Bul mobil menyu orni/ testing....


    “Mail.Agent кимниң үйи?!”: Ҳәр нәрсениң өз орны бар


    Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзи бойынша интернет пайдаланыўшыларының көпшилиги социаллық тармақлардан пайдаланады. Ҳәттеки айырым жасларымыз интернет десе көз алдына социаллық тармақлар келеди. Ҳәзирги глобалласыў процессинде Facebook, Twitter, Мой Мир, Однаклассники сыяқлы социяллық тармақлардың пайдаланыўшылары жылдан жылға артып бармақта. Байланыс қуралына айланған бундай социяллық тармақлардың тәсирине түсип қалған жасларымызда аз емес. Ал ҳәзирги ўақытта бизиң жасларымыз қайсы социяллық тармақ хызметлеринен пайдаланады? Ҳәм қандай мақсетлерде деген сораў өз-өзинен туўылады.

    Бул сораўдың жуўабын жасы үлкен ата-апаларымыздан да сорасаңыз айтып бериўи мүмкин. Бул Mail.Agent (m.Agent) байланыс қуралы. Ҳәттеки халқымыз арасында m.Agent ҳаққында ҳәзиллерде ушырасады. «Ат пенен излеген адамыңды m.Agent-тен табасаң, Баламды ҳеш жерден таба алмай атырман деген ата-анаға қоңсысы m.Agent-тен излеп көрдиңбе?» деген ҳәзиллерде көбейип баратыр. Ал бул тармақтан пайдаланыўшылардың көпшилиги жаслар десекте қәтелесемиз. Себеби үлкен-кишиниң кеўлинен шыға билген бул тармаққа ересек адамларда дизимнен өтип «агентшилердиң» қатары күн сайын артып бармақта.

    2003 жылы Россияда mail.ru компаниясы өз искерлигин баслаған еди. Дәслепкисинде бул компания өз искерлигин электрон пошта хызметинен баслаған болса, кейин ала ол турмыстың барлық тараўларын өз ишинде қамтыйтуғын ири жобалар комплексин жәмлеп үлкен порталға айланды. Мине усы жобалардың ишинде m.Agent хызметиде пайда болды. Дәслепкисинде бул байланыс қуралынан интернет тармағына жалғанған жеке компьютер пайдаланыўшылары пайдаланған болса ал ҳәзирги күнге келип мобил байланыс қуралларынан пайдаланыўшыларда бул хызметке қосылған. Информация әсиринде интернет тармағы ҳәр бир үйде емес ал ҳәр бир адамның қалтасында десек қәтелеспеймиз. Сонлықтан да m.Agent хызметинен уялы телефонлар арқалы қәлеген орынларда пайдаланыў мүмкиншилиги бар деген сөз.

    m.Agent хызметиниң мүмкиншиликлери ҳаққында көп нәрсе айтыўға болады. Бирақ биз оған тоқталып өтпеймиз.

    Соңғы ўақытлары көшеде де, жумыста да, бәндиргилерде де, аўқатланыў орынларында да m.Agent тармағынан пайдаланып атырған жасларымызды ушыратамыз. Ҳәттеки автобустың ишинде m.Agent арқалы байланыста болып, түсиў бәндиргисинен өтип кеткен жасларды да ушыратамыз. Сондай ақ той мерекелеримизде айырым қыз-келиншеклеримиз қасындағы қурдасларының сәўбетинен алыслап қолындағы темир қутыға қарап жаңалық күтетуғындай көз үзбейди ямаса қолы тынбай бир нәрселерди жазып отырғаныныңда гүўасы болып атырмыз. Көпшилик жағдайларда алыс жақындағы ағайын-туўысқанларды да, қурбы-қурдасларды да жақынластырып қатнасықты беккемлейтуғында мине усы той. Ал бундай имканиятлардан бас кешип, әтирапындағылардың сәўбетине қулақ аспай виртуал өмирдеги дослары менен сәўбетлесип отырғанларды көрсең олар өзлериниң ҳақыйқый өмирдеги жақынларынан қарым қатнасы алыслап виртуал өмирдеги досларын ҳақыйқый өмирдеги досларына алмастырды ма екен деп те қаламыз.

