Заманласларымыз арасында АҚШ та билим алып, тәжирийбе арттырып келген жасларымыз көпшиликти қурайды. Бүгинги күни олардың биразы елимизде ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип келмекте. Бизиң жерлесимиз Алтынай Жәримбетовада АҚШ та алған билимин ҳәм тәжирийбесин елимиздиң өсип-раўажланыўы ушын жумсып киятырған жасларымыздан есапланады. Алтынай менен болған сәўбетимиз АҚШ тағы билим алыў процесси ҳәм басқада сораўлар дөгерегинде болды.
Жәримбетова Алтынай: Нөкис қаласында туўылған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң инглис филологиясы қәнигелиги бойынша бакалавр дәрежесин ҳәм Ташкенттеги Жәҳән тиллери университетинде магистрлик дәрежесин алған. 2009-2011-жылларда АҚШ тың Батыс Иллинойс университетинде магистратурада билим алған.
Заманласларымыз арасында АҚШ та билим алып, тәжирийбе арттырып келген жасларымыз көпшиликти қурайды. Бүгинги күни олардың биразы елимизде ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип келмекте. Бизиң жерлесимиз Алтынай Жәримбетовада АҚШ та алған билимин ҳәм тәжирийбесин елимиздиң өсип-раўажланыўы ушын жумсып киятырған жасларымыздан есапланады. Алтынай менен болған сәўбетимиз АҚШ тағы билим алыў процесси ҳәм басқада сораўлар дөгерегинде болды
- Дәслеп АҚШ билим алыў имканияты қалай пайда болғанын айтып өтсеңиз?
- Магистратураны питкерип келгенимнен соң Нөкисте «Шегарасыз шыпакерлер» халықаралық шөлкеминде аўдармашы болып жумыс басладым. Кейин ала болса, психолог ҳәм психиатр ассистенти болып жумыс исследим. Бул жерде үш жыл жумыс ислеп жетерли тәжирийбе топладым ҳәм АҚШ ҳүкимети тәрепинен шөлкемлестирилген Muskie оқыў бағдарламасына қатнастым. Стипендия утып алдым ҳәм Батыс Иллинойс университетинде жәмийетлик ден саўлықты сақлаў бағдары бойынша магистратура дәрежесин алыўға миясар болдым. Еки жыл даўамында университетте ден саўлықты сақлаў бойынша изертлеў жумысларын алып барыў методикасы, статистика, ден саўлықты сақлаў бойынша ағартыўшылық жумысларды алып барыў технологиясы ҳәм методы, ден саўлықты сақлаў бойынша бағдарламаларды раўажландырыў, эпидемиология ҳәм басқада курслар бойынша билим алдым.
- Оқыў процесинде қандай өзгешеликти сездиң?
- Мени таң калдырған тәрепи Америка университетлеринде муғаллимге қарағанда студент көп излениўге мәжбүр. Себеби, муғаллим лекцияны презентация усылында усынады ҳәм соның тийкарында тапсырма береди. Әсиресе, плагиатқа (басқа дереклерден көшириў) үлкен итибар қаратады. Егер студенттиң жумысында басқа дереклерден көширилген гәп табылса онда тапсырма бийкарланады, ескертиў бериледи. Ал, бундай жағдай және қайталанса студент университеттен қуўылады. Және бир итибарлы тәрепи, университет китапханасы азанғы 7 ден баслап түнги 12 ге шекем жумыс ислейди. Китапхананың оқыў заллары ҳәр дайым толы болады. Соның менен бирге китапхана жақсы үскенеленген, принтер, сканер, ксерокс бар. Егер буйыртпа берген китабыңыз университет китапханасынан табылмаса, басқа университеттиң китапханасынан сорап алдырады.
- Оқытыўшы менен студенттиң арасындағы қатнасы қандай екен?
- Профессор студентлерге жүдә мийирман ҳәм ғамхор болыўға ҳәрекет етеди. Гейде бирге пикирлесиў шөлкемлестиреди. Статистика пәнинен оқытатуғын ҳәм деканымыз ҳәр ҳәптеде бир мәртебе бизлерди түсликке мират ететуғын еди. Бул нәрсе муғаллим менен студент арасындағы қарым-қатнасты жумсартады, бир-бирине болған исенимди арттырады.
- АҚШ та арттырған бай тәжирийбең кейинги жумыс орынларында да пайдасын тийгизди ме?
- АҚШ та оқып, магистр дипломын алғаным, басқа кәсиплеслер, профессор-оқытыўшылар менен қандай қарым-қатнас жасаўды үйретти. Халықаралық ден саўлықты сақлаў проектлеринде жумыс алып барыўым ушын кең имканият жаратып берди. Арменияда «Шегарасыз шыпакерлер шөлкеминде туберкулезге қарсы гүресиў проектинде психо-социаллық бағдарламасының басқарыўшысы болып бир ярым жыл ислеп келдим. Ҳәзирги ўақытта АҚШ тың Ташкент қаласында жайласқан Project Hope шөлкеминде туберкулез ҳәм АИЖС тың алдын алыў жоллары проектинде ағартыўшылық жумыслары менен шуғылланып келмектемен.
- Жасларымызға тилегиңиз?
- Оларға жаңа жылда алдыңызға қойған мақсетиңизге ерисиң ҳәм АҚШ та оқыў нийетинде болғанларға болса шын кеўлимнен табыс тилеп қаламан.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист.
Сүўретте: Алтынай Жәримбетова АҚШ тағы устазлары менен.
АИЖС ҳаққында түсиник берилди
28-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер жатақханасы залында 1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў...
Дуз ҳаққында әпсана
Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....