Биз шәй ишиўде инглизлерден қалыспаймыз. Азанда ерте, түсте де, кешқурын да шәй ишемиз. Қыстың суўығында да, жаздың жәзийрама ыссысында да ең көп ишилетуғын ишимлик шәй есапланады. Ҳақыйқатында да, шәй бизге ҳәрдайым керек.
Биз, қайнатып ишетуғын жапырақлы шай ишимлигин билемиз. Енди ойлап көриң, сол ишимликти шөллегенимизде де, аўқатланып атырғанымызда да, уйқыға жатыўдан алдын да ишеберсек организмимизге зыян емеспекен? Неге онда шыпалы ишимликлердиң бири болған шәйди қайта-қайта ишеберемиз?
Аўқатқа қосып дерлик ҳәммемиз шәй ишемиз. Шәйдиң қурамындағы танин элементи болса, азық-аўқат өнимлеринде бар болған пайдалы затларды майдалап таслайды, нәтийжеде организмде витаминлердиң жетиспеўшшилиги жүзеге келеди. Шәй менен бирге желинетуғын гөштиң 40 пайыздан 100 пайызға шекем қанға сорылмаўы мүмкин. Мийўелердиң болса 5 пайызынан көби сорылмайды. Улыўма азық-аўқатлардың шәй менен желинетуғын аўқатлардың қурамында витамин ҳәм темир элементиниң 70 пайызы сорылмай қалады. Бул болса инсан саламатлығына әлбетте, кери тәсир жасайды.
Ҳәзирги ўақытта дүньяда көпшилик инсанлар кем қанлық кеселлиги менен кеселленген. Бул кеселлик тийкарынан темир элементиниң жетиспеўшилиги себепли келип шығады. Темирге бай болған мийўе ҳәм палыз өнимлери, көк шөплерди жеў арқалы кем қанлық кеселлигинен сақланыўымыз мүмкин. Бирақ буларды шәй менен бирге жеў, витамин ҳәм темирдиң организмге толық жетип барыўына тосқынлық қылады. Журтымызда көп санлы халық, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар темир жетиспеўшилигинен келип шығатуғын кеселликлерге шалынып атырғанлығы себепли, биз жейтуғын нан ҳәм нан өнимлерине де темир элементин қосыў, яғный, оны байытыў жолға қойылған. Бул кем қанлыққа қарсы гүреслердиң бири. Сиз нанды не менен жейсиз? Әлбетте, шәй менен. Бул болса жоқарыда айтып өткенимиздей темир элементи жоқ болған нанды жеў менен барабар десек болады.
Және көпшилик адамлар жас балаға шәй берип, қәтеликке жол қояды. Үш жасқа шекемги балаларға шәй бериў қәте екенлиги медицинада дәлийлленген. Баланың шәйына шекер қосып бериў де натуўры. Балалардың жаслығынан аўқатланыў тәртибине итибар берип барыў лазым. Егер оның организминде темир жетиспеўшилиги жүз берсе, бул кейиншелли ақылый тәрептен де раўажланыўдан арқада қалыў қәўипин туўдырады. Саламлық ушын гүрес жолында аўқатланыў тәртибимиз, әсиресе, шәй ишиў әдетлерин өзгертириўимизге туўры келеди. Аўқатланып атырған ўақытта ямаса аўқатланып болғаннан соң, шәй ишпегениңиз мақул. Шәй орнында басқа ишимликлер мәселен, қайнаған суў ҳәм шербетлер ишиўиңизге болады. Бул мәсләҳәтлерден соң, шәй саламатлығымыз ушын зыян екен деген пикир туўылмасын. Шәйдиң организмимизге әҳмийети үлкен. Ол көплеп кеселликлер ушын пайдалы. Бирақ, палдың да азы мазалы. Шәйға пайдалы ишимлик сыпатында карап, оның муғдарына ҳәм ўақтына итибар қаратсақ, саламатлығымыз ушын пайдалы. Аўқатланғаннан ярым сааттан кейин ишилген шәй ҳәм кофе саламатығымыз ушын зыянлы емес. Саламатлық ҳәмме ушын керек ҳәм оны асырап қалыў өз қолымызда. Бул оншелли дәрежеде қыйын емес. Әпиўайы көринген нәрселерге тереңирек нәзер тасласақ, бәршесине ерисесиз. Келиң, шәйға ҳәм шәй ишиўге болган мүнәсибетимизди өзгертейик.
Сахибжамал Есемуратова.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....