Инсанлар өзлериниң тәбиятына мас болған музыканы тыңлайды. Кимдур rock, кимдур pop, және бири classicaны жақсы көрсе, басқалары jazz ды унатады.
Әлбетте, музыкалар инсанларды қайсыдур мәниде тәрбиялайды десек қәтелеспеймиз. Себеби, музыка инсанның ишки дүньясын қәлиплестириўге, оның ўақыя-ҳәдийселерди туўры баҳалаўына жәрдем береди. Инсанның руўхый көтериңкилик пенен ишки сезим-туйғыларының бирлесиўинде де әжайып музыканың сийқырлы тәсири жүдә үлкен орын тутады.
Сонлықтан, балалықтан баслап оншелли дәрежеде қурамалы болмаған музыкаларды тыңлаўға әдетленип қалса, кейиншелик ол үлкен дөретпелер, опера ҳәм балет, хор ҳәм жеке саз-әсбаплары, түрли ансамбл ямаса оркестрлар ушын жаратылған дөретпелерди түсиниўи аңсат болады. Егерде керисинше жеңил-желпи музыкаларды тыңлаўға әдетленсе, ол инсан қурамалы болған музыкаларды тыңлағысы келмей қалады.
Мәселен, ҳәзирги күнде жаслар арасында кеңнен таралып атырған ҳәр түрли түсиниксиз ҳәм тек ғана шаўқымнан ибарат болған музыкалар, инсанлар руўҳыятына кери тәсир жасайды. Солай болсада, бирқанша жаслар усындай музыкалардың фанатларына да айланып үлгерген. Бундай түсиниксиз ҳәм шаўқымнан ибарат болған музыкалар инсан организмине де өзиниң зыянын тийгизбей қалмайды. Әлбетте, тыңлаўшылар бундай музыкаларды пәс емес, ал оларды бәлент ҳаўазда тыңлайды. Бул болса, сол инсанның өзине ғана емес, әтираптағыларға да өзиниң унамсыз тәсирин тийгизеди, тыңлаўшылардың кейпиятын да түсириўи мүмкин.
Демек, биз, қандай музыканы тыңласақ, кейпиятымызда соған масласып барар, намалар инсан руўҳыятына өзиниң үлкен тәсирин тийгизер екен. Келиң, соның ушын кейпиятымызды көтериўши, ден-саўлығымызға зыянын емес, керисинше, пайдасын тийгизетуғын музыкаларды тыңлайық!
Сахибжамал Есемуратова
Сүўрет: drunov.ru
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Туўылған жерим
Тек сенде туўылдым, камалға келдим, Ашық аспаныңды көрди бул көзим, Топырағыңда қалды дәслепки изим, Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,...
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....