Рио-2016 Олимпиада ойынларының бокс бойынша беллесиўлеринде бир қатар жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды ийелеген боксшылар анықланды.
Солардан, Өзбекистан сайланды командасынан Ҳасанбой Дўсматов (-49 кг), Рустам Тўлаганов (-91 кг) ҳәм Шаҳрам Ғиёсов (-69 кг) лар алтын, бронза ҳәм гүмис медалларын қолға киритип, мине усы бокс турниринде медаллар алыў бойынша биринши орынға шықтық. Мәмлекетимизден кейинги орынларда 1 алтын ҳәм 1 гүмис медал менен Қазақстан екинши орында. Ал үшинши орында болса Россия ели (1 алтын ҳәм 1 бронза).
Еслетип өтемиз, бокс беллесиўлеринде қатнасып атырған Муроджон Аҳмадалиев (-56 кг), Бектемир Мелиқўзиев (-75 кг), Шаҳобиддин Зоиров (-52 кг) ҳәм Фазлиддин Ғоибназаров (-64 кг) лар ярым финалға өтип, енди кеминде бронза медалын қолға киритеди.
Олардан үлкен жеңислер күтип қаламыз!
Рио-2016: Ғиёсовтың гүмис медалынан кейин командамыз 26- ...
Рио Олимпиадасының он екинши күни жарысларынан соң медаллар алыў бойынша АҚШ қурама командасы еле алдыңғы қатарды, Өзбекистан қурама командасы болса ......
Рио-2016: Бүгинги алтын медал ушын болатуғын беллесиўде Шаx ...
Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында өткерилип атырған Жазғы Олимпиада ойынларының бүгин 12-күни. Бул күни Өзбекистан спорт ықласбентлериниң...
Рио-2016: Бүгин Шаҳобиддин Зоиров шерек финалда ринге шығ ...
Бүгин Рио Олимпиадасының бокс беллесиўлеринде және еки боксшымыз шығады. Олардан, 52 кг салмақ дәрежесинде елимиз мәртебесин қорғайтуғын боксшымыз Шаҳобиддин...
Рио-2016: Алтын медал қутлы болсын!!! Ҳасанбой Дўстматов Олимпи ...
14-август күни Рио-Олимпиадасының бокс бойынша биринши финал жарысы болып өтти. Бул күн елимиз спортында умытылмас ҳәм алтын ҳәриплер менен тарийх бетлерине жазылатуғын...
Өзбекистанлы боксшылар ЖЧ финалына шықты
Еслетип өтемиз, усы жылдың 6-октябрь сәнесинде Қатар пайтахты Доҳа қаласында бокс бойынша Жәҳән чемпионатына старт берилген еди. Ең итибарлысы ярым финал басқышына...