себеби, баланың кеўлиндей пәкликти, санасындай тынықлықты ҳеш бир нәрседе көрип болмайды. Ол мисли бир жазылмаған ақ қағаз. Китап сонындай қүдиретке ийе сыйқырлы тилсим, ол бала қәлбинде ўатанға мухаббат сезими ҳәм ең ағла инсаныйлық пазыйлетлердиң терең тамыр жайып, гүллеп өсиўине имкан жаратады. Сонлықтанда, дүньяның көп ғана еллеринде 2- апрел “Халық аралық балалар китаплары күни”сыпатында белгиленеди.
1967 жыл Халықаралық балалар китаплары Кеңеси усы сәнени Халық аралық балалар китаплары күни деп жәриялайды. Бул сәне тосынан таңланған емес, себеби, усы күни пүткил жәҳән балаларының сүйикли ертекшиси Г. Х. Андерсон дүньяға келген. Халық аралық балалар китаплары күниниң жәҳән көлеминде жоқары итибар менен өткерилиўи келешек әўлад тәрбиясында китаплардың орнының қай дәрежеде екенлигин береди.
Әлбетте, бүгин заманагөй технологиялар турмысымызға жедел кирип киятырған бир дәўирде китапларға болған талап төменледи, - деген пикирлерди көп еситемиз. Лекин, бул дегени китапқа итибар төменледи яки оның кереги жоқ деген жуўмаққа келиўимизге тийкар болалмайды. Ҳеш бир дәўирде китап өз қунын жойытпаған ҳәм еле қанша әсирлер ара инсаният руўхыйлығының раўажланыўына үлес қосады.
Дурыс, ҳеш биримиз өмиримизди компьютер ҳәм басқада заманагөй байланыс қуралларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Соның менен бирге, интернеттиң имканиятларынан пайдаланбайтуғынларды да ушыратыў қыйын. Китапты излеп, жүк қылып алып жүргеннен санаўлы минутларда интернеттен алғанымыз қолай емес пе? деген пикирлерди де ушыратамыз. Деген менен мийнет етип излеўдиң, бетлеп оқыўын ҳәм ҳәр дайым жаныңда алып жүриўдиң заўқы өзгеше. Бүгинги күнде мәмлекетимизде балалар китапларының мазмунына ҳәм сапасына талап күшеймекте. Тек китапханлар емес, ал интернет әлеминдеги китап сайтларыныңда әдебиятлар менен тәмийинлеў дәрежеси жоқарыламақта. Ең дәслеп шаңарақта ата-ана китаптың әҳмийетин терең уғыўы ҳәм балаларына китаплар сатып әперип, оқыған китаплары жөнинде сәўбетлесиўи лазым. “Баланың қолына илинген китап-дәптерге көп нәрсе байланыслы. Жасыңа, қәбилетиңе қарап таңланған китап, бала ушын бир өмир уллы әдебият болып қалады” – Қарақалпақстан халық жазыўшысы Оразбай Әбдирахмановтың билдирген жоқарыдағы пикирлериненде буны аңлаўымызға болады.
Балалар – өмир гүли ҳәм соның менен бирге, миллет даўамшылары. Китаплар болса, оларды алға баслаўшы ҳәм көклерге көтериўши жақсылық тымсалы. “Дүньядағы барлық китаплардың мазмунында төмендеги пикирлер болады: бириншиси – жақынларыңа жақсылық қыл, екиншиси – жақынларыңа жаманлық қылма!”. Ҳақыйқатында да, жақсылыққа бағдарланған ҳәр қандай тәрбия баланы уллы мақсетлер менен нурлы келешекке жеткерери анық. Балалардың китапқа болған меҳрин жәнеде асырыў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамызға айланыўы зәрүр.
Сейтназарова Гүлжәҳән
ҚМУниң Журналистка тәлим бағдары 3-курс студенти.
Сүўрет: polyova.com
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....