37 жаслы Сергей Савви келиншеги менен Яла паркинде демалып жүрген. Жолда олар үлкен пилди көрип, оны сүўретке түсирип алған.
Шөплер менен жапырақларды жеп турған пилдиң қасынан туристлер көлиги менен өтеди. Пил көликтиң ишиндеги мазалы аўқаттың ийсин сезип қалған. Сөйтип пил көликтиң айнасына тумсығы менен аўзын ашып туристлер минген автокөликти аўдарып жиберейин деп қалды. Дем алыў ушын келген туристлер бундай қорқынышлы жағдайға ушыраўын күтпесе керек. Ал көлик басқарыўшысы болса машинаны таслап қашпақшы болған.
“Бир жағынан қорқынышлы, ал екинши жағынан күлкили ҳәм қызықлы болды.”, - деди Сергей Савви. Нәтийжесинде туристлер пилдиң ҳүжиминен аман қалып, ҳәммеси жақсы жуўмақланды.
Туристлердиң көлигине ҳүжим еткен пил ҳиндистанлы пил екен. Оның узынлығы шама менен 2,7 метр екен. Ал салмағы болса 5 тонна. Ҳәзирги ўақытта Шри-Ланкада пиллер азайып бармақта. Бүгинги күнде олардың тек 3000 ға шамаласы ғана қалды. Сол елдиң жергиликли нызамлары бойынша пилди өлтиргенлерге өлим жазасы бериледи екен.
АҚШта өзи жүретуғын автобус авария болды
АҚШта шофёрсыз басқарылатуғын автобус жолаўшылар тасыўға шыққан биринши күнинде-ақ авария болып қалды. Ол заманагөй жүк автокөлиги менен дүгискен....
Мадоннаны самолёттиң эконом-класынан көрип көпшилик x ...
Air Portugal авиакомпаниясының жолаўшысы көпшилик пенен бирге самолёттиң эконом-класында 59 жаслы Мадоннаны сүўретке түсирип алды. Сүўретте боянбаған Мадонна телефонға...
Бес жыл даўамында тыныш-татыў жасаған шаңарақ автокө ...
Әзербайжанда бес жылдан берли тыныш-татыў жасап киятырған шаңарақ ажырасып кетти. Оның баслы себеби ҳаялы күйеўине қызық талап қойған деп жазады Oxu.Az...
Дүньядағы ең үлкен сыйыр
Дүньядағы ең үлкен сыйыр Австралияның қубласында жайласқан Гленко аймағынан табылды. “Үлкен Му” деген атқа ийе сыйырды изертлеўши қәнигелер...
Уялы телефонның ойынына берилип кеткен ҳаял ҳәўлиси ...
АҚШтың Флорида штатында жасаўшы Телийс Сандер үйиниң алдында отырып уялы телефонның ойынына берилип кеткен. Сөйтип экрандағы ҳәмме жумысты “шешип” алып, алдына...