Дүньяда саўғаны алыўды жақсы көретинлер ғана емес, соның менен бир қатарда саўға бергенди унататуғын адамлар да көп. Көпшилигимиз алдын ала таярлық көрмей, саўғаны алыўға сол күни барыўымыз мүмкин. Саўға таңлаўға барғанда, қандай саўға алсам екен?! Оған қандай саўға унайды? деген сораўлар туўылыўы тәбийий. Ҳәр кимниң талғамы түрлише болғанлықтан саўға таңлаў ҳәм усы талғамға байланыслы болады.
Кимге қандай саўға унайтуғынын, сол адамның жулдыз белгисине қарап ҳәм билиўге болады екен. Егер саўға таңлаўдан қыйналсаңыз, Мегалайныңыз сизге сыйлық таңлаўға көмеклесетуғын кеңеслерди усынады.
Қойға қандай саўға беремиз: (21.03-20.04)
Қызларға саўға таңласаңыз, түрли тағыншақлар ҳәм безендириў буйымларын таңлаң. Ал кийим таңласаңыз ашық реңли, күлрең көйлеклерди таңлаң.
Буғаға қандай саўғалар унайды: (21.04-20.05)
Буғалар үйге керекли ыдыслар, асханаға керекли тарелкалар, қурылмалар сыяқлы затларды жақсы көреди. Ал қызыңызға ямаса қарындасларыңызға ямаса ҳаялыңызға косметика саўға еткен мақсетке муўапық. Ал кишкентай буғаларға бир каропка мазалы затлар, ойыншықлар, пласталинлерди саўға етсеңиз болады.
Егизеклерге қандай саўға беремиз: (21.05-21.06)
Егизеклердиң аты айтып турғанындай бир адамнан еки саўға алыўына қарсы емес. Бирақ бул бирдей сыйлық болмаўы тийис. Оларға жумыс столына тийисли буйымлар, китаплар, музикалық дисклер, сондай-ақ көпшиликтиң нәзерине түскен жаңа затлар унайды.
Шаянға қандай саўға беремиз: (22.06-22.07)
Шаянлар гүмис затларды жақсы көреди. Үйге керекли болған нәрселерди де унатады, төсеклер, дәстурхан, үйде кийетин аяқ кийим, тефал сыяқлы буйымларды жақсы көреди. Сондай-ақ тәбийий тасларды, жумсақ ойыншықларды да унатады. Шаянлар басқа жулдызларға қарағанда саўға берген адамға айрықша алғыс айтады.
Арысланға қандай саўға беремиз: (23.07-23.08)
Арысланлар майда сыйлықларды унатпайды. Оларға унайман десеңиз, саўға сатып алғанда ақшаңызды аямаң. Алтын буйымлар, қымбатлы таслар, сүўретлер оларға унайды. Ал кишкентай арысланлар үлкен жумсақ ойыншықларды жақсы көреди. Арысланлар басқаларғада саўға бергенде ақшаларын аямайды.
Периге қандай саўға беремиз: (24.08-23.09)
Перилер пайдалы саўғаларды жақсы көреди. Ыдыс-табақларды саўға қылып берсеңиз қуўанып қалады. Ал кишкентай перилерге саўға ретинде ақша бериўгеде болады.
Тәрезиге қандай саўға беремиз: (24.09-23.10)
Тәрезилер барлық нәрселерге үлкен талғам менен қарайды. Сол себепли сыйлық таңлаўда итибарлы болыў керек. Саўғаңызды арнаўлы тапсырма менен ислетсеңиз жүдә жақсы болады. Оларға тағыншақлар жүда унайды.
Сарышаянға қандай саўға беремиз: (24.10-22.11)
Сарышаянларға саўға таңлаў қыйын, сонлықтан өз сыйлығын өзлерине таңлатыў ямаса қандай саўғалар унайтынын сорастырған мақсетке муўапық. Тоқылған жемпирлер, сырлы сыйлықлар унаўы мүмкин.
Мергенлерге қандай саўға беремиз: (23.11-21.12)
Мергенлер сюрпризди жақсы көреди. Сонлықтан қандай саўға бериўиңиз ҳаққында айтып қоймаң. Олар ушын сыйлықтың баҳасы ҳәм сапасы қызық емес, ең баслысы кеўилден берилген саўға.
Ешкимүйизлерге қандай саўға беремиз: (22.12-20.01)
Ешкимүйезлер жүдә сыншы болады. Сизге билдирмегени менен сыйлығыңызды сизге айтпай сынайды. Оларға сўмка, қайыс (белбеў), кийим-кеншеклерди жақсы көреди. Ал кишкентай ешкимүйезлер жасына қарамастан үлкенлерге тийисли саатларды унатады.
Суў қуйыўшыларға қандай саўға беремиз: (21.01-19.02)
Суў қуйыўшылар өзи қызығып жүрген саўғаларды алғанды унатады. Оларға саўға айрықша болыў керек. Сонлықтан соңғы шыққан уялы телефонлар ямаса сўмкалар берсеңиз болады. Сондай-ақ турмыслық техника, диск, сулыў кийимлерди бериўиңизге де болады.
Балықларға қандай саўға беремиз: (20.02-20.03)
Балықларға жыллы тоқылған жемпирлер ҳәм қолғаплар унайды. Олар ушын романтикалық кеше ҳәм әтирапта қыдырыў ең әжайып сыйлық.
Саўғаның үлкен кишиси жоқ, сонлықтан ҳаял қызларға қандай саўға таңласақта қасына гүлди қосып берген мақсетке муўапық. Ең баслысы кимге қандай саўға берсеңизде талғам менен таңлап, шын жүректен берген саўға, ең әжайып саўға.
Megaline.uz arxivinen.
Ер жигитлерге арналған саўғалар
Бул мақаламыз ҳаял-қызларға арналады. Қызлар 8-мартта яки туўылған күнинде, байрамларда жигитлерден саўға күтиўи мүмкин. Жақын адамларыңызға яки...
Исеним
Айлы ақшамларда зүлметке батып, Соңынан мәниссиз таңларым атып, Өзимди исеним менен жубатып, Ойым мың қыялға талғандай болды....
Саўға таңлаў ушын айырым кеңеслер
Дүньяда саўғаны алыўды жақсы көретинлер ғана емес, соның менен бир қатарда саўға бергенди унататуғын адамлар да көп. Көпшилигимиз алдын ала таярлық...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....