Bul mobil menyu orni/ testing....


    1-декабрь АИЖС ке қарсы гүресиў күни алдынан: Ҳәмме билиўи керек ҳақыйқатлық
    1-декабрь АИЖС ке қарсы гүресиў күни алдынан: Ҳәмме билиўи керек ҳақыйқатлықРасын айтыў керек, инсанияттың келешек раўажланыўына ядро яки массалық қырғын қуралынан гөре дүньяның ҳәр бир мүйешинде пайда болған эпидемиялық кеселликлердиң тез пәт пенен тарқалыўы қәўип туўдырып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. АИЖС тың инсанларға келтирип атырған зыянын ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайды.

    Лекин, бул кеселликтиң есик қағып қәўип туўдырып турғанлығын тек ғана 1-декабрь күни есимизге алып турыўымызда кеселлик туўралы көп нәрсени билетуғынымыздан дәрек бермейди. Басқа тәрепинен қарағанда болса, АИЖС ҳаққында, оның қәўипли тәсири туўралы еледе билгенимиз кем екенлиги де оннан сақланыў бойынша жүргизип атырған ислеримиз аздай көринеди. Сол ушын мақаламызда АИВ (ВИЧ) – АИЖС (СПИД) ҳәм басқада кеселликке байланыслы терминлердиң бир-биринен өзгешелиги, бул кеселлик пенен аўырған адамның ҳуқықлары, және де АИЖС кеселлиги ҳаққында халқымызға әпиўайы ҳәм түсиникли тәризде жеткерип бериў жолларын студентлеримиздиң жеке пикирлери менен берип, жуўмақ жасамақшымыз.

    Демек, АИВ түсинигине тоқтап өтсек. АИВ-арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусы инфекциясы. Адамның қанында усы инфекцияның вируслары болады. АИВ инфекциясы бар адамлардың қанында вируслар болады, клиникалық белгилери де көринеди. Мәселен, вирус адам организиминде ҳәр қыйлы кеселлик белгилерин пайда етиўи мүмкин. Ал, АИЖС (арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы) бул АИВ инфекциясының соңғы стадиясы.

    Республикалық АИЖС қа қарсы гүресиў орайының шыпакери Алламберген Нурниязов бул мағлыўматларды майдалап түсиндирип берди. – Бир вирус адамның қанына өтеди, ол лимфоцитлерди зыянлайды. Бир суткада бир вирус бирден он миллиардқа шекем көбейеди. Нәтийжеде олардың кескин ҳәрекетлениўинен лимфоцитлер биринен соң бири набыт бола баслайды. Организмдеги иммунитет системасының жумысы үзлиске ушырайды, иммунлық реакцияның бир-бирин байланыстырўшы «шынжырлары» үзиледи. Иммунитети күшли адамда вирус 7-8 жылдан соң иммунитет төменлегеннен кейин өз тәсирин көрсетиўи мүмкин. Бул кеселликти табыў, оны профилактикалық бақлап барыў үстинде орайымызда бираз жумыслар исленип атыр. Мәсләҳәт, емлеў, бақлап барыў бөлмелери ислеп тур. Әсиресе, бул кеселликтиң қәўипли екенлигин халыққа түсиндириў, аўырыўдың алдын алыў бойынша да көлемли жумыслар исленип атыр. Үгит-нәсиятлаў жумысларын терең алып барыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының барлық түринде түсиндириў жумыслары алып барылды. Лекин, бундай кеселликке шалынған адам менен қатнаста болыў, оның жәмийетимизде орнын таўып кетиўи қыйын болады. Сол ушын мәмлекетимиз тәрепинен кеселликке шалынған инсанларды қорғаў бойынша бираз жумысларды алып барып атыр. Атап өтетугын болсам, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси тәрепинен тастыйықланған «Адамда арттырылған иммунитет жетиспеўшилигин пайда етиўши вируслар шақырыўшы кеселликлердиң алдын алыў ҳаққындағы», Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында АИВ инфекциясының алдын-алыўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин жәнеде күшейтиў» ҳаққындағы пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Некеден өтиўди медициналық көриктен өткериў ҳаққындағы» қарарларының жәрдеминде АИЖС қарсы гүрести шөлкемлескенлик пенен алып барыў, усы вирусты өзине қабыллап алған адамларды ҳуқықый қорғаў бойынша исленип атырған илажлар саналады.

    Солай да, алдын тилге алып өткенимиздей, кеселликке шалынған адамның жәмийетте өз орнын таўып кетиўи мүшкил, ҳәр қыйлы тосқынлыққа ушыраўы мүмкин. Усыларды есапқа алып мәмлекет тәрепинен олардың ҳуқықлары қорғалады. Нызам бойынша АИВ инфекциясы бар адам арнаўлы медициналық мәкемеде ешейин емлениўге ҳақылы. Бул жерде инсан ҳаққындағы мағлыўмат сыр сақланады. Бундай топардағы адамларды жумыс, оқыў орнынан шығарыўға болмайды. Оларды кемситиўге жол қойылмайды.
    Усы жерде қәнигениң пикирине және қулақ түремиз. Алламберген Нурниязовтың пикиринше, кеселликти тез жуқтырып алатуғын адамлар қәўипли топар деп аталады екен. «Бул топарға кириўши адамлар вирусты тез жуқтырып алады. Олар жеңилтек ҳаяллар, наркоманлар, мигрантлар, жаза мүддетин өтеўшилер, медицина хызметкерлери, венерик кеселликлерге шатылған инсанлар. Әсиресе, инъекциялық жол менен яғный тамыр арқалы наркотик затларды қабыл ететуғын инсанлардың арасында бул кеселлик тез тарқайды.

