Дүнья халықлары түрли тиллерде сөйлеседи. Бирақ пән анықлықты талап етеди. Сонлықтан тилшилер тиллер санын ўақты-ўақты есаплап турады ҳәм оларды жәрия етеди. Келиң, олардың айырымлары менен сизлерди таныстырсам.
Жер жүзинде жәми 5621 тил ҳәм диалектлер бар болып, бүгинги күнге шекем олардың тек ғана 500ге жақыны үйренилген. Ҳәр үш тилден бириниң жазыўы болмай, олардың тек аўызеки тили бар.
Жәҳәндеги 1400 тил жоғалып кетиў алдында. Дүньядағы 40 қа жақын тилдиң тек аўызеки ҳәм жазба формалары бойынша қурамалы деп есапланады.
Ең бай тиллер
Дүнья жүзинде сөзлик қоры тәрепинен ең бай тиллер араб ҳәм инглиз тиллери есапланады. Инглиз тилинде 2 500 000 (еки ярым миллион) нан артық сөз бар болса, араб тилинде 3 500 000 (үш ярым миллион) нан артық сөз бар екен.
Тилшилердиң мағлыўматларына қарағанда қайсы тилде синоним сөзлер көп болса – ең бай, ал, қайсы тилде омоним сөзлер көп болса – ең жарлы тил есапланар екен. Мәселен, арқа ярым шарда жасаўшы эскимос қәўимине тийисли «қар» сөзиниң жигирма түри бар болса, араб тилиндеги «шөл» сөзиниң жүзден артық синонимлери бар. Синоним сөзлерге ең бай тил бул – араб тили.
Ең жарлы тил
Африкадағы Гвинея (пайтахты Бисау қаласы)да жергиликли Таки тилинде бары-жоғы 340 сөз бар.
Бир кисилик тил
Дүнья бойлап инглиз, рус, немис, араб ҳәм испан тиллеринде сөйлесетуғын инсанлардың саны күннен-күнге өсип бармақта. Бирақ, айрым тиллер оны қолланыўшылардың санының азайыўына байланыслы жоқ болып кетиўи мүмкин. Мәселен, ең аз адам сөйлесетуғын тил бул – бикья тили есапланады. Бул Африка материгиниң Камерун ҳәм Нигерия мәмлекетлери аралығында жайласқан аўылда жасаўшы 87 жаслы кемпирге ғана тийисли. Сусами тилинен болса Мировия ўәлаятында жасаўшы еки шаңарақ ағзалары бир – бирлеринен ҳал – аҳўал сорасыў ушын пайдаланады.
Латвияда және сондай бир тил бар, оны тек 200ге жақын адам түсинеди. Бул-ливонь тили. Ал, жаңа Гвинеяда 4 миллион халық жасайтуғын болса, олар 800 тилде сәўбетлеседи.
«Өли» тиллер
Дүнья жүзинде кең пайдаланыўдан шығып қалған ҳәм де жоғалып кеткен тиллер жүдә көп. Оларды тилшилер «өли» тиллер деп атайды. Оның еки түри бар, яғный жазба тилге ийе болған «өли» тиллер ҳәм аўызеки сөйлеў тили бар болған «өли» тиллер.
Өли тиллерден екеўи ҳәзирде жүдә белгили. Олардың бири Ҳиндистандағы санскрит тили болса, екиншиси заманагөй медицина хызметкерлери кең қолланатуғын латын тили есапланады.
Өли тиллер қатарына ески Қытай ҳәм ески инглиз тиллеринде киргизиў мүмкин. Себеби, бүгинги күнде усы еки тилде жазылған шығармаларды түсинетуғын адамлар дерлик жоқ. Ески Қытай тилиндеги дереклерди адамлардың түсинбеўине себеп, олар эрамыздан алдынғы узақ өтмишке барып тақалады.
Ең көп тил билиўшилер
Заманагөй тил илиминде еки ямаса оннан да артық тиллерди билиўши адамларды «полиглот» деп атайды.
Орайлық Азияның Хорезм қаласынан болған алым Абу Райҳан Муҳаммед ибн Ахмад ал-Беруний (973-1048жж.) 150 тилди билиў менен бир қатарда, қолланыўдан шығып қалған яғный «өли» есапланған 20ға жақын тилди өз шығармаларын жазыўда кең пайдаланған.
Орта Азиялы және бир алым Абу Наср ал-Фарабий 100 ден артық тиллерди жақсы билген. Дүньяға белгили тәўип, уллы музыкант, философ ҳәм физиолог Абу Али ибн Сино – араб, парсы, түрк, латын ҳәм соғды тиллериниң билимданы болған.
Ең көп таралған тил қайсы деп соралғанда, Сиз, әлбетте:
- қытай тили, – деп жуўап берсеңиз керек. Дурыс, Қытайда 1 ярым миллиард халық жасайды ҳәм олар қытай тилинде сөйлеседи. Деген менен, бул ең кең тарқалған тил деген сөз емес. Мағлыўматлар соны тастыйқлайды дүнья жүзи бойлып ең кең тарқалған тил қытай тили емес, ал, испан тили екен. Буның тийкарғы себепшилери уллы саяхатшылар екен.
Қайсы тилди үйрениў аңсатырақ?
Әлбетте, бул сораў бәршени ойландырса керек. Бул инглиз тили екен. Себеби, инглиз тилиниң сөзлик қурамы ҳәм гәплериниң қурамын үйрениў аңсат. Бирақ, инглиз тилиниң жазыўы ҳәм айтылыўы тек ғана шет еллилерди емес бәлки, инглизлердиң өзлеринде қыйнайды екен.
Дүньядаға ең узын әлипбе Камбоджа мәмлекетине тийисли болып, онда 74 ҳәрип бар.
Сахибжамал Есемуратова
14 may, 2013 j.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...