Сизди сағындым... Бирге өткерген сол күнлерди сағындым... Түсинемен сиз мени унатып турып ашық айта-алмадыңыз. Себеби сиз муғаллимим единиз… Колледжге ҳәр күни сиз ушын барғанман … Сизди көриў ушын сабағыңызда сизде маған қарап отыратуғын едиңиз… Бизлердиң мухаббатымыз үнсиз тилсиз бирақ жүреклеримизди жандыратуғын еди.
Енди мен колледжди питкердим … Сизди басқа көре-алмайман деп қорқып едим, бирақ сиз мен питкерген күни каридорда қолыңызда гүл менен күтип тур единиз… Мениң атымды айтып бетиме қарадыңызда қолыма гүл бердиңиз. Уяттан қызарып кетип не деримди билмей тек рахмет дедимде әсте сизден узақласа басладым. Бирақ хеш питкериўди қәлемедим, қәне енди тағы 1-курс болып қалсам деп ойладым. Сонда сиз тағы атымды айтып шакырдыңызда қасыма келип, - “Кешир….Сендей қызды жоғалтқым келмейди... Айыпқа санама... Сен периштесеңғо... Мен бүгин сол периштеден телефон номерин сорайман енди, сени көрмесемде хешболмаса даўысын еситсем” дедиңиз... Албырап қалып номеримди зорға айттым... Сол күни меннен бахытлы инсан жоқ еди… Сол күннен басланды бәри телефонда сырласыўлар.
Бирақ арамыздағы тосықтан сизде қолайсыз жағдайда қалып жүр едиңиз. Кеше ғана маған “Кешир мен саған үйленсем аўылдағының бәри өсек қылады сол себепли ушрасыўғада шақыра-алмайман. Арамыздағы жас парқыда 12 жас. Мен алдын үйленип ажырасқанман. Сениң ата анаң гүлдей қызын маған бермейди. Бирақ жүрекке де сөзим жүрмейди. Бираз күт мени” - дедиңиз. Мен жылаўдан өзимди зорға усладымда, не болыпты күтиу қыйын емес бәрибир бирге болсақ болды дедим... Сизди сағындым...
Рая Адайбекова.
Исеним
Айлы ақшамларда зүлметке батып, Соңынан мәниссиз таңларым атып, Өзимди исеним менен жубатып, Ойым мың қыялға талғандай болды....
Ана
Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге, Тутастырып бәрҳә болады бирге, Аспаннан нур болып, гүл болған жерде, Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!...
Сағындым
Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....
Жуўапсыз мухаббат
Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....
Үмит ушқыны (монолог)
Кешир… Сени тыныш қоялмайман, Буның ҳеште илажи жоқ, Мен басқасын сүйе алмайман,...