Bul mobil menyu orni/ testing....


    Тәбият ҳәм биз: Ашшы көлди сақлап қалайық
    Тәбият ҳәм биз: Ашшы көлди сақлап қалайық

    Бала ўағымыздан қаламыздың сыртында жайласқан ашшы көлге барып шомылып, ўақтымызды шадлы өткеретуғын едик. Лекин кейинги ўақытлары қала халқы ашшы көлге барып дем алғанды қойды. Бул ҳаққында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында Кеңесбай Қунназаровтың мақаласында атап өтилген еди.

    Пайтахтымыз турғынларының арасындағы «ашшы көлдиң суўы патасланыпты, шомылыўға болмайды» деген гәплери қанша дәрежеде ҳақыйқатлыққа жақын екенлигин билиў ушын базар жайдан «52» жөнелисли таксиге минип көл тәрепке жол алдық. Туўрысын айтыўымыз керек, бәндиргиден көлге шекемги аралықтағы бурын қалың тораңғыллық пенен путалықтың сийрексип қалғанлығын көрип адамлар арасында айтылып атырған гәплерде жан бар екенлигине исенгендей болдық. Бизлер көлге таза суў қуятуғын жап тәрептен яғный бурынғы балалардың дем алатуғын «Жулдызша» лагери менен тоғай хожалығына тийисли болған территорияның дәл ортасынан бардық. Көлге қуйып турған жап батыл болған, суў қашан түскени белгисиз.

    Көлдиң өзиде жағадан бираз алыслап кетипти. Бурынғы көлдиң орнында ашшы дуздан ибарат шор тақырлық пенен қамыслық пайда болған. Көлдиң еки бойын жағалап исленген дем алыў орынлары да көримсиз жағдайға келип қалған. Пайтахтымыз турғынлары арасында даўрығы шыққан «Эльдорадо» халыққа хызмет көрсетиў орны да жақсы күнлерден үмит еткен байтерек киби қаңырап қалған. Суўдың жағадан узақласқаны ҳәм дем алыў ушын қолайлы шараят жаратылмағанлығы себепли пуқараларымыздың да бул жерде дем алыўға деген талабы төменлеп кетти. – Көлге суў түспегенлигине көп ўақыт болып кетти. Таза суў түсип турмағаннан соң, балығы да қуртылып қалады екен. Бурын суў мына көрип турған жасалма дем алыў орнына шекем келип тур еди. Суў түсип турған ўақытлары «Карақалпақавтожол» ға тийисли аймақта ҳәўиз бар еди. Онда балық өршитилди. Егер усылай даўам ете берсе, үш-төрт жылдан соң көлдиң қурыйтуғыны анық,-дейди күйинип усы аймақ турғыны Азамат.

    Бизде өз гезегинде әтирапты бираз араладық, көлдиң жағадан кашықлап баратырғаны аянышлы. Көлдиң толық қурып қалғаны Арал теңизиниң қурып қалғаны киби қаламыздың экологиялық жағдайына тәсир етпеўи мүмкин. Бирақ, көлдиң қурып барыўы екинши мәселе, әтираптың тәбийғый орталығының төменлеўине алып келеди. Яғный итибарсызлықтың нәтийжесинде көлдиң әтирапын орап алған нешше жыллық тораңғыллық пенен путалықтың жоқ болып кетиў қәўпи пайда болады. Тәбийғый жасыл белбеў (зеленый зона) жоқ болады. Жасыл белбеўдиң набыт болыўынан қаламызға ушып келетуғын шаң-тозаңның муғдары артып барады. Көлдиң қурып баратырғаны және бир фактор, Нөкис районы аймағына тийисли «Қаттыағар» каналындағы «Бестарнаў»дың әтирапының қаламыз халқының дем алыў орнына айланып қалғаны менен байланыслы. Тәбияты сулыў, еки әтирапы тораңғыллық пенен қоршалған орынның дем алыў орнына айланғаны да туўры болмаса керек. Себеби, биз қәлесекте қәлемесекте дем алыўшылар бул орынға өз шығындысын таслап кетеди, от жағады. Бул өз гезегинде тораңғыллардың өсип-өниўине тәсир етеди.
    Солай екен, ашшы көлди сақлап қалсақ тәбийий орталықты сақлап қалған боламыз.


    Ҳүрмет Атажанов,
    Журналист.
    Сүўретте: Ашшы көлдиң бүгинги ҳалаты.

    Megablog bo'limi | 28-noyabr, 2013 jıl
    Bul bet 2362 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Do’st

    Dunyoda do’stlikdan azizroq ne bor?
    Do’sting bu sen uchun yagona inson,
    Boshinga ish tushsa yoningda har on,
    Chin do’stlar hiyonat qilmas begumon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1655 ret ko'rildi


  • Дебдиў

    Кеўилимди биле алмай отырдым турдым,
    Тынышлық бермеди иштеги хаўаз,
    Қолға қәлем алып жаза басладым,
    Дегендей еледе, жаза бер жаз-жаз!

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2110 ret ko'rildi


  • O’mir

    O’mir misli megzer asaw tolqıng’a,
    Shabısına shıdam bersen’ amansan’,
    Ju’zimdeyin sıg’asqan bir solqımg’a,
    Jalg’ızlıqta ju’rgen sayaq nadansan’.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2375 ret ko'rildi


  • Юртимда…

    Юртимда,ҳар қишлоқда,
    Ким далада,ким боғда.
    Ёрин тўй бўлган чоғда,
    Излар экан йигитлар.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 1688 ret ko'rildi


  • Jannan a’ziyz, anajan

    Jaralg’an insanman haslı o’zin’nen,
    Er jetip o’stim men senin’ mehrin’nen,
    Hesh qashan jasların’ to’kpe ko’zin’nen,
    Men ushın jannan da a’ziyz, anajan.

      
    08-mart, 2014 jıl. 2551 ret ko'rildi


  • Өмир пасыллары

    Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери,
    Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери,
    Балалық, өспирим, орта, ғаррылық,
    Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2533 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • O’ylasam

    Gar men sizni o’ylasam,
    Yuragim o’ynab ketar.
    Siz haqdagi qo’shiqni,
    Tinmasdan kuylab ketar.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2201 ret ko'rildi


  • Бу кун

    Яна шеър ёзмоққа чоғландим бу кун,
    Сен билан хаёлий боғландим бу кун,
    Гумонлар ила хўп доғландим бу кун,
    Севгим-ла қаршимда оқландим бу кун.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1768 ret ko'rildi


  • Туйғулар исёни

    Туйғулар исёни қийнайди нечун,
    Бир пари сифатни севганим учун.
    Бу дардимга ўзи эрур табибим,
    Бекаму кўст бахт берсайди ҳабибим.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 1755 ret ko'rildi


  • Сулыў қызлар

    Күнде көшемизден өтер көп қызлар,
    Ҳәр қыз өткен сайын жүрегим музлар,
    Қасларын қағады наз етип бираз,
    Қабақларын үйселер денемиз музлар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2400 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.