Көзлеримди жумып қыял сүремен,
Сонда қыялларым үзилип жерден,
Қолымнан услады бир жигит мениң,
Деди ол көп күткен шахзодаңман мен.
Қол усласып көтерилдик аспанға,
Бултлар үстинде вальс ойнадық,
Телмирип қол үзбей бир-биримизден,
Қуяштың батыўын сезбей-ақ қалдық.
Түн гөззал, аспанға шықты жулдызлар,
Айда күлип бағар сәулесин шашып,
Жулдызлар безеди ақ көйлегимди,
Екеўимиз айттық бир шадлы қосық.
Сонда жулдыз ушты тиледим тилек,
Илайым барлығы оңым болсын деп,
Ол айтты «Мен еле келемен жаным»,
Ақ ат минип бирак, сен мени күт тек.
Қандай жағымлы бул романтика,
Исене басладым мен мухабатқа,
Енди мен күтемен өмирим бойы.,
Алып кетер сол шахзодам ақ атта.
Мийригуль Турымбаева.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Қарақалпақта
Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Ўатаным
Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...