Алдында қаҳаман қыс барын билип,
Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.
Бир мәўсим айырылып жапырақтан,
Жүзлери сарғайып сағыныштан,
Өтип алыў ушын қаҳаман қыстан,
Төзимликти үйрет маған, алтын гүз.
Жапырағың сарғайып, түр-түске енип,
Жүзлерди сыйпалап самалың есип,
Әдепли, ийбели бир қыздай нәзик,
Гөззаллықты үйрет маған, алтын гүз.
Батырлығың, төзимиң ҳәм гөззаллығың,
Үйрет маған, сөзден маржанлар дизип,
Өзгеше йош ҳәм де илҳамлар берип,
Шайырлықты үйрет маған, алтын гүз.
Есемуратова Сахибжамал
Poeziya bo'limi | 29-oktyabr, 2013 jıl.
Megaline.uz arxivinen.
Қорқаман
Бүгин қосық жазып ертеңги күни Жаза алмай қалыўымнан қорқаман. Денсаўлықта ойнап күлип бир күни Тура алмай қалыўымнан қорқаман....
Жетимниң анасына
Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....