Германияға биринши сапары
Гүлзира Германияға биринши сапарын 2006-жылы Ташкенттеги Өзбекстан Миллий университети магистратурасында оқып жүрген ўақытта әмелге асырды. Ол 2006 жылы ГИП (Германистик институтлар бирге ислесиўи) бағдарламасы тийкарында ДААД (Германия Академиялық бирге ислесиў хызмети) стипендианты болды ҳәм 2006-жылдың 1-ноябринен 2007-жылдың 31-январына шекем Германияның Мюнстер қаласында жайласқан Вильгелм университетинде билим алып келди. – Мениң Германияға биринши сапарым ГИП бағдарламасы тийкарында әмелге асырылған еди. Бул бирге ислесиў Өзбекстан Миллий университети менен Германияның Вилгельм университети арасында әмелге асырылған болып, оның нәтийжесинде университеттиң бир қанша профессор-оқытыўшылары менен студент ҳәм магистрлери Германияда оқып, тәжирийбе алмасыў имканиятына ийе болған еди. Вилгельм университетинде бир семестр оқыдым. Университетте немис студентлери қатарында германиятика тараўы бойынша бир қанша лекция ҳәм семинарларға қатнастым, семестрдиң ақырында тапсырдым. Диссертация жумысыма болса профессор В.Грейвхабер басшылық етти,-дейди Гүлзира.
Тәжирийбе менен беккемленген екинши сапар
Гүлзираның Германия тәжирийбесин менен кеңирек танысыў, немис мәдениятын терең үйрениўге болған интасы аспирантураға кирген ўақытында да тыныш қоймады. Ол Өзбекстан Миллий университетинде аспирантурада оқып жүрген ўақытларында ДААД тәрепинен аспирантлар менен жас илимпазларға ҳәр жылы ажыратылатуғын стипендияға ылайық болыў ушын көп таярлық көрди. – Бул бағдарлама стипендиясына ерисиў ушын илимий басшым филология илимлериниң кандидаты, профессор Хуррам Рахимович Рахимовтың басшылығында илимий жумысымның проектин ислеп шықтып ҳәм оны Германияның еки жоқары оқыў орнында ислетуғын профессор-оқытыўшыларға жибердим. Көп узамай еки университеттен де бирге ислесиўге мирәт еткен шақырыў хаты келди. Кейин усы проект пенен аспирантлар менен жас илимпазлар ушын ажыратылатуғын стипендияға қатнастым. Таңлаў нәтийжеси 2011-жылдың март-апрель айында белгили болды, май айында болса Германияның Ташкенттеги елшиханасында стипендиантларды қутлықлаў мәресими болып өтти. Солай етип илимий жумысыиның немис тилинде исленетуғын тәрепине Германияның Фрайбург қаласындағы Педагогика университетиниң профессоры Хунекке басшылық етти. Профессор маған илимий жумысым ушын немис студентлерине сораў-жуўап алыў ушын үлкен жәрдем берди,-дейди Гүлзира Германияға болған екинши сапары ҳаққында сөз етип.
Немис халқының принципиаллығы рас
Дүнья немис халқының ҳәр бир нәрсени ислеўдеги принциаллығы туўралы адамлардың арасында анекдотларда тарқап кеткен. Бул көз-қарастың ҳақықат яки жалған екенин Гүлзирадан сорағанымызда, буның ҳақыйқаттан жырақ емес екенлигине исене бериң деп пикирин мысал менен жалғастырды. «Оларда ҳәмме нәрсе ўақыт пенен өлшенеди, ўақытты жүдә қәдирлейди, оның менен бәрҳәма есапласып жүреди. Мәселен, егер бир профессор менен ушырасыў белгилесеңиз, сол заматта жетип барады. Соның менен бирге Германияда биреў менен ушырасатуғын болсаңыз алдын ала қабыллаў ўақты тийкарында жазып қояды. Оларда буны термин деп атайды. Қабыллаў ўақыты шегаранланған. Германияда мени таң қалдырғаны, вокзал, автобус бәндиргисинде үлкен мониторда автобустың келип тоқтаў ўақыты жазылады, автобус көрсетилген ўақытта жетип келеди. Ҳәтте бул қубылысты оқыў процессинде көремиз. Семестр даўамында студент оқыйтуғын пәнин таңлап алады (профессордың лекция оқыйтуғын, семинар өтетуғын ўақыты көрсетиледи, соған бола студент пәнди таңлайды.) Студентлердиң терең билим алыў, сабаққа таярланыўы ушын китапханалар 24 саат даўамында жумыс ислейди. Китапларды электрон каталог жәрдеминде, қайсы китап қай жерде турғанлығын емин-еркин таўып аласыз. Базы бир китапларды үйде отырып Интернет арқалы да буйыртпа бериўге болады, сол заматта китаптың қайсы күни, қайсы қатарда туратуғын жазылып турады.». Демек, немис халқының принципиаллығы рас екен.
Германия тарийхый орынларға бай мәмлекет
Туўры қәлеген мәмлекеттеги тарийхый орынлар сол мәмлекеттиң тарийхын, мәдениятын көрсетип турады. Гүлзирада Германияға болған еки сапарында да тарийхый орынларда болып, Германия, немис халқының тарийхы ҳаққында көп мағлыўмат топлаўға ҳәрекет етти. – Шет елли студентлер менен ислесиў орайы бизлерди көп ғана қалаларға сапар етип, танысыў, байрамларды шөлкемлестирди. Берлин, Кёльн, Дортмунд, Бохум қалаларында болдым. Әсиресе, Кельн қаласында жайласқан көп әсирлик тарийхқа ийе, барокко усылында салынған үйлер таң қалдырды. Берлиндеги Пергамон музейинде болдым, ГДР ҳәм ФРГ ны бөлип турған Берлин дийўалының қалдығын көрип, немис халқының басында да үлкен мүсийбет болғанын түсинип жеттим.»,-дейди ол.
Мәмлекетимизде шет тиллерин үйрениўге үлкен итибар қаратылмақта
Бүгинги күни Гүлзира Германияда алған билими менен тәжирийбесин студентлерге билим бериў менен бирге республикамыздағы колледж, лицей, мектептиң муғаллимлерине үйретиў жумысы менен шуғылланып келмекте. Әсиресе 2012-жылы 10-декабрь күни «Шет тиллерди үйрениў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары» ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары шет тиллерин оқыўтыўды жетилистириўге үлкен имканият жаратып атыр. Усы қарар тийкарында 8-28-апрель күнлери Ташкент немис тили оқытыўшылар арасынан мультипликаторларды (оқытыўшы-тренер) таярлайтуғын семинарда Гүлзирада қатнасып қайтты. Ал, 8-13-июнь күнлери аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары окыў орынлары оқытыўшылар ушын семинар шөлкемлестирилген еди, бул семинарда Гүлзира Германияда алған тәжирийбесин, оқытыў методларынан пайдаланды. Усындай семинар 3-29-июнь күнлери Орта арнаўлы билим министрлигине қараслы академиялық лицей менен колледжлердиң немис тили пәни оқытыўшылары ушында шөлкемлестирилген еди. Бул семинарда да Гүлзира өзиниң бай тәжирийбесин оқытыўшыларға үйретиўге ҳәрекет етти.
Гүлзира Бабаева Германияда алған билимин еледе жетилистириў нийетинде. Себеби, оқытыўшының тәжирийбе алмасып, билимин жетилистирип барғаны, келешегимиз болған жаслардың билимли, зейинли болып ер жетиўине тийкар жаратады.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист .
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң
Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....