Алша – ҳәр түрли топырақта өседи. Әсиресе суўлы жерлерде жақсы өседи, бирақ шор жерлерди жақтырмайды. Алша ҳәм шийе мийўелери путалардың ески түрлеринен болып, антиоксидант актив бояў затларынан ибарат. Тийкарынан, Азияда, Орта Азияда ҳәм Кавказ еллеринде алшаның 25 ке жақын түри өседи. Әпиўайы алша терегиниң бойы 6-7 метр болып, суўыққа, қурғақшылыққа шыдамлы ҳәм мол мийўе береди. Алша тереги әдетте 30-40 жыл (базыда 100 жылға шекем) жасайды. Мийўеси думалақ, дәнели ҳәм суўлы болып, сарғыш, ақшыл қызылдан тоқ қызылға шекем болады.
Үлкен тереклердиң шақалары қалыңласып кеткенде, оларды сийреклетип турыў (шақасын кесиў) керек. Мийўеси теректе узақ ўақыт турады. Пәс болып өсетуғын айырым түрлери көп мийўе береди. Алша мийўеси жүдә шыпалы болып, оннан ҳәр түрли дәрилик шербетлер таярланады. Өзбекистанда өсирилетуғын алша мийўеси қурамында 8-17,5% ге шекем қант (шекер), 0,8-2,8% ге шекем кислоталар, сонлай-ақ С ҳәмде А витаминлери болады.
Мийўеси май-июнь айларында писип жетилседи. Алшаны дәнесинен, тамыр бүртигинен көбейтип егиўге болады.Егилгеннен кейин 3-4 жылдан мийўе бере баслайды. Өзбекистанда алшаның Гриот, Любская 15, Самарқанд, Тургеневка ҳәм қара шпанка нәллери егиледи.
Зыянкеслери: ҳәррелер, алша шыбыны, өсимлик битлери ҳәм басқалар.
Кеселликлери: мийўе шириўи, клястеропориоз, коккомикоз, ситоспороз ҳәм басқалар.
Алшаның адам саламатлығына пайдасы
Алшаның қурамында С витамини ҳәм рутин заты көплиги себепли ол қан-тамыр кеселликлеринде, тамыр дийўалларын беккемлеўде, веналардың варикоз кеңейиўинде, тромбофлебиттиң алдын алыўда, миокард инфарктында, инсултта, гипертонияда ҳәмде жоқары радиоактив фонға тәсир көрсетиўде жүдә пайдалы.
Асқазан ҳәм он еки бармақлы ишек жарасы кеселликлери ҳәм иш өтиў кеселликлери менен аўырғанларға алшаны жеў усыныс етилмейди. Аўқатланыў ҳәм дене салмағын бақлап баратуғын саламат адам ушын мийўелердиң күнлик нормасы 300-400 граммды қурайды. Кешки ўақытта алшаны жемеген мақул.
Алша – шамаллаў процессин кемейтиў қәсийетине ийе. Сондай-ақ бас мий искерлигин жақсылайды, уйқыны нормалластырады. Соның ушын уйқы менен болған машқалалар туўылса, рационға алша шербетин киритиң.
Халық медицинасында алша суўы бронхит, трахеит ҳәм аязлаўда, ыссылықты түсириўши қурал ретинде усынылады. Сондай-ақ ол иштейди ашады.
Заманагөй медицинада түрли асқыныўларға қарсы тәсир көрсететуғын антисептик, анемия ҳәм склерозға қарсы қурал ретинде пайдаланылады. Бул мийўе қурамындағы кумаринлер ҳәм оксикумаринлер қан уйыўы көбейип кеткенде жәрдемлеседи. Сол жағынан алша миокард инфарктын бастан өткерген адамларға пайдалы. Алша мийўеси шөлди басып, аўқаттың сиңиўин жақсылайды, ишти жумсатады. Дәнесинен таярланған эмульсия сидик-тас кеселлиги, колит, ишек атониясын даўалаўды қолланылады.
Алша сортлары
Любская 15 сорты. Бул сорт 1959 жылдан баслап Әндижан, Жиззах, Наманган, Сырдарья, Ташкент, Ферғана, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында өсириледи. Мийўеси июнь айының биринши он күнлигинде писеди. Терегиниң бойын 3 ярым метр. Мийўесиниң орташа салмағы 4,9 грамм. Мийўеси тоқ сары, қызыл, ҳәм мазалы болып, дәнеси етинен тез ажыралады.
Подбельская сорты. Бул сорт Германияда жаратылған. усы сорттағы алша терегиниң бойы бийик болып, бийиклиги 7 метрге шекем барады. Мийўеси үлкен думалақ. Реңи тоқ-қызыл.
Самарқанд сорты. Бул сорт елимизде жаратылған. Мийўеси июль айының үшинши он күнлигинде писеди. Мийўеси онша үлкен емес. Орташа салмағы 3 грамм. Өнимдарлығы гектарына – 122 центнерди қурайды.
Суўда жүзиўдиң 7 пайдасы
Суў бул – тиришиликтиң дереги. Ал шомылыў яки жүзиў – шынығыўдың ең пайдалы усылы болып табылады. Жүзиў менен шуғылланыўшылардың организиминиң тамыр системасы суў...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Шаңарақ
Жүрекке жақсылық жақса шамшырақ, Мийўеси перзентдур жаманлык жырақ, Нурлары жарқырап көбейип урпақ, Муҳаббаттан тикленгенде шаңарақ....
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Әжайып тереклер
Жер жүзинде тереклердиң түрлери жүдә көп. Олардың айырымлары бизде өспейди. Айырымлары әжайып характерге ийе. Бул тереклердиң атлары олардың...