Шексиз Үстирт тегисликлеринде бир неше мың жыллардан берли түрли дәўирлерге тийисли тарийхый ўақыялар менен тәбият ҳәдийселерин үнсиз бақлап киятырған археологиялық естеликлер көплеп табылады. Солардың бири Орайлық Азияны Төменги Волгабойы ҳәм Қубла-батыс Европа мәмлекетлери менен тутастырып келген, Уллы Жипек жолының бир тармағында жайласқан Белеўли кәрўан сарайы болып табылады.
– Орта әсирлерде Арал-Каспий аралығы, Үстирт тегислиги тек көшпели қәўимлер жайласқан шөл болып ғана қоймаған, ал бул аймақтан регионаллық байланыстағы әҳмийетке ийе кәрўан жоллары да өткен, – дейди тарийх илимлериниң докторы, профессор Муҳаммед-Шәрип Қыдырниязов. – Орайлық Үстиртте XIII-XIV әсирлерде қәлиплескен Уллы Жипек жолының тармағы Алтын Орда, Темурийлер дәўиринде жоқары раўажланған әҳмийетли саўда жолы болды.
Белеўли кәрўан сарайы усы әҳмийетли саўда жолында әсирлер бойы қарым-қатнасықлар байланысы ушын хызмет етип келген.
Белеўли кәрўан сарайы Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы Жаслық посёлкасынан арқа-шығыста 67 км узақлықта жайласқан. Кәрўан сарай әтирапында қудықлар, суў сақлағышлар, қурылыс таслары шығарылатуғын карьерлер ҳәм орта әсир, жаңа дәўир қойымшылықлары бар. Қойымшылықлардағы қулпы таслар, жазыўлар, тасқа ойылған нағыслар жақсы сақланған. Бул естелик комплекси тарийхымыз ҳаққында бийбаҳа мағлыўматлар береди.
Илимпазлардың атап өтиўинше, орта әсир, жаңа дәўир жазба дәреклеринде Белеўли естелиги ҳаққындағы мағлыўматлар жүдә аз. Бирақ марокколы уллы саяхатшы Ибн Баттута өзиниң «Саяхатнама» (1333-жыл) шығармасында: «Сарайшадан Гурганжға (Гөне Үргениш) шекем түйеге қосылған арбаларда келиў мүмкин. Үстирттиң төменги тегислигинде ҳәр еки ямаса үш күнлик аралықта қоныў орынлары бар. Оларда қудықлар жайласқан. Қудықларда жаўын менен қар суўлары жыйналады» – деп мағлыўмат береди. Буннан тысқары италиялы саўдагер Франческо Пегелотти 1342-жылы саўда жумысларына бағышланған «Саўдагерлерге әмелий көрсетпе» деп аталған шығармасында да олар келген саўда кәрўаны «Сарайшадан Үстирт – Гурганж бағдарында түйе арбаларда 20 күнде жетип барды» делинеди. Үстирт тегислигиндеги кәрўан сарайлар Испанияда дүзилген «Каталония атласы», ағалы-инили Пициганилердиң картасында (XV әсир) латынша атамаларда ушырасады. Кейин ала бул кәрўан жолының тармағы «Ноғай жолы» атамасы менен белгили болған.
Белеўли естелик комплексинде биринши мәрте 1946-1947-жыллары археолог Сергей Толстов тәрепинен археологиялық бақлаўлар өткерилген. Естеликтеги биринши стационар қазыў жумысларын өткен әсирдиң 80-жылларында нөкисли археологлар Юра Манылов, Муҳаммед-Шәрип Қыдырниязов, Базарбай Қайпановлар алып барған.
– Қазыў нәтийжелери Ибн Баттутаның барлық мағлыўматларын тастыйықлады, – дейди усы естелик комплексинде археологиялық әмелият өткериўде қатнасқан илимпаз М.Қыдырниязов. – Ҳақыйқатында да Үстирт тегислигинде Белеўли кәрўан сарайы жанында 100 гектардан аслам майданда жаўын суўы жыйналатуғын терең тақырлық, 8 суў сақлағыш ҳәм 4 қудық бар екенлиги анықланды.
Белеўли кәрўан сарайы 1 м қалың дийўаллар менен қоршалған. Дийўаллар буннан 30 млн жыл бурын өмир сүрген Тэтис океанынан қалған шығанақ таслардан қурылған. Кәрўан сарайға кирген жерде ени 3,8 метрлик дәрўаза бар. Бир ўақытлары портал-дәрўазаның алдынғы тәрепинен Регистандағы Шердар медресесиндеги сыяқлы еки арысланның сүўрети болған. Бирақ бүгинги күнде Белеўлиниң «арысланлары» белгисиз жолаўшылар тәрепинен алып кетилген, портал-дәрўазаның жоқарғы бөлегиндеги арка болса қулап түскен.
Белеўли кәрўан сарайы 19 бөлме ҳәм қоймаханалардан ибарат. Кәрўан сарайдың тас дийўалларында палеографикалық жазыўлар, петроглиф-сүўретлер ушырасады. Оларды бул жерде қонған жолаўшылар, саяхатшылар, саўдагерлер жазып қалдырған. Олардың арасында ески латын ҳәриплеринде жазылған жазыўлар да бар.
-Белеўли мәдений-тарийхый, археологиялық комплекси Аралбойы халықларының дүрдана естеликлеринен бири, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша регионаллық мәмлекетлик инспекциясының баслығы Қуўаныш Шарипов. – Естелик комплекси Орайлық Азиядағы бийбаҳа тарийхый орын. Оны толық изертлеў, қурылмаларды реставрациялаў, оңлаў және экотуризм ушын пайдаланыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болып есапланады.
Бүгинги күнде орта әсирдиң әжайып мийрасы Белеўли кәрўан сарайы инсаният итибарына мүтәж. Естеликти сақлап қалыў бойынша қыстаўлы илажлар көрилмесе, тәбият ҳәм адамзаттың қырсықлықлары себепли және бир бийбаҳа естелик жоқ болып кетиўи мүмкин.
Анвар Насирлаев
ӨзА.
Дерек: kknews.uz
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Дүньядағы ең узын көпир
Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....