Дүнья жүзиниң интернеттен пайдаланыўшы дерлик барлық халықлары Wikipedia ҳаққында жүдә жақсы түсиникке ийе. Wikipedia – бул түрли тараўлар бойынша мағлыўматлар жыйналған электрон энциклопедия. Оның түрли тиллердеги вариантлары бар. Ал, оның қарақалпақ тилиндеги вариантын ким жаратқан? Бүгинги күнде оның администраторы ким? Буны көпшилик билмесе керек.
Атабек Муртазаев Ташкент мәмлекетлик техника университетин бакалавр бағдарын тамамлаған. Соң Корея Республикасында магистратурада IT тараўында оқып, Samsung Electronics компаниясының бас офисинде 5 жылдан асламырақ ўақыт жумыс ислеген.
Биз Wikipediaның қарақалпақ тилиндеги вариантын жаратыўға өзиниң гиреўли үлесин қосқан ҳәм бүгинги күнде оны материаллар менен толықтырып турған администраторы Атабек Муртазаев пенен интервью шөлкемлестирдик.
- Ассалаўма алейкум, жумыслар менен ҳармаң!
- Ўалейкум ассалам. Бар болың!
- Бүгинги күнде нелер менен бәнтсиз?
- Бүгинги күнде Австралияның Сидней қаласындағы фирмада android бағдарламашы сыпатында жумыс ислеп атырман.
- Сизди Wikipediaның қарақалпақ тилиндеги вариантын жаратыўға үлес қосқан деп еситтик. Бул ҳаққында айтып берсеңиз? Оны материаллар менен толықтырыў процеси қалай болды?
- «2008-жыллары интернет форумда оқып қалдым, бир қазақстанлы аға сол ўақытта Wikipediaның қазақ тилиндеги бөлимин ислеп атырған еди. Сол форумда ол wikipediaның қарақалпақ тилиндеги бөлимин ашып, соны мағлыўматлар менен толықтырыўға шақырып қойған екен. Бул тема мени қызықтырып, сол аға менен байланысып, жол-жобалар алдым. Соң wikipediaдағы хабарларды қарақалпақ тилине аўдармалаў, мақалалар менен толықтырыўға ҳәрекет еттик. Бул жумысларды өзим ислеўиме туўры келди. Онда интернеттен табылған қарақалпақша материаллардың пайдасы тийди.
- Бүгинги күнде қарақалпақ тилиндеги материаллар менен толықтырылмай атырғандай?
- Дурыс, бүгинги күнге шекем Wikipediaның қарақалпақ тилиндеги бөлиминиң администраторыман. Бирақ, соңғы ўақытлары бул жумысларым бираз тоқтап қалды.
- Бүгинги күнге шекем неше бағдарлама жаратқансыз?
- Бүгинги күнге шекем жеке өзим 5-6 бағдарламаны жаратыўға еристим.
- Қарақалпақ тилиндеги қандай бағдарламаларды жараттыңыз?
- Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы жайластырылған «Karakalpak Constitution», Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы болған «kitapxana.com», «Hawa Rayi», Android платформасы ушын Нөкис қаласындағы автобус ҳәм жөнелисли таксилер (маршруткалар) ҳаққында мағлыўмат бериўши бағдарлама, Смартфон ҳәм планшетлер ушын виртуал клавиатура болған «QqKeyboard» бағдарламаларын жараттық.
- Жумысларыңызда табыслар. Қарақалпақ тилиниң интернеттеги раўажланыўына үлесиңизди қосып жүриўиңизге тилеклеспен.
- Рахмет, сайтыңыздың жумысларына табыс тилеймен.
Сахибжамал Есемуратова
Дерек көзи: Karinform.uz
Қарақалпақстан телеканалында жаңа форматтағы ...
Жақыннан баслап Қарақалпақстан телеканалында жаңа көрсетиў көпшилик нәзерине усынылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан телеканалында ҳәм...
Өз тилинди умытпа!
Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....
Қарақалпақстанлы 135 жаслы Тоты апа Юсупова дүньяда ...
Төрткүл районында жасаўшы Тоты апа Юсупова 135 жасында дүньядан өтти. Планетамыздағы ең жасы үлкен апа Тоты Юсупова 1880 жылы Төрткүл районында туўылған. Ол...
АИЖС ҳаққында түсиник берилди
28-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер жатақханасы залында 1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў...
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....