14 март күни Ургениш қаласында «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» аймақлық ярмаркасы болып өтти. Бул ярмаркада сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасында жаратылған инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарларда көпшилик нәзерине усынылды.
Иләжди ўәлаят ҳәкими Полат Бобожонов ашып берди, соң Пән ҳәм технологияларды раўажландырыўды муўапықластырыў комитети баслығының орынбасары О. Парпиев сөзге шығып, ол өз сөзинде ярмарка қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Көргизбеге жергиликли шийкизат тийкарында жаңа өнимлерди ислеп шығарыў, энергия ресурс үнемли технологиялар қуяш ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклери, имаратларды локал ысытыў ҳәм жарық бериў системалары, Информациялық технологиялар, пахта тазалаў техникалары, санаат ҳәм халықтың турар жайлары ушын қурылыс материялларын ислеп шығарыў, өсимликлерди шыбынлардан қорғаў системасы ҳ.т. басқалар көпшилик нәзерине усынылды.
Туремуратов Шәрибай ҳәм Аимбетов Иззет Өзбекстан Пәнлер академиясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими алымлары. Олар тәрепинен жергиликли шийкизатлар минерал төгин ислеп шығарыў, қурылыс материялларына байланыслы 20лаған жаңа идея ҳәм исленбелерди көпшилик нәзерине усынды. Әсиресе Қарақалпақстанның шийки затлары тийкарында алынған силикат гербиш басқа уқсас өнимлерге қарағанда арзанлығы, беккемлиги ҳәм таярлағанда газ үнемлениўи менен ажыралып турады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң илимий ислер бойынша проректоры, профессор Марат Тагаев ҳәм 2 курс магистранты Сабиров Даўлетназар – бул ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы шараятында топинамбур ҳәм боян тамыр өсимлигин жетилистириў агротехникасын көпшилик нәзерине усынды.
Отарбаев Даўран – жас өнермет уста. Ол Кегейли қурылыс кәсип-өнер колледжиниң 1 курс оқыўшысы. Бул ярмаркаға өзи тәрепинен ағаштан исленген саз әсбаплары менен қатнаспақта. Оның бул тараўға қызығыўына түртки болған бирден-бир адам әкеси Наўрызбай Утарбаев яғный оның биринши устазы. – Келешекте саз әсбапларына жаңа безеклер берип ислеп шығыў нийетим бар дейди жас өнермент уста Отарбаев Даўран.
Даўран менен биргеликте жас өнермент уста Отарбаев Бахрам бул ярмаркаға саз әсбаплары менен қатнаспақта. Бахрам өткен жылдың июль айында Ташкент қаласында өткерилген «Мениң бизнес жобам» таңлаўында биринши орынды алып, 5 миллион сўм жеңиллетилген кредит алыўға миясар болды.
Далибаева Наргиза ол – жас өнермент. Наргиза қарақалпақ миллий нағыслары тийкарында миилий сўмкалар, тақыялар, көйлеклерди, мобил байланыс қурылмаларына арналған қалташалар ислеп шыққан.
Халилов Равшанжон ол - Ташкент Өсимлик затлар химиясы институтының илимий хызметкерлери. Ол тәрепинен 20 дан аслам дәри ислеп шығылған. Өзиниң жумысларының бесеўин бүгинги күнде патентлестирген.
Самандарова Барно ол – шебер өнермент. Бул ярмаркаға Беруний районынан келген. Барно усы жылдың 9-12 март аралығында Бухара ўәлаятында өткерилген өнерметлердиң мастер класында тәжирийбе алмасып келген.
Садуллаев Нодир ҳәм Отажанов Қувондиқ олар – жас бағдарламашылар. Бул еки студент Ташкент инфомациялық технологиялары университетиниң Ургениш филиалында оқыйды. Олар программаластырыўды үйретиўши algo.urgench-tuit.uz сайтын көпшилик нәзерине усынбақта.
Бобоев Завидулла – Ургениш мәмлекетлик университетиниң химия-технология факультети оқытыўшысы. Ол Янгарик районындағы квартс қумларды байытып, шиша өнимлерин алыўдың жаңа технологияларын ислеп шығып, шиша өнимлерин ислеп шығарыў ушын мәмлекет тәрепинен 60 млн. муғдарда грант ажыратылған.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан Садатдинов Улуғбек – пахтаның ашылыўын тезлестириўдиң жаңа методы жойбары менен көпшиликти таныстырмақта.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалынан Мадреймова Дилфуза ҳәм Юсупов Рысназар – қаўын шыбыны қурты ҳәм оны услаўшы үскене жәрдеминде жоқ етиўге арналған жойбары менен қатнаспақта. Жойбар авторы Төрениязов Елмурат.
Өзбекстан Республикасы Пәнлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминен Алланиязов Даўран – химия лабораториясы минерал төгинлер топары тәрепинен исленген жергиликли минерал төгинлерди көпшилик нәзерине усынбақта.
ҚМУ оқытыўшысы Қудайбергенов Қабыл өзи жаратқан «Студентлердиң рейтинг бақлаў системасы» менен таныстырды.
ТИТУ Нөкис филиалы студентлери Калмуратов Б, Тажибаев Казбек, Примбетов Азамат – өзлериниң ҳәм филиал профессор оқытыўшылары тәрепинен исленген веб ҳәм бағдарламалық исленбелерди көпшилик нәзерине усынды.
Өз гезегинде ярмарка қатнасыўшыларының кейинги жумысларында табыслар тилеймиз.
Авторы: Калмуратов Б.
Megaline.uz , Үргениш қ.
«Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» айма ...
Усы жылдың 13 март күни Нөкис қаласында «Инновациялық идеялар, технологиялар, ҳәм жойбарлар» аймақлық ярмаркасы болып өтти. Ярмаркада жоқары оқыў орынлары...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....