Bul mobil menyu orni/ testing....


    1-декабрь – халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни АИВ инфекциясы ҳәм АИЖС ҳаққында не билемиз?
    1-декабрь – халықаралық АИЖСке қарсы гүресиў күни АИВ инфекциясы ҳәм АИЖС ҳаққында не билемиз?Ҳәзирги ўақытта арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС) пүткил дүнья жүзи мәмлекетлерине қәўип туўдырып келмекте.

    Республикамызда усы кеселликке қарсы гүресиў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. 2013-жылдың 23-сентябринде “Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында” ғы 5 бап 28 статьядан ибарат Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгени бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин және арттырады.

    Бул кеселликтиң бизиң Республикамызда да дизимге алынғанлығын есапқа алсақ, ҳәр биримиз буннан сақ болыўымыз ҳәм АИВ, АИЖС ҳаққында мағлыўматқа ийе болыўымыз керек.

    Биз АИВ инфекциясы ҳәм АИЖС ҳаққында толығырақ мағлыўмат алыў мақсетинде Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайының шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Жәмила Мәдреймова менен сәўбетте болдық.

    - Жәмила апа, АИВ ҳәм АИЖС ҳаққында айтып берсеңиз?

    -АИВ инфекциясы – бул адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы (АИВ) менен зыянланыў ақыбетинде келип шығатуғын кеселлик. АИВ инфекциясының тийкарғы қәсийети – иммунитеттиң зыянланыўы болып, оның нәтийжесинде адам организми ўақыт өткен сайын көплеген кеселликлер алдында қорғаныўсыз, ҳәлсиз болып қалады. АИВ инфекциясы көп жағдайда ҳеш қандай белгилерсиз, жасырын ҳалда болады.

    АИВ инфекциясының соңғы басқышы – бул АИЖС (арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы).

    Арттырылған – бул жағдай вирус пенен зыянланыў ақыбетинде келип шығады ҳәм туўма есапланбайды.

    Иммунитет жетиспеўшилиги – бул иммунитеттиң төменлеўи болып, оның нәтийжесинде организм кеселликке қарсы гүресе алмайтуғын болып қалады.

    Синдром – бул иммунитеттиң төменлеўи нәтийжесинде раўажланатуғын көплеген түрли кеселлик белгилери жыйындысы.

    АИВ пенен зыянланғаннан соң АИЖС раўажланаман дегенге шекем 2-3 жылдан 15 ҳәм оннан да көп жыл өтиўи мүмкин.

    -АИВ қалай жуғады ҳәм оның алдын қалай алыўға болады?
    -АИВ пенен зыянланған адамлардың айырымлары өзлерин әтираптағылардан шетке алып қашады, өзлерине бөлек ыдыс-табақ ажыратып, бөлек аўқатланады. Бирақ, бундай ислеў шәрт емес, себеби АИВ инфекциясының үш түрли жуғыў жолы бар:
    • Қан арқалы;
    • Жынысый жол менен;
    • Анадан балаға (ҳәмиледарлық ўақтында, туўыў ўақтында ҳәм көкирек сүти арқалы).

    АИВ төмендеги жағдайларда жуқпайды:
    Қол берип сәлемлескенде, сүйискенде, қушақласқанда;
    Жөтелгенде, шүкиргенде;
    Бирге аўқатланғанда аўқат ҳәм ыдыс-табақ арқалы;
    Бассейн, бир унитаз ҳәм ваннадан пайдаланғанда;
    Қан сорыўшы жәнликлер шаққанда (себеби, вирус СД4 клеткаларында жасайды, ал СД4 клеткасы тек ғана адамда бар);
    Кийим арқалы да жуқпайды.

    -АИВ жуқтырған адам жәмийеттиң бир ағзасы сыпатында өмир кешириўи мүмкин бе?
    -АИВ жуқтырған адам мектеп, колледж ҳәм жоқары оқыў орнында билим алыўына болады. Ал, кишкене балалар басқа балалар менен ойнаўы, балалар бағшасына барыўы мүмкин.
    АИВ жуқтырған адамлар өзлериниң кәсиплик хызмети менен, егер қан, медициналық емлеўлер, дәри ҳәм косметикалық затларды ислеп шығарыў менен байланыслы болмаса, шуғылланыўы мүмкин. Сондай-ақ, олар спорттың контактлы (бокс, гүрес, жеке гүрес түрлери, армрестлинг) түрлеринен басқа барлық түри менен шуғылланыўы мүмкин.
    Сондай-ақ, АИВ жуқтырған адам донор бола алмайды.

    -АИВ менен зыянланған ҳаялдан дени саўсаламат бала дүньяға келиўи мүмкин бе?
    -АИВ пенен зыянланған болыўына қармастан, ҳаял дени саў баланы дүньяға келтире алады. Буның ушын ол өз ўақтында ретровирусқа қарсы терапияның емин алыўы, вирус туўыў ўақтында жуғыў итималы күшли болғаны себепли, операция усылынан пайдаланыўы, балаға ретровирусқа қарсы дәри ишкизиўи ҳәм көкирек сүтинен емизбеўи керек. Сондай-ақ, ана өз ден саўлығына итибарлы болыўы, жеке гигиенаға бойсыныўы лазым.

    -АИВ жуқтырған адам узақ өмир көриўи мүмкин екен, буның ушын не ислеўи керек?
    -АИВ инфекциясын толық емлеў мүмкин болған дәри еле жоқ. АИВ инсан организминде пүткил өмири даўамында сақланып қалады. Бирақ, ҳазирги ўақытта арнаўлы антиретровирус (АРВ) қураллары қолланылады, олар вирустың көбейиўине тосқынлық етеди. АИВтың қандағы мүғдарын кемейтип, иммунитет системасына көмеклеседи ҳәм наўқастың аўҳалын жақсылап, өмирин узайтады. Бундай терапияны баслаған адам оны өмири даўамында қабыл етиўи ҳәм дәри қабыл етиў тәртибине қатаң бойсыныўы керек. Сондай-ақ, шыпакер қадағалаўында болып, ҳәр түрли зыянлы әдетлерден (сигарета, наркотик, спиртли ишимликлер) өзин тыйыўы керек болады.

