4 класста оқып атырған ўактымызда, мектебимиз окыўшыларына Жас тамашагөйлер театрына «Буратино» спектаклине билет тарқатылды. Мектеп пенен топар болып барғанымыз жүдә қызық еди, әсиресе, сахнадағы жазыўларға қосылып «БУ»-«РА» деп қосылып бақырып отырғанларымыз…
Ертеңине классласымыз Гүлайым - «Мениң ажағам (әкесиниң иниси) сол спектакльде ойнайды» деди. Енди баяғы «авторитет» авторитетпе? Ҳәмме Гүлайымның қасында жуғырласқан, оның оң қолында, шеп қолында қызлар қолтықласып алады. Сөйтип театрға баратуғын күн де жетип келди. Театрға кирип хәмме Гүлайымның касында отырыўға таласып атырмыз. Карло ата, Буратино шығып атыр, «Қайсысы, ажағаң шықтыма» деген сораўлар жан жақтан тоқтамай келип атыр. Спектакль қалды биржакта. «Яқ, еле шықпады» -деп ортадағы коментаторлар узақтағыларға жеткерип отыр. Спектакль аяқланайын деп атыр, бизлердиң көзимиз «алты» болып кетти. Бир ўақытлары «Карабас-Барабас» Буратиноны услаў ушын полицияға келеди. Оның изине алты полицияшы ерип, көпирдиң үстинде қосық айтады. Әне, шықты - деди Гүлайым. «Қайсысы, қайсысы»- сорап атыр ҳәмме. Алты полицияшының бой сыны да, кийимиде, гримида бирдей еди. Басларында қалпақ, бизлер көрмек түўе, Гүлайымның өзиде танымаған шығар. Бирақ сол күни бизлер басқа класска қарағанда «қуўанышлырақ» едик, неге дегенде бизлер Гүлайымның артист ажағасын «көрген» едик.
Гулчехра Аблакимова
сүўрет: d-d.by
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...