Мине Бразилияда
болып өткен 31-жазғы Олимпиада ойынларыда өз жуўмағына жетти. Усы Олимпиада
жарыслары спортшыларымыз ушын ең әўметли ҳәм табыслы Олимпиада болды. Төрт жыллықтың ең
баслы жарысларының бири Рио-2016 Олимпиадасында қатнасқан спортшыларымыздың
искерлиги ҳаққында тоқталып өтемиз.
Бул Олимпиада да 70 спортшымыз спорттың 14 түри бойынша
елимиз даңқын қорғады.
Спорт түрлери: Жеңил атлетика, бокс, байдарка ҳәм каноеда
ескек есиў, көркем гимнастика, спорт гимнастикасы, дзюдо, академик ескек есиў,
оқ атыў, жүзиў, стол тенниси, таэквондо, теннис, аўыр атлетика, гүрес.
Усы Олимпиада ғәрессиз Өзбекистан тарийхында медаллар топлаў
бойынша рекордлық нәтийжеге ийе болды. Спортшыларымыз 13 медалды қолға киритти.
Усылардан 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 бронза медаль екенлигин атап өтиў орынлы.
Сыйлы орынларды ийелеген спортшыларымыздың дизими төмендеги кестеде келтирилген:
Медал түри |
Аты фамилиясы |
Спорт түри |
Медалды қолға кириткен сәне |
Алтын |
Ҳасанбой Дўстматов |
Бокс |
14 август |
Алтын |
Руслан Нуриддинов |
Аўыр атлетика |
15 август |
Алтын |
Шаҳобиддин Зоиров |
Бокс |
21 август |
Алтын |
Фазлиддин Ғоибназаров |
Бокс |
21 август |
Гүмис |
Шаҳрам Ғиёсов |
Бокс |
17 август |
Гүмис |
Бектемир Мелиқўзиев |
Бокс |
20 август |
Бронза |
Диёрбек Ўрозбоев |
Дзюдо |
6 август |
Бронза |
Ришод Собиров |
Дзюдо |
7 август |
Бронза |
Рустам Тўлаганов |
Бокс |
13 август |
Бронза |
Элмурат Тасмуродов |
Грек-рим гүреси |
14 август |
Бронза |
Муроджон Аҳмадалиев |
Бокс |
18 август |
Бронза |
Ихтиёр Наврузов |
Еркин гүрес |
21 август |
Бронза |
Магомед Ибрагимов |
Еркин гүрес |
21 август |
Рио-2016: Олимпиада ойынларында бүгинги қатнасатуғын спор ...
Бүгин 18-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Нәзериңизге 18-август күни жарысатуғын елимиз спортшыларының жарыс кестесин усынамыз....
Рио-2016: Олимпиада ойынларының бүгинги кестеси
Бүгин 16-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Нәзериңизге 16-август күни жарысатуғын елимиз спортшыларының жарыс кестесин усынамыз....
Рио-2016: Олимпиада ойынларының бүгинги кестеси
Бүгин 15-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Нәзериңизге 15-август күни жарысатуғын Өзбекистанлы спортшылардың жарыс кестесин усынамыз....
Рио-2016: Алтын медал қутлы болсын!!! Ҳасанбой Дўстматов Олимпи ...
14-август күни Рио-Олимпиадасының бокс бойынша биринши финал жарысы болып өтти. Бул күн елимиз спортында умытылмас ҳәм алтын ҳәриплер менен тарийх бетлерине жазылатуғын...
Рио-2016: Бүгин алты спортшымыз спорттың үш түринен ...
Бүгин 10-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Яғный бүгин алты спортшымыз спорттың үш түринен жарысады. Нәзериңизге 10-август...