Bul mobil menyu orni/ testing....


    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта
    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта


    ЕРКЕ ЕСМАХАННЫҢ ПРОДЮССЕРИНИҢ НАРАЗЫЛЫҒЫ

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    Қазақ эстрада қосықшылары Төреғали Төреәли менен Ерке Есмаханның “Алло” қосығы көпшиликтиң кеўлинен шығып хит болған еди. Бирақ хиттиң изи үлкен даўға айланды. Жақында сол елдиң жергиликли телеканалларының бирине Төреғали Төреәлиниң әкеси Төреәли (продюссери) Ерке Есмаханды “Алло” қосығының арқасында атақлы болды деп бағдарламаға интервью берген.

    Соң Ерке Есмаханның продюссери Баян Есентаева Төреғалидиң әкесине қапа болып, Инстаграмдағы бети арқалы ашық жазба қалдырды.

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    “Кәсиплесим Төреәли басқа артистлер ушын жуўапкершиликти өзине алғанды жақсы көреди. “Алло” - бул бирлескен дөретиўшилик. Қосықты Төреғали усынды, ал клип түсириў идеясы меники. Өзгениң мийнетин ҳүрметлеў керек деп ойлайман, ҳүрметли Төреәли. Клипти 9 млн. нан аслам адам көрди, оларға бул клип унады, ал сиз клипти түсирген жоқсыз. Сиз әрман қылмаған клипке ийе болдыңыз. Сол себепли бирлескен мийнетти ҳүрметлейик. Еркениң даўсы жақсы қосықшы.”, деп жазған Еркениң продьюссери Баян.

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    Баянның жазбасынан кейин пикир билдиргенлердиң саны көп болған. Әсиресе көпшилик оның сөзин мақуллаған. Тармақ пайдаланыўшылары “Төреғали Төреәлиниң жулдыз кеселлиги менен аўырғанын” айтып, Еркени олар менен салыстырғанда ҳақыйқый талант ийеси екенин сөз еткен.

    Баянның Инстаграмдағы мағлыўматларына қарағанда Төреғалидиң әкеси өз сөзинде турмағанлығын мәлимлеп, бираз унамсыз ҳәрекетлерди ислеген.

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    Баян Есентаева менен Төреғалидиң әкесиниң арасындағы жәнжел финанслық мәселелерден келип шыққан. Төреғали менен бирге Қазақстанның бир неше жерлеринде 1,5 ай даўамында гастрол сапарда жүрген Ерке Есмаханның мийнети ушын продюссер Төреәли пул төлемеген. Ҳәтте Төреғалидиң арқасында халыққа атақлы болды деп айтқан. Төреғалидиң әкеси баласының концертине Ерке Есмахан келеди деп көпшиликти алдап, районларда концерт шөлкемлестиргени анықланған. Бирақ, Еркени көриў унын жыйналған ықласбентлерге ол қопал жуўап берген. Районлардың бириндеги концертте апалар: “Ерке қаяқта?” деп сорағанда, әкеси шығып: “Сизлер Төреғалиге келдиңиз бе, яки Еркеге ме? Еркеге келген болсаңыз ақшаңызды қайтарып берип концертти тоқтатаман. Ерке атақлы болса, 7-8 жылдан берли қаяқта?” деп ашыўланыпты.

    Бул ўақыялардан кейин продюссер социяллық тармақларда Төреәлиге қапалығын ашық айтқан. Баян Есентаева буннан алдынырақта “Алло” қосығына кино түсириўди режелестирген екен. Енди фильм Төреғали Төреәлиниң қатнасыўысыз түсириледи екен.

    Еслетип өтемиз, продюссер Баян Есентаева Қазақстандағы ең атақлы продюссерлердиң бири. Ол “Shine-Production” деп аталған продюссерлик орайды басқарады. Көплеген жулдызлардың продюссери. Өз елинде оның басламасы менен көплеген теле-шоўлар, таңлаўлар , түрли жобалар өткериледи. Сондай-ақ кино ҳәм сериал тараўларында да искерлик алып барады.

    ЕРКЕ ЕСМАХАН ТӨРЕҒАЛИДИҢ ӘКЕСИНЕ ТