Жақында Интернет сайтларының биринде Калькутта университетиниң профессоры Дасаның илимий жаңалығы жәрияланды. Профессордың мағлыўматына қарағанда, бир терек 50 жыл даўамында инсанға 200 мың доллар туратуғын экологиялық пайда келтиреди екен. Илимпаз теректиң кислород бөлип шығарыўын 31250 долларға, ҳаўаның патасланыўына қарсы турыўын 62000 мың доллар, топырақтың деградацияға (төменлеўи) ушыраўының алдын алыў ҳәм оның қунарлылығын сақлап турыўда 31250 доллар пайда келтиретуғынын баҳалап береди. Бирақ, профессор бул пайдаға теректиң мийўесин қосып есапламағанлығын атап өтеди.
Туўры, профессор белгили бир аймақта алып барған илимий жумысының нәтийжесинде усы жуўмаққа келген болыўы да мүмкин. Лекин, бизиң шараятымызда да теректен алынатуғын өнимнен пайда алыўға болатуғынлығын көпшилик биле бермесе керек. Мәселен, бүгин базарымызда бир банка жийдениң баҳасы 1000 сум(еки банка шама менен 1 килограмм салмақты басады), егер бир түптен 30 килограмм өним алынады десек, демек ҳәр бир түптен 60 мың сум дәрамат келеди деген сөз. Егер оны он түпке көбейтсек 600 мың сум болады, есаплаўымызды даўам ете берсек, алынатуғын дәрамат және көбейип барады. Бирақ мақсетимиз қурғақ ой жуўыртыў емес, ал пикирмизди тастыйықлайтуғын илимий нәтийжени келтирип өтиў болып табылады. Сонлықтан есаплаўды усы жерде тоқтатамыз.
Кейинги жыллары пайтахтымыз көшелерин аралаған инсан көше бойларында бой көтерип турған өзгеше жапырақлы тереклерге көзи түседи. Бул тереклер бизге қалай келип қалды, қалай интродукция исленди (ҳайўанат яки өсимликтиң белгили бир түриниң тәбийий ареалынан таза жерге алдын ойланған ҳалда яки тосаттан көширип апарыў) деген сораўымызға илимпазларымыздан жуўап табыўға ҳәрекет етемиз.
– Катальпаны бизиң шараятымызға бейимлестириў бойынша илимий жумыс алып барып атырман. Улыўма алғанда дүнья жүзинде катальпаның онға жақын түри тарқалған. Оның тийкарғы ўатаны Арқа Америка, Батыс Ҳиндстан, Қубла Азия есапланады. Бизиң республикамыздың тәбийий шараятына катальпаның үш түри бейимлескен, оның бейимлесиўи бойынша тәжирийбе жумысларын алып барып атырмыз,-дейди жас илимпаз Гәўҳар Досжанова.
Әсиресе, тереклерди интродукция ислеў жумыслары менен пайтахтымыздағы Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тәбийий илимлер илимий-изертлеўлер институтының өсимликлерди интродукция ислеў топары илимий хызметкерлери шуғылланып келмекте. Бул ҳаққында усы топардың аға илимий хызметкери Игорь Гроховатскийдиң пикирлерине де қулақ түриўди мақул таптық.
– Егер итибар беретуғын болсақ бизиң регионымызда интродукция жумыслары өткен әсирдиң отызыншы жыллары басланды. Ботаникалық бағта өзим ислеп киятырған жылларда интродукция исленип атырған тереклерге тоқтап өтетуғын болсақ, мәселен өткен әсирдиң сексенинши жыллары Россияның Бийск қаласынан облепиханың (крушинавид) түрин алып келип Нөкис районының Өрнек хожалығында 10 гектар жерге нәлин отырғыздық. Ҳәр бир түптен 12-15 килограммға шекем өним алдық. Кейин ала 4 гектарға ектик. Қытай унавийин де алып келип бейимлестирдик. Ийне жапырақлы тереклер топарына киретуғын можжевельник, биота басқа журтлардан алып келинип бейимлестирилди. Ийне жапырақлылар топарына киретуғын усы еки түри ғана бизиң шараятымызға жақсы бейимлесип кеткен. Ботаникалық бағымызда басқада тереклерди бейимлестириў жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күни бағымызда 100 ден артық өсимлик түри бар,-дейди ол.
Биота тереги
Можжевельник тереги
Интродукция исленген тереклердиң пайдалы тәреплери жөнинде де илимпазларымыздың пикирин тыңладық.
- Катальпаның пайдалы тәреплери жүдә көп. Теректиң Нөкистиң көшелерине егилиўинде де тийкар бар. Себеби, гүли шырайлы, жапырақлары үлкен, соның менен бирге өзинен басқа тереклерге қарағанда көп кислород бөлип шығарады. Ташкентте катальпаның мийўесинен халық хожалығында пайдаланатуғын бояў ислеп шығарыў жолға қойылған. Ең баслысы, оған көбирек итибар, күтим болса, жақсы өним алыўға болады. Бес жыл бурын тәжирийбе майданымызға егилген катальпаның нәли бүгинги күни бойы еки метрге жетти. Бирақ шорлы топарықты онша жақсы көрмейди, -дейди Гәўҳар Досжанова.
