14-август күни Рио-Олимпиадасының бокс бойынша биринши финал жарысы болып өтти. Бул күн елимиз спортында умытылмас ҳәм алтын ҳәриплер менен тарийх бетлерине жазылатуғын ең қуўанышлы күн болды.
49 килограмға шекемги болған спортшылар арасындағы жарыста өзбекистанлы Ҳасанбой Дўстматов колумбиялы Юберхен Мартинес Ривасқа қарсы ринге шықты.
Ҳасанбой Дўстматов қарсыласына көплеген соққылар берди. Үш раундта да елимиз спортшысы қарсыласын жеңе берди. Яғный жуўмақлаўшы баҳа - 3:0 — 29:28, 30:27, 30:27.
Сөйтип Ҳасанбой жеңиске ерисип, алтын медалды қолға кирити. Бул болса өз гезегинде пүткил елимизди қуўанышқа бөледи.
Еслетип өтемиз, Олимпиада ойынларында бокс бойынша биринши алтын медалды 2000 жылдағы Сидней Олимпиадасында Муҳаммадқодир Абдуллаев алған еди. Мине енди гезектеги алтын медалды Ҳасанбой Дўстматов алды. Ал усы жарыста гүмис медал Мартинезге, бронза медаллар болса америкалы Мигел Эрнандес ҳәм кубалы Аргилагосларға буйырды.
Бүгинги ғәрессизлигимиз қарсаңындағы жеңис пенен елимизди қутлықлаймыз.
Рио-2016: Кешеги күнниң нәтийжелери
Нәзериңизге кешеги күнниң нәтийжелери менен таныстырамыз. Кешеги күн спортшыларымыз ушын қандай өтти, неше спортшымыз жарысты? Қайсы спортшыларымыз қарсыласын...
Рио-2016: Бүгин 10 спортшымыз жарысады. Олимпиада ойынларының ...
Бүгин 12-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Яғный бүгин 10 спортшымыз Рио төринде жарысқа түседи. Нәзериңизге 12-август...
Рио-2016: Бүгин алты спортшымыз спорттың үш түринен ...
Бүгин 10-август күни Олимпиада ойынларының гезектеги медаллары ушын жарыс басланады. Яғный бүгин алты спортшымыз спорттың үш түринен жарысады. Нәзериңизге 10-август...
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...