    АИЖС ҳаққында жасларымыз не биледи? Кеселликтиң алдын алыў ушын не ислеў керек екенлиги ҳаққындағы олардың азы-кем пикирлерине де қулақ түрдик:

    Гүлназ Аймурзаева физика-математика факультетиниң студенти.
    - АИЖС жүдә қәўипли кеселлик. Сол ушын кеселликтиң алдын алыў жумысларын еледе раўажландырыў керек. Мениң пикиримше, қәўипли кеселликке шалынған инсанлардың тәғдирин өзинде жәмлеген видеоролик арқалы жасларымыздың санасына кеселликтиң қанша дәрежеде қәўипли екенлигин жеткериў мүмкин. Буннан тысқары, АИЖС тың алдын алыў бойынша жумыслар мәўсимли жумыс болып қалмаўы керек.

    Ҳүрлиман Нуржанова қарақалпақ филологиясы факультетиниң студенти.
    - Кеселлик үш жол менен жуғыўы мүмкин. Қан арқалы, ана сүти менен, жынысый жол арқалы. Сол ушын жеке гигиенаға қатаң итибар бериў керек. Мәселен, шыпакерге көрингенде бир мәртелик щприцтен пайдаланыў лазым. Әсиресе, шаштарезханаға, тис шыпакерине барғанда бул қәнигениң пайдаланып атырған әспабының тазалығына итибар берген мақул. Ал, кеселликтиң алдын алыў жумысында ғалаба хабар қуралларының орны жүдә жоқары. Әтирапымызда АИЖС қа шалынған адам менен байланыслы ўақыя дөгерегинде көрсетиў яки мақала таярлаў көбирек нәтийже береди. Себеби, инсан алыста болып атырған ўақыяны нәзерине илмейди «бизде жоқ¬ғой» деп көз жумып қарайды. Егер әтирапта болған ўақыя сүўретленсе, қәўиптиң жақын екенин сезеди, оннан қорғаныўға ҳәрекет етеди.

    Жоқарыда биз жасларымыздың пикирлерин тыңладық. Әлбетте олардың гәплеринде жан бар. Ҳәр қашан бул кеселликтиң қәўпи бар екен, оннан сақланыў, қорғаныў жолларын ислеп шығыў керек.

    Бизиң пикиримизше, оқыў орнында АИЖС тың қәўипли екенлигин арнаўлы курслар жәрдеминде студентлер түсиндирип барыў керек. Егер кеселлик ҳаққында студент көп билсе, оның менен аўырған адамды шетлетиўге, кемситиўге ҳәрекет етпейди. Буннан тысқары жеке гигиенасына, дени саў мәденият тәризин еледе жетилистирип барыўға ҳәрекет етеди. Демек, студентке кеселлик ҳаққында мағлыўмат бериўден корықпаў керек, керисинше билгенин еледе беккемлеп барыў лазым.


    Ҳүрмет Атажанов.

    Salamatliq bo'limi | 28-noyabr, 2013 jıl
    Bul bet 1924 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Qutlıqlaw: Gu’lmirag’a

    Ba’ha’rde ashılg’an na’zik gu’l bolıp,
    Bu’gin shıraylanıp do’nip turıpsan’,
    Ba’ha’r quyashında ju’zlerin’ ku’lip,
    Ba’ha’raydın’ shırayı bolıp turıpsan’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 1814 ret ko'rildi


  • Mehribonim (Ustozim Muhabbat opaga)

    Bulbullar guliga intilgan misol,
    Men ham siz tomonga shoshaman mudom.
    Qalbi qordek oppoq, mehri bir jahon,
    Men uchun yagona, bu aziz inson.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2964 ret ko'rildi


  • Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер,
    Күш-қуўатқа толар билеклер,
    Қуўаныштан болып дереклер,
    Бәҳәр менен келеди Наўрыз.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2114 ret ko'rildi


  • Watanım – Qaraqalpaqstan

    Bag’ları bar gu’l-gu’listan,
    Bul a’jayıp go’zzal bostan,
    Tariyxı bar tilde da’stan,
    Watanım-Qaraqalpaqstan.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 3277 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1956 ret ko'rildi


  • Сеҳргар рассом

    Йўлим бор ўзимга аталган,
    Қаршилар қалашар қошимда.
    Омадим шаштимга қадалган,
    Тошлар ҳам кўринар ошимда.

      
    07-dekabr, 2015 jıl. 2045 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Sevganimga!

    SEVGILIM! Men sizni sog’inayapman,
    Sizni deb har laxza kuyib yonyapman,
    Ishqingiz butunlay asirasiman,
    Vaqt o’tdi men sizni hamon kutyapman.

      
    12-mart, 2013 jıl. 5514 ret ko'rildi


  • Берди маған өзгени, саған басқаны 2

    Сенсиз күнлер өтер жаным қайғыда,
    Енди сени жүрек умытпайды да,
    Күнлер өтип қайғы қосып қайғыма,
    Тәғдир аямады, көзим жаслады,

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2198 ret ko'rildi


  • O’ylasam

    Gar men sizni o’ylasam,
    Yuragim o’ynab ketar.
    Siz haqdagi qo’shiqni,
    Tinmasdan kuylab ketar.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2196 ret ko'rildi


  • Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң?
    Жубың қайда қарлығаш,
    Жуп болып келер едиңиз,
    Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1785 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.