Үлкемиздиң раўажланыўы менен бирге жасларға да кеңнен мүмкиншиликлер жаратылмақта. Шаққан, зийрек ҳәм ақыллы жасларымыз болса, бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланбақта. Биз өзлеримиз қәлеген тараўда, бағдарда оқыўымыз, жумыс ислеўимиз мүмкин. Мәселен, ҳәзирги күнде көпшилик жаслар шет тиллерин кеңнен үйренип келмекте. Олардан рус, инглиз, немис, япон ҳәм тағы да басқа тиллерди мысал етип алсақ болады. Лекин, жаслар арасында сап ана тилинде сөйлемей, бәлки оған шет тиллериндеги ҳәр түрли сөзлерди де қосып сөйлеўди әдет қылып алғанлары да ушырасады. Мысалы ушын, биз бүгинги күнде жаслар арасында «давайте», «подружка», «сестра», «сестренка» «братан», «семья», «срочно», «расписание», «свидания», «пока», «субботник», «по-моему», «удачи», «остановка», «хозяйка» сыяқлы сөзлерин көплеп еситемиз. Бәлки, бул сөзлердиң орынына «келиң...», «дос», «әжапа», «сиңли, қарындас», «шаңарақ», «тез де…», «кесте», «ушырасыў», «хош», «шембилик», «мениңше», «әўмет», «бәндирги», «үй ийеси» деп өз ана тилимиздеги сөзлерден пайдалансақ қалай болар еди?
Және де жаслар арасында ҳәр қыйлы ҳәрекетер менен сөйлесиў әдетке айланған. Мәселен, «жақсы», «ҳәммеси зор», «бәри жайында» сөзиниң орнына «ОК» деген сөзди айтада яки болмаса бармақлары жәрдеминде көрсетеди. АҚШ ямаса басқа айырым мәмлекетлерде «ОК!», «Окау!», «Ўкей!» «Сәлем» яки «әжайып, зор!» мәнилерин билдиргени менен басқа айрым халықларда улыўма басқаша мәнини аңлатады. Мәселен, Францияда «ҳеш нәрсеге арзымайсаң!» мәнисин аңлатса, араб мәмлекетиниң Тунис деген жеринде «Сени өлтиремен!» дегенди билдиреди екен.
Демек, бир тилдеги сөзди ямаса түсиникти билдириўши ҳәрекетти қолланбастан алдын, оның мәнисин түсинип алыў керек болады.
Әлбетте тиллерди үйрениў, өзлестириў, көп тилди билген жақсы ҳәм қуўанарлы. Бирақ, ана тилимиздеги сөзлерди рус тилиндеги ямаса басқа да Европа тиллериндеги сөзлер менен араластырып сөйлеў бизиң өз тилимизге болған ҳүрметсизлигимизди билдирмей ме? Ақыры ата-бабаларымыз «Тилге итибар, елге итибар» деп бийкарға айтпаған-ғой. Солай екен, биз жаслар ана тилимизди сап ҳәм таза ҳалда асырайық, сап ана тилимизде сөйлейик.
Авторы: Сахибжамал Есемуратова
Таллар
Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...
Тиллер ҳаққында әжайып дереклер
Шотландларда гэль «аўа» ҳәм «яқ» деген сөзлер ушыраспайды екен. Бир нәрсеге келсим бериў яки келиспеў толық гәп пенен айтылады. Гэль балаларына инглиз тилин үйретип атырғанда...