Инсанның характерин қәтесиз анықлап алыў ушын, әлбетте, үлкен тәжирийбе керек болады. Егер сиз белгили бир инсан ҳаққында билгиңиз келсе, оннан еки бет қағазға қандай да бир нәрсе жазып бериўин сораң. Графологлар инсанның характерин анықлаў ушын еки беттен кем болмаған жазыўлар керек екенлигин айтып өткен. Себеби, биринши бетте инсанлар тәбийий көринисте жазып береди. Бунда дәслеп текстте не ҳаққында жазылғанына дыққат қаратың.
Аўыр басық, алдына анық бир мақсет қойып, соған қарай ҳәрекет етиўши инсанлар жазыў ушын ең дәслеп таза қағаз алады екен.
Жақсы, күшли ҳәм пысық, дурыс пикирлеўши инсанлардың қол таңбасында ҳәриплери домалақ, тик көринисте яки болмаса оң тәрепке бираз қыйсайған көринисте болыўы да мүмкин.
Оптимист ҳәм ҳәзилкеш инсанлардың қол таңбасы жазыўдың кейнине қарай жоқары көтерилип кеткен болады. Бундай инсанлар орталыққа тез бейимлесиўшең болып келеди. Егер, бул тексттиң алдында анық емес, оқып болмайтуғын дәрежедеги ҳәриплер менен жазылған болса, яғный ҳәриплери бир-бирине тең емес, биреўи үлкен, биреўи кишкене болса, ондай инсанлар менен абайлап қатнаста болың. Егер жазып баратырғанда жазыўы төменге түссе, бундай қол таңба ийелери писсимист болады.
Ал, егер ҳәриплери бир тәрепке қыйсайған болса, ондай инсанлар өзгериўшең болады.
Абайлап ҳәрекет етиўши, жүдә итибарлы, майда, ҳәмме нәрсеге гүман менен қараўшы инсанлардың қол таңбасы төменге бир тәрепке жыйналған көринисте болады. Егер ҳәриплери онша үлкен емес, олардың аралықлары онша узақ болмаса бундай инсанлар қызғаншақ, ҳәр исте есапласып жүреди. Олар өзине дыққат қаратпаўға ҳәрекет етеди.
Бир-бирине қосылмаған, майда, таза, анық қол таңба сулыў болады. Бундай қол таңба ийелери кек сақлаўшы, иши қара, әтираптағыларға жудә қаттықол ҳәм ҳәрдайым ҳәммеден наразы болып жүреди.
Ҳәриплери оң тәрепке қарай бираз қыйсайған көринисте болса, ондай инсанлар әтираптағылар менен дослық мүңәсибетте болады. Усы көринисте жазатуғын инсанлар өзлериниң сезимлерин басқара алады. Әтираптағы инсанлар менен татыўлықта жасайды. Адамлар менен шын кеўилден сәўбетлеседи. Бирак, бундай инсанлардың да кемшиликлери бар. Олар жүдә кек сақлайды. Тез-тез әтираптағы инсанларының кеўлин қалдырады.
Ҳәриплери оң тәрепке көбирек қысайған көрнисте жазатуғын инсанлар өзериниң сезимлерин әтираптағыларға билдиреди.
Егер ҳәриплери шеп тәрепке қарай қыйсайған болса, ондай инсанлардың эмоциясын ақыл басқарады. Олар өзлерин көрсетиўди жақсы көреди. Ҳәрқандай ўақыя ҳәм адамлардың арасында тийкарғы орында турғанды унатады. Басқалардың итибар қаратыўы олар ушын жүдә әҳмийетке ийе.
Егер ҳәриплер қыйсаймай, тик көринисте болса, ондай инсанлар күшли характерге ийе болады. Олар өмирден не қәлейтуынын биледи ҳәм көбинесе олардан лидерлер шығады. Тик көринистеги қол таңбалы инсанлар ақылы ҳәм жүреги ўақыяларды тең баҳалайды.
Домалақ көринистеги ҳәриплер менен жазатуғын инсанлар жумыс ислеўден шаршамайтуғын болады. Жәмәәтлик жумысларды жақсы көреди.
Ҳәриплери азғана қысылған болса, ондай инсанлар сезимлерге берилиўшең болады, ал, егер ҳәриплери бираз қысылған болса, олар әтираптағылар менен кирисиўшең болып келеди.
Қол таңбасы майда болған инсанлар ақыллы болады екен. Олар әтираптағы майда өзгерислерди де сезеди. Ҳәмме нәрседе анықлықты жақсы көреди, олардың кеўли ашық болып, дослары арасында бираз ҳәзиллескенди унатады. Бундай қол таңбаға ийе инсанлар әтираптағылар менен кирисиўшең болады. Егер тез қарар қабыл қылыў керек болса, олар көп ойлап отырмай буйрық бериўге кириседи.
Үлкен қол таңбаға ийе инсанлар күшли энергияға ийе болады. Олар ҳәрдайым жәрдемге таяр турады. Жетерли дәрежеде ақыллы болады.
8 iyun, 2013 jıl.
Есемуратова Сахибжамал
Сүўрет: google.com
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Бул жүрисиң қай жүрис заманлас!
Ҳәзирги күнде жаслар арасында кеңнен таралып атырған ҳәр түрли түсиниксиз ҳәм тек ғана шаўқымнан ибарат болған музыкалар, инсанлар...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....