“Ўзбеккино” Миллий агентлиги буйыртпасына тийкарланып режиссёр Рустам Саъдиев тәрепинен сүўретке алынған “Барон” фильми жақында ғана үлкен экранларда көрсетилип, көплеген тамашагөйлерине ийе болды. Ҳәр күни Ташкент қаласындағы кинотеатрларға бул фильмди көриў ушын мыңлаған тамашагөйлер келмекте.
Үлкен экранларға шыққанына бир ҳәпте болған бул фильм “қарақшылар”дың итибарынан шетте қалмапты. Фильмниң нусқасы қол телефонлары арқалы әллеқашан тарқалып үлгерген. Режиссёрдың пикиринше бул ислер жуўапсыз қалмайды.
“Барон” фильми Өзбекистан менен бир қатарда, Түркия ҳәм Россияда да сүўретке алынған. Фильмди түсириўге 147 миллиард сўм қәрежет сарыпланған. Фильмди сүўретке алыў процесси 8 ай даўам еткен. Бул картинада бас роллерди голливуд актёры Гассон Массуд, россиялы актёрлар Адрей Смоляков, Виктор Вержбицкий, Андрей Прилучный ҳәм өзбекистанлы актёрлар Ёқуб Аҳмедов, Муҳаммадисо Абдулхаиров, Дилором Эгамбердиева, Улуғбек Қодиров, Дилноза Кубаева, Жамила Ғофурова, Шаҳло Темировалар қатнасқан.
Дерек көзи: qalampir.uz сайтынан.
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....