    Ҳәр заттың өз мөлшери, шегарасы болғаны сыяқлы алтын ўақтымызды үнемли пайдаланып, m.Agent-тен де тек ғана зәрүрли ҳәм мазмунлы нәрселер ҳаққында сәўбетлессек мақсетке муўапық болады. М.Agent арқалы қаншама дос арттырсақта ҳақыйқый өмиримиздеги досларымыздан бас кешпейик. Дана халқымыз «жүз сомың болғанша, жүз достың болсын» деп бийкар айтпаған.


    Авторы: Калмуратов Б.

    Megablog, Xabar-line bo'limi | 11-yanvar, 2013 jıl
    Bul bet 3305 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

    Ҳақыйқый дос тармақта ма?

    2012 жылдың 5 ноябрь күни Facebook рәсмий веб сайты социаллық тармақларды шеннен тыс пайдаланыў денсаўлыққа зыян деп жәриялады. Илимпазлар Facebook сыяқлы социаллық...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Taqdirga murojaat

    Taqdir senga bir savol agar kelmasa malol,
    Aytib bergin avvalim oxirim ham azalim,
    Kechmishimda nelar bor menga qay ishlar dushvor,
    Mushkuloting qay zamon bu jonni qo’yib omon.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 2160 ret ko'rildi


  • Otajon!

    Dunyoda mehribonim sajdagohimsiz,
    Yo’llarimni yoritguvchi quyoshimsiz,
    Siz men uchun eng aziz eng ulug’ inson,
    Baxtimga siz bor bo’ling aziz otajon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1777 ret ko'rildi


  • Qaraqalpag'im

    A’sir boyı jasap kelgen xalıqsan’,
    Da’stu’rin’di ornında saqlay alg’ansan’,
    Alla tala aytıp ketken bir ma’rte,
    Qaraqalpaq atın’dı hesh joytpag’ansan’.

      
    05-iyul, 2015 jıl. 1742 ret ko'rildi


  • İshki debdiw

    “O’tsem eken qay jerinen bul qumnın’?
    Barsam” – degen, “qaysı turg’an iz benen?”.
    Tamshısıman ag’ıp turg’an Jayhunnın’,
    Ten’izge barıwg’a soqpaq izlegen.

      
    07-sentyabr, 2015 jıl. 2340 ret ko'rildi


  • Азизларимга

    Ҳамма шоир айтди ёр ҳақида сўз,
    Ишқни олов, - дея ёздим,тўймадим.
    Ажаб,ўша ловуллаган туйғуни
    Онамнинг пойига тўшаб қўймадим.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 1656 ret ko'rildi


  • Ёмғир

    Нолангни эшитиб, қалбим тиламен,
    Сени ҳаммадан ҳам яқин биламен,
    Сен йиғласанг, айт мен нима қиламен?
    Қўй йиғлама, йиғлоқи ёмғир.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 2072 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • O’n sakkiz yoshim

    Senga ming rahmat o’n sakkiz yoshim,
    Sevgi sirlari ham qotirar boshim,
    Belgi ber bilarmisan, sen kursdoshim,
    Ne qilsam, sevarsan, ey bag’ritoshim,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1716 ret ko'rildi


  • Unitolmayman!

    O’zga yorni sevolmayman,
    Sendan hecham kecholmayman,
    Sensiz hecham yasholmayman,
    Nega seni unitolmayman?!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2054 ret ko'rildi


  • Jalg’ızlıq

    Mine bu’gin otırman qolımda su’wretin’,
    Ko’z aldımnan ketpes ele elesin’,
    Telefonıma qarasam kelmeydi hesh bir ses,
    O’tken ku’nlerim qayta kelmeydi hesh.

      
    02-fevral, 2016 jıl. 3489 ret ko'rildi


  • Муҳаббат формуласи

    Муҳаббат миллатни,ирқни танламас,
    Унинг ёлғиз уйи девона юрак,
    Дил xаста бўлганда,моҳир шифокор
    Давони қайлардан топмоғи керак?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1536 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.