2001 жылы Манчестрли МЮ ойыншысы Рой Кин МС ярым қорғаўшысы Холандтың дизесине теўип, нәтийжеде Холланд аўыр жарақатланды. Холланд бул жарақатынан кейин бар жоғы 2-3 ойынға қатнасып, 29 жасында футболшы карьерасын тоқтатты. Кейин, Рой Кин өз айыбын сезинип, Холландтың дизесине режели түрде тепкенин мойнына алды.
ДЖИБРИЛЬ СИССЕ
Еки аўыр жарақаттың кесиринен, өз дәўириниң талантлы футболшысы Джибриль Сиссениң карьерасы әдеўир өзгерди. Ол биринши жарақатын Блэкберн командасының қорғаўшысы Джеймс Макивли менен дүгисип қалған. Буның нәтийжесинде Сиссениң аяғы сынып кетти. Шыпакерлердиң жәрдеминиң арқасында Сиссе бул жарақатынан қутылып, өзиниң бурынғы ойын дәрежесине көтерилди.
Бирақ ол Қытайлы команда менен болып өткен дослық ушырасыўында оның аяғы тағы сынды. Ол бул жарақаттан да тәўир болды, бирақ өзиниң бурынғы дәрежесине жете алмады.
ЭДУАРДО ДА СИЛВА
2008 жыл 23 январда Бирмингем командасына өткерген матчта, Арсенал командасының ойыншысы Эдуардо да Силва Бирмингем ойыншысы Мартин Тейлор менен дүгисип қалды. Бул дүгисиўде Эдуардоның аяғы ортасынан сынды. Ол бул жарақаты менен бир жыл шамасында гүресип тәўир болды.
АЛАН СМИТ
2006 жыл 18 феврал сәнесинде МЮ ҳәм Ливерпул командалары арасында болып өткен Англия кубогының матчында, майданға 2-таймда шыққан МЮ ойыншысы Алан Смит, ойынның соңына келгенде Ливерпул ойыншысы Йоан-Арне Риисе менен қағысып, аяғын сындырып алды. Алан Смит бул аўыр жарақаттан соң бурынғы ойын дәрежесин көрсете алмады, нәтийжеде Ньюкасл командасына алмасты. Ҳәзирги ўақытта ол Англияның биринши дивизионында Милтон Кинс Донс командасында ойнайды.
ААРОН РЭМСИ
2010 жыл 27-феврвалда Сток сити ҳәм Арсенал клубларының арасында болып өткен матчта, Арсенал ойыншысы Рэмси Сток Сити қорғаўшысы Райан Шоукросс пенен дүгисип, аяғы сынды. Қызыл қағаз алған Райан Шоукросс майданнан жылап кетти.
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Сиңлим ҳәм мен
Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....