- Атап өткен облепиха (крушиновидный) суўсызлыққа төзимли өсимлик.Медициналық тәжирийбеде облепиханың майын денеде күйик ҳәм тери нурдан зыянлағында пайдаланылады. Майын азқазандағы жара ҳәм он еки бармақлы ишекте жара болса пайдаланыўға болады. Бизиң шараятымызға бейимлескен можжевельник (виргинский), биотаның фитонцид қәсийети бар, олар ҳаўаны бактериядан тазалайды. Өзинен эфир майын бөлип шығарып 5-6 метр аралықтағы бактерияларды өлтиреди. Жақсы жери қыста да, жазда да көк липасқа бөленип шырай ашып турады. Ал,бизиң шараятымызға бейимлескен маклюра терегиниң емлик қәсийети жоқары. Маклюра менен остеохондроз ҳәм радикулит, қурамында маклюра болған дәрилер менен нерв системасы, тамырдағы ҳәм рак кеселликлерин емлеўде қолланылады, - деп пикирин жалғастырды Игорь Гроховатский.
Маклюра тереги
Барбарис тереги
- Облепиханың мийўесинен де пайдаланылады. Оннан мазалы варенье таярлаўға болады,-дейди усы бақтың хызметкери Ережеп Төрениязов.
Қаламыз күннен-күнге шырай тартып атыр, лекин мөлдек жеринде нәл көгермеген, шоры шығып атырған айрым мәкемелерди де көрип жүрмиз. Туўры, олар жерге бийпәрўа емес. Ҳәр жыл нәл шаншады. Әттең, бәҳәрде егилген нәли кулаш жаймай, келеси жылы нәл шаншып атырғанын көремиз. Яки мәкемеде бәҳәрде егилген нәлге күтип болмай ма? Болмаса, суўғарыўда кемшилик болама? Бул саўал әлбетте, көпшиликти көпшиликти қызықтыратуғын болғаны ушын Игорь Гроховатскийге де усы менен жүзлендик.
- Гәпиңизде тийкар бар. Әлбетте, Республикамызда мөлдек шерине дақыл екпейтуғын, терек егиўди билмейтуғынлар көп десек қәте ойлаған боламыз. Өйткени, көпшилигимиз үйдиң алды жайнап, көкке бөленип турғанын қәлеймиз. Соған ҳәрекетте етемиз. Бирақ нәлди шаншыў басқа, күтип бериў басқа. Көпшилик егин егип, суўғарылса, көгермей қайда барады, деген қам қыялға барады. Буның да өзине жараса жолы бар. Инсан күн тәртибин сақлағаны киби, егинлерде де азықландыратуғын, суўғаратуғын ўақты болады. Өзлериңизге мәлим, Республикамыздың қысы суўық, жазы ыссы болып келеди. Жаздың мыстай қайнаған ыссысында өсимликти азанда яки кеште суўғарыў керек. Бизлер жазда теректиң транспирациясын (ығаллықтың өсимлик арқалы пуўланыўы) азанғы саат алтыдан кешки тоғызларға шекем алып бардық. Сонда терек он екиден саат төртке шекем өзинен ығаллық бөлип шығарыўды тоқтатты. Буннан тысқары жерди суўғарғанда да итибарлы болыў керек. Егер бос топырақ болса, суў бир суўғарғаннан ақ сиңип кетеди. Ал, қатты топырақ болса керек зыят муғдарда суў ашылса үш күнге шекем сиңбей турыўы мүмкин. Бул нәрсе өсимликке кери тәсир етеди. Себеби, өсимлик тамыры дем алып турыўы керек. Өсимликке де жақсы тәрбия керек.
Демек, жоқарыдағы илимий пикирлер арқалы республикамызға алып келинип бейимлескен тереклердиң экономикалық пайдасы да, инсанның ден саўлығына пайдасы жоқары екенин аңлаўымызға болады. Бул жерде «демек сырттан көширип алып келинген тереклер ғана пайдалы екен» деген пикирге бармаў керек. Негизинде, өзимиздиң жергиликли тереклерден де көп пайда алыўымызға болады. Ақ терек пенен тораңғылды қурылыста, жийде менен жигилдикти медициналық мақсетте пайдаланыўымыз мүмкин. Лекин, бул жумысларды ислеў ушын өсимликтиң мийўесин қайта ислейтуғын технологиялар керек. Егер өсимлик өзимизде егилип, оның мийўеси өзимизде қайта исленсе, басқа жақлардан алып келинетуғын дәри ҳәм басқа да өнимлерден пайдасы анағурлым жоқары болады.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист,
Сүўретлерде: Маклюра, биота, можжевельник, барбарис.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Дуз ҳаққында әпсана
Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....