Жылды жуўмақлап, оның бәнтин басыў пайына тийген декабрь айының екинши екшембиси пайтахтымыз Нөкис қаласының турғынлары ушын да, оның мийманлары ушын да өзгеше басланды.
Шемби ақшамында халқымыздың ҳақ нийетине тилеклес болып жаўған аппақ қар дөгерек-дашқа айрықша сән бағышлайды. «Той десе қуў бас жумалайды» дегениндей, пайтахтымыздың арқа-шығыс тәрепинде жайласқан атшабар майданына қарай ығысқан аламанның изи үзилер емес. Бул жерде әллеқашан-ақ үлкен тойдың тәтәрриги басланып кеткен. Ғаз қатар тигилген отаўлар, олардың әтирапында писирилип атырған түрли тағамлар, қулақтың қурышын қандыратуғын саз-сәўбет, жыйналғанлардың жүзлериндеги қуўанышлы кейпият үлкен шады-қоррамлықтың болатуғынынан дерек бергендей еди.
Аўа, санаўлы күнлерден кейин бизиң менен хошласып, тарийх еншисине айланатуғын быйылғы жыл пүткил халқымыз ушын ҳәр қашанғыдан да табыслы жуўмақланып атыр. Турмыстың барлық тараўларында дерлик үлкен жетискенликлерге ерисилди. Демек, қанша тойласақ та, қанша байрамласақ та буған толық ҳақылымыз. Оның үстине ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен усы жылдың 26-августында қабыл етилген «Аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында бул күнниң декабрьдиң екинши екшембисине туўра келиўи жүзикке қас қойғандай жарасып турды, десек асыра айтқан болмаймыз.
Байрам салтанатына жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң орынбасары, Суў хожалығы басқармасының баслығы Ш.Ҳамраевлар қызғын қутлықлады.
Республикамыз басшысының атап өткениндей, соңғы жылларда аўыл хожалығы тараўының хызметкерлери, әсиресе, дийқан ҳәм фермерлеримиз тәрепинен ерисилип атырған табыслар халқымыз турмысында айрықша орын ийелемекте. Тараўда жүргизилип атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде быйыл республикамызда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 6-7 процентке өсти. Атап айтқанда, 347 тонна пилле, 165 мың тонна ғәлле, 200 мың тоннадан аслам пахта, сондай-ақ, 285 мың тоннадан зыят овощ ҳәм палыз өнимлери, 72 мың тоннаға жақын гөш, 207 мың тоннадан аслам сүт ҳәм 2 мың 800 тоннаға шамалас балық өнимлери жетистирилди.
Соны да атап өтиў керек, Президентимиздиң усынысы менен районлардағы аўыл ҳәм суў хожалығы баслықларының лаўазымына ҳәким орынбасары статусы берилип, оларға хызмет автомашиналары ажыратылған еди. Байрамда оларға жаңа автотранспортлардың гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Буннан соң той тамашаларына старт берилди. Арқан тартысыўда шоманайлы жигитлер жеңимпаз атанған болса, палўанлар беллесиўинде де усы районның палўаны Мийирбек Абдихалиқов бас байрақты жеңип алды. Тамашаның ең қызықлысы он айлаўға ат шабыс болды. Трибунаны ҳәм оның әтирапын толтырған мыңлап тамашагөйлердиң қыйқыўына себепши болған бул бәйгиде нөкисли Бахыт шабандоздың «Антик» исмли тулпары сызықты биринши болып кесип өтип, бас сыйлық «Матиз» автомашинасына ийелик етти. Екинши орынды ийелеген қараөзекли Шалабай шабандоздың аты болса мотоцикл жеңип алды. Көкпар ойынында қараөзекли Таңатар Жалғасбаев, аламан көкпар беллесиўлеринде болса шымбайлы шабандозлардың қоллары бәлент келди. Буннан басқа да еки, бес ҳәм жети айлаўларға жорғалар ҳәм тулпарлар шабысы, қошқар дүгистириў, қыз қуўыў жарыслары өткерилип, олардың да жеңимпазлары түйе, жылқы, баспақ, музлатқыш, телевизор ҳәм гилем сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрамның көркем бөлими де қызықлы өтти. Қарақалпақстанлы көркем өнер шеберлери, сондай-ақ, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Хосила Рахимованың сахнада, соң атқа минип жүрип қосық атқарыўы тамашаға айрықша заўық бағышлады.
Қулласы, бир неше жыллық үзилистен соң диярымызға қайта айланған «Зүрәәт байрамы» елимизде биринши мәрте белгиленип атырған «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не уласып, оның қатнасыўшыларында умытылмас тәсир қалдырды.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: байрамнан көринислер.
Дерек: Erkinkarakalpak.uz
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа
Өзбекистан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус» көрик таңлагы республикамызда 1996-жылдан баслап дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Бул көрик-таңлаў...
Дүньядағы ең узын көпир
Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....