Италиядағы 24 қалада ҳаўадағы зыянлы затлардың муғдары Европа аўқамында рухсат етилген көрсеткишлерден артып кеткен. Әсиресе Милан менен Туринде жағдай қыйын. Бул қалаларда “Евро-5” экологиялық класынан төмен көликлер менен жүриўге улыўма қадаған етилди. Сондай-ақ жыллылық бериў мәўсими де кейинге қалдырылды.
Шыпакерлердиң айтыўына қарағанда, соңғы ўақытта Туринде ҳаўаның патасланыўына байланыслы кеселликлерден қайтыс болыў дереги ушыраспақта. Аймақтың көк түтин басқанын космостан да көриўге болады.
Ал бул жағдайға қандай себеп болғаны еле анықланбаған. Синоптиклер алдағы күнлери жаўын жаўатуғынын хабарлаған. Қәнигелер болса жаўын жаўған ўақытта қойыў түтин азайыўы мүмкинлигинен үмитленбекте.
Төрт гөззал
Даңқы шыққан Кегейлидей елатта, Пахтада жүр химияның жаслары. Қыйналғаны билинбейди бирақта, Қасы өсип,гүллеп кеткен шашлары....
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Қарақалпақстаным
Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....
Қурақ көрпеше
Анам тиккен қурақ көрпеше, Көздиң жаўын алады жайнап, Мийнет етип күни-түн нешше. Қурастырар бир-бирлеп жыйнап....