- Ана мени неге туўдың
- Журтым ушын. М. Юсуф
Шынабат районындағы дем алыў орайларының бирине барғанымызда жолда бир жасы үлкен әпиўайы дийхан “Сиз Муҳаммед Юсуфсыз-а?” деп сораған еди мен ҳәм Муҳаммед Юсуфқа жүзленип, Самарқанд ҳаққындағы қосықларыңызды жазған қолларыңыз усыма деп Муҳаммед Юсуфтың қолларын сүйди сүйсинип деген “Муҳаммед Юсуф сабақлары” китабы авторы Шукур Қурбон толқынланып шайырға шексиз ҳүрметин усылай баянлаған еди өз китабында. Мине бул “Сиз Муҳаммед Юсуфсыз а?” деген атамадағы мақаланың бул қатарлары мени ойға талдырды. Өйткени әпиўайы дийханда көзине жас алып Муҳаммед Юсуфты көргенде өз меҳирин билдирип, сүйсиниўи оның уллы шайыр бола алғанынан дерек береди.
Ҳүрметли Президентимиз “Әдебиятқа итибар мәнәўиятқа, келешекке итибар” атлы мийнетинде “жеке өзим шайыр әдебиятшылар дегенинде ҳәмме ўақытта ел журт қайғысын, қуўанышын жырлап, ўатан ушын пидайы хызмет ететуғын инсанларды түсинемен” – деген еди. Шынында да әдебият деп аталған үлкен океан ишиндеги гаўхар ҳасыллардың нурынан Ўатан сезими, меҳри тараўы керек. Сонлықтанда шайырлар султаны Алишер Наўайы “Адам болған адамның – халық ғамынан басқа ғамы болмаўы керек” дейди. Муҳаммед Юсуф жүрегинде Ўатан сезимин сезинип, оны философиялық дүньясы менен суўғарған ҳақыйқый ел перзенти, жыршысы.
Дурыс, барлық қәлем ийелери ўатан, туўылған жер ҳаққындағы туйғыларын ақ қағазға көшириўи мүмкин. Деген менен оның барлығы халық жүрегинен орын ийелеп, яд алып руўхый дүньяны кеңейте алмайды. Шайыр Мухаммед Юсуф кеўлинен шыққан сөзлерди екинши бир жүрекке сиңдире алды.
Усы орында Өзбекстан қаҳарманы Озод Шараффиддиновтың шайыр ҳаққындағы айтқан мына гәплери ядымызға түседи яғный: “Муҳаммед Юсуф өзиниң нама қосықлары менен танылғаны жоқ, керисинше ўатан сезимин әпиўайы қатарлары менен жазып өзгешелениўи менен танылды, ҳүрмет-иззетке бөленди”. Ҳақыйқатында да шайырдың қайсы бир дөретпеси менен таныспайық барлық инсанларға теңдей жетип бара алатуғын қатарлары кеўиллерди илҳамландырады.
“Ўатан”, “Бүлбилге бир гәпим бар”, “Тилек”, “Анама хат”, “Сүўрет”, “Биз бахытлы баламыз” сыяқлы бир қанша қосықларында шайырдың поэтикалық талғам дүньясы кең ашып берилген. Олардың баслы идея ҳәм мазмун ўатан ана, сыяқлы уллы темалар. Ғәрессизликтиң дәслепки күнлеринен ақ шайыр “Ҳеш кимге бермеймиз сени Өзбекстан!” деп халықты өз дөретпелери арқалы ўатансүйиўшиликке шақырды. “Тынышлығыңды көре алмағанлар бир күн келип топырағына зар болады” деген қатарлары менен елимиздиң бир уўыс топырағы, ҳәр бир гиясы муқаддес екенин дәлилледи.
Ал “Ўатаным” қосығында болса,
Көрингенди дуўа қылар,
Бизиң мамалар қайда бар. яки,
Самарқанд наны қайда бар,
Өзбекстан қайда бар! деп жырлап оқыўшы пүткил халық жүрегинде таўдай таянышы ўатаны бар екенлигин айтып, мақтаныш сезимлери пайда етти. Усындай поезия аспанының сөнбес жулдызының өмир ҳәм дөретиўшилик жолына нәзер тасласақ ол 1954-жылы Бабурдай уллы шахсты шығарған Әндижан ўәләятының Қаўыншы аўылында туўылған. Ташкент рус тили ҳәм әдебияты институтында тәлим алып бир қанша газета журнал, ахборот агентлиги ҳәм басылымларда жумыс алып барған.1976 жылы “Өзбекстан әдебияты ҳәм көркем өнери” газетасында дәслепки қосықлары жарық көре баслады. Кейин ала бир қанша китап топламлары баспадан шықты. 1998-жылы шайырға Президентимиз тәрепинен “Өзбекстан халық шайыры” атағы берилди.
Әлбетте қосық қатарлар бул шайырдың ҳүжданы. Муҳаммед Юсуфтың өмир жолы дөретиўшилиги менен танысып үлги алып, әдебият суўынан мийриң қанады.
Шайырдың қатарларына жазылған нама қосықларды бирге айтып йошланып отырған тыңлаўшылар ериксиз көзлерине қуўаныш көз жасларын алады. Бул нениң белгиси әлбетте шайырдың қосық қатарларының қүдиретли екенлигинде, қәлбинде халықтың сөзи бар екенлиги, Муҳаммед ҳәм Юсуф булар екеўиде пайғамбар атлары деп китапларда келтириледи. Муҳаммед Юсуф кеўиллеримиздиң әдебият әлеминиң пайғамбары болып, оның қосықлары әсирлер, жыллар , дәўирлер даўамында жырланады, тәрийпленеди. “Мениң қосықларымды анам, халқымтүсинбесе не кереги бар” деп айтады екен шайыр. Сол айтқанындай бул уллы инсанның қосық қатарлары келешек әўладларғада түсиндириледи, олардың кеўиллеринен орын ийелейди. Ўатанды жырлаған қосықлары арқалы биз жаслардың руўхыйлығымыз жоқарылап, ҳақыйқый ел перзенти болыўға деген интамыз аса береди. Мухаммед Юсуф ҳаққындағы бул пикир ҳәм қыялларымыз теңизден тамшы. Шолпан айтқанындай “Әдебият жасаса миллет жасайды”. Шайыр қосықлары пүткил миллет халық пенен бирге өмир сүреди. Өйткени, Өзбекстан қайда бар, Муҳаммед Юсуф қайда бар.
Хүрлиман Нуржанова.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....