    -Халық арасында АИВ ҳәм АИЖСтың алдын алыў бойынша қандай ис-илажлар әмелге асырылмақта?
    -АИЖСтың алдын алыў бойынша Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы ҳәм Әмиўдәрья, Беруний, Шымбай, Қоңырат, Хожели районларында районлараралық диагностика лабараториялары жақында қайта реконструкция исленди ҳәм жаңа әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, хызмет алып бармақта. Орайымызда ҳәм районлардағы диагностика лабараторияларында ислеўши қәнигелердиң ис тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Ташкент қаласында шыпакерлердиң тәжирийбесин арттырыў институтында арнаўлы курслар шөлкемлестирилген. Орайда медициналық бақлаўдан өтиўшилер ҳәм қәўипли топар менен ислесиўде исеним, досласыў ҳәм аноним бөлмеси хызмет етип тур. Медициналық бақлаўдан өтиўшилерге руўхый күш-қуўат ҳәм психологиялық жақтан жәрдем бериўде бөлмелердиң хызмети айрықша.

    -АИВтан сақланыў ушын неге итибар бериў керек?
    -Медицинада АИВтан басқа жынысый жоллар менен жуғыўшы бир қанша кеселликлер анықланған. Бул кеселликлерден сақ болыў ушын дени саў жасаў тәризине итибар бериў керек. Яғный, некеге шекем ҳәм некеден тысқары жынысый қатнастан ўаз кешиў лазым. Жынысый қатнасты тек ғана исенимли адам менен әмелге асырыў мақсетке муўапық. Жынысый қатнас ўақтында заманагөй сақланыў қуралларынан дурыс пайдаланыў керек. Әлбетте, наркотик затларынан пайдаланыў да кеселикке себепши болыўы мүмкин. Себеби, наркотик затларды қабыллаўшылар көпшилик жағдайда бир шпирцтен пайдаланатуғыны анықланған.
    “Денсаўлықтың қәдирин наўқас болмастан алдын бил” – деген ата-бабаларымыз. Солай екен, жынысый кеселликлерден сақланыў саў-саламат ҳалда өмир сүриў ҳәр кимниң өзине байланыслы. АИЖС ямаса дени саў жасаў, өмир сүриў зәрүр. Таңлаў имканияты өз қолыңызда.

    Мазмунлы ҳәм тужырымлы жуўап ушын рахмет.

    Сәўбетлескен: ШАРАП САҒЫЙДУЛЛАЕВ,

    ҚМУ студенти,
    Сүўретте: Жәмила Мәдреймова Республикалық АИЖСке
    қарсы гүресиў орайының шөлкемлестириў бөлими баслығы

    Salamatliq bo'limi | 19-noyabr, 2013 jıl
    Bul bet 2542 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ju'rek da'rtlerimdi qagazga berdim

    Ha’r na’rsenin’ eki jag’ı bolg’anday.
    Aq-qaranı ayıralmay qalg’anday.
    Jaqsı-jaman parıqsız bolıp qalg’anday.
    Tu’sinbey sorawım qag’azg’a berdim.

      
    13-avgust, 2015 jıl. 1934 ret ko'rildi


  • Bobojon

    Yuragimda to’la faxr iftixor
    Ollohimga bo’lsin shukurlar ming bor…
    Sofdil qalbi tiniq,suvday beg’ubor,
    Baxtliman,dunyoda sizday bobom bor!!!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1476 ret ko'rildi


  • Mehribonim (Ustozim Muhabbat opaga)

    Bulbullar guliga intilgan misol,
    Men ham siz tomonga shoshaman mudom.
    Qalbi qordek oppoq, mehri bir jahon,
    Men uchun yagona, bu aziz inson.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2887 ret ko'rildi


  • Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер,
    Күш-қуўатқа толар билеклер,
    Қуўаныштан болып дереклер,
    Бәҳәр менен келеди Наўрыз.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 1983 ret ko'rildi


  • Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс,
    Ана тил-қанаат ар менен намыс,
    Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс,
    Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1870 ret ko'rildi


  • Сағынаман

    Мектеп кушағында өткен балалық,
    Артта қалган сол бир қәте шалалық,
    Енди бизди байлап турар аралық,
    Шын досларым мен сизлерди сағынаман.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1721 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Кешир мени

    Кеширалсаң кешир мени сүйгеним,
    Тағдир сынар екен буны билмедим.
    Ерип душпанымның жалған сөзине,
    Тойымызға разылық бермедим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2546 ret ko'rildi


  • Севгим

    Юрагимда ишқ дафтарин очган ўзингсан,
    Сўнгра тутқич бермай яна қочган ўзингсан,
    Мен телбанинг сирларини сочган ўзингсан,
    Менинг учун азизсан, эй севгим, севгилим.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2225 ret ko'rildi


  • Савол

    Кўнгил бермоқ шундай мураккаб ишми,
    Наҳот,етмас,эркам,сизга изҳорим?
    Ёки қалбингизда ёз эмас,қишми?
    Ўзимдан қизғонган, нозли дилдорим.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1560 ret ko'rildi


  • Nega?!

    Ummondagi suvdayin jo’shgim keladi,
    Daraxtdagi mevadayin o’sgim keladi,
    Insonlarni quchgandayin quchgim keladi,
    Nega ayting sizni ko’rgim keladi?!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2157 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.