Тил бул - миллеттиң көрки ҳәм миллий мақтанышы. Ол адамлар арасында тек қарым-қатнас қуралы ғана емес, ал, соның менен бирге оларды тәрбиялаўдың да әҳмийетли қуралы болып есапланады. Ана тилине ҳүрмет инсанның өз Ўатанына болған ҳүрметин белгилейди. Соның менен бирге тилге мүнәсийбет, бул - улыўма инсаныйлық мәденияттың ажыралмас бөлими саналады.
Ҳәммемизге белгили ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги дәрежеси берилип, бул бойынша Нызам қабыл етилди. Мине, быйыл усы сәнеге саррас 24 жыл толды. Әлбетте, ҳәр бир миллеттиң мәденияты, руўхыйлығы, билим дәрежеси ана тилине болған қатнасында анық көринеди. Демек, солай екен, жасларымыздың сөйлеў мәденияты, ана тилимизге болған ҳүрмети қай дәрежеде? - деген орынлы сораў туўылады.
Қарақалпақ тили қарақалпақ халқының миллий әдебий тили болып қалмай, халқымыздың жоқары руўхыйлық ҳәм мәдениятын асырыў, жетискенликлеримиз ҳаққында мақтаныш етиў, өзлигимизди аңлаў ушын тийкарғы қурал екен, демек оған ҳәр дайым итибарлы болыў тийкарғы ўазыйпамыз. Солай болса да кейинги жылларда сөйлеў мәденияты: саўатлы ҳәм дурыс сөйлеў мәдениятына кери тәсир жасаўшы жағдайлар - тилден пайдаланыўда кемшиликлерге жол қойылмақта.
Әпиўайы ғана бир мысал, көшелерге жазылып қойылған айырым асхана, ресторан, кафе-барлардың атларына итибар беретуғын болсақ, сырт еллерден кирип келген атамаларды ушыратамыз. Карақалпақ тилиниң лексикологиясы жүдә бай. Бизиң өзимиздиң де миллий дәстанларымыз, миллий қаҳарманларымыз бар емес пе? Миллийлигимизди аңлатып турыўшы атамаларды таңласақ жүдә шырайлы болар еди деп ойлайман. Мәселен, кейинги жыллары миллийлигимизди билдириўши атамалардан «Бес қала», «Қырық қыз» сыяқлы атамаларды көрсек көзимиз қуўанады, қулаққа да жағымлы еситиледи.
Соңғы ўақытларда көп ушырасатуғын мәселелердиң бири сыпатында соны да айтып өтиў орынлы, жаңа туўылған балаларға ҳәр түрли сырт ел кинофильмлери ҳәм сериалларының қаҳарманларының атларын қойыў жүдә көп ушырасады. Әлбетте, бизиң халқымыз балаға ат қойыўда көп нәрселерге итибар береди. Айырым атларды таңлап атырған ўақытларда «қой мениң бундай атлы жорам бар. Оған уқсаўын қәлемеймен» деп жорасының кемшиликлерин атап өтеди. Ал, айырымлары болса, «мениң усындай атлы достым бар ол жүдә ақыллы, келиң, сол қызға уқсасын» деп атларды сайлайды. Айырым, шаңарақларда өзлери жақсы көрген сериал қаҳарманларының атларын балаларына қоймақта. Деген менен, сол сериал қахарманлары ҳәрдайым, машқалалар ишинде, ҳәр түрли тартыслар орайында жасайды. Бул қаҳарманларға ҳәўес пенен қараў орынсыз деп ойлайман. Бир сапары жасы алпысларға келген апа менен сәўбетте болғанымда «Тангем» атлы ақлық қызы бар екенлигин айтып берди. Неге бул исимди таңладыңыз дегенимде: «Маған сол сериал қатты унайды. Шаңарақ ағзаларымыз бенен сериалдың бир санын да калдырмай көретуғын едик. Ақлық қызым сол сериал көк экранда эфирге берилип атырған ўақытларда туўылып еди, соның ушын Тангем деп қойдық» деген еди. Тағы да атлардын қойылыўы ҳаққындағы мақаланы оқыған достым: «Адамлардың не жумысы бар екен-ай. Ҳәр ким билгенинше жасайды, қәлеген атын қояды-ғо!» деди. Және маған пикирин тастыйықлатыў ушын «Дурыс емес пе?» деп те қойды. Гәплерин дыққат пенен тыңлап болғаннан соң, бәлким, сениң айтқаның да дурыс шығар, лекин бизлер сырт ел атларын қоятуғын болсақ, бизиң тилимиздиң неге кереги бар? Бизлер өзге журтлардың қаҳаманларын өзимизге мақтаныш деп билсек те олар бизлердиң қаҳарманларымыз бенен мақтанбайды. Мейли, биз сол атларды таңладық та дейик, бизлердиң қарақалпақ екенлигимизди өзге журтлардан ажыратып көрсетиўши атларымызды басқа еллердиң адамлары өзлери ат қылып таңламайды. Сонда олардың неге кереги бар? деген сораўды бергенимде: «Сениң гәпиң де дурыс-аў» деп қойды. Өзлеримиздиң де миллий, ҳәўес етсе арзыйтуғын қаҳарманларымыз көп. Мениңше, миллий қаҳарманларымыздың атларын таңлағанымыз мақул деген пикирдемен.
Қарақалпақ тили қарақалпақ халқының миллий байлығы сыпатында ески заманлардан берли ҳәзирги бизиң дәўиримизге шекем ата-бабаларымыз тәрепинен ардақланап, сақланып ҳәм раўажланып келмекте.
Тарийхтан бүгинге шекем ана тилимизге ҳүрмет, қатнас түрлише болып келди. Бирақ, ең тийкарғы жетискенлик, қарақалпақ тилиниң тамыры терең екенлиги дәлилленип, өзиниң лексикасының бай екенлиги менен, түрлише грамматикалық қурылысы менен, миллий әдебий мийрас сыпатында кең мүмкиншиликлерин еле де сақлап келмекте. Оның тәкирарланбас имканиятларын жүзеге шығарыў, раўажландырыў, байытып ҳәм жетилистирип барыў ушын миллеттиң ҳәр бир перзенти жуўапкерли ҳәм оның келешеги ушын ҳеш ким бийпарқ болмаўы керек.
Араб халқында мынадай бир нақыл бар: «Римлилердиң даналығы – санасында, ҳиндлердиң даналыгы – палкерлигинде, греклердиң даналығы – қәлбинде, ал араблардың даналығы болса - тилинде». Бирақ, биз мойынламақшы болған бир ҳақыйқатлық мына нақылда анық баян етилген: «Тилге итибар – елге итибар». Демек, солай екен, биз қайсы тилди үйренбейик, ең дәслеп ана тилимиздиң қәдир-қымбатын умытпайық.
Сахибжамал Есемуратова.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...