Жер жүзинде тереклердиң түрлери жүдә көп. Олардың айырымлары бизде өспейди. Айырымлары әжайып характерге ийе. Бул тереклердиң атлары олардың қәсийетлерине қарап қойылған. Әлбетте, бундай тереклер ҳаққындағы мағлыўматлар көпшиликти қызықтырса керек.
Қант терек…
Қант тереги ҳаққында еситкенсизбе? Еситпеген болсаңыз билип алың. Оның ўатаны-Япония. Бундай тереклер Кореяда жабайы түрде өседи, соның менен бир қатарда Кавказ ҳәм Орта Азияда да өстириледи. Ҳақыйқатында да бул теректиң мийўеси қант сыпатында жеўге болады ҳәм кондитер санаатында қолланылады. Теректиң мийўесинде 20-30%, қурытылғанында 47%ға шекем қант бар. Гүли де мазалы. Соның менен бирге теректиң ағашы мебел ҳәм саз-әсбапларын таярлаўда пайдаланылады.
Сабын тереги
Ҳақыйқатында да тәбият сыйқырлы. Ўатаны қытай ҳәм Япония болған бундай тереклер Азияның басқа мәмлекетлеринде, Америка, Гавайи атаўлары ҳәм Океанияда да кең таралған. Мийўеси пискеннен соң, оны биймәлел сабын сыпатында пайдаланыў мүмкин. Тропик ҳәм субтропик мәмлекетлерде бул терек сабын алыў ушын егиледи. Қавказдың Қара теңиз жағаларында, Орта Азияда 3 түри өстириледи. Айырымларының мийўелерин жеўге де болады.
Қаўын тереги
Қаўын тереги бул Папайя деп аталатуғын, ҳәр дайым жасыл болып туратуғын мийўели терек. Бул терек Африка ҳәм қубла- шығыс Азияда көп таралған. Тез өседи, бәлентлиги 4-7 метр, суўыққа шыдамсыз, узақ жасайды. Мийўеси сары реңде болып, оны жеўге болады. Оның аўырлығы 3-6 килограмм, узынлығы болса 30 сантиметр болып, қаўынға уқсайды. Аты соның ушында қаўын тереги деп аталады.
Қағаз тереги
Шығыс Азия ҳәм Полинезияда өседи. Қағазтут терегиниң ўатаны Япония ҳәм Қытай. Бойы 5-16 метрге шекем болады. Тийкарынан қағаз таярлаўда қолланылады. Қабығынан сыпатлы қағаз пуллар, қымбатлы қағазлар ислеп шығарыўда пайдаланылады. Сол жердеги отырықшы ҳалық болса, бул теректен кийим-кеншек ҳәм арқан таярлайды.
Есемуратова Сахибжамал
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....
Қара көзлерим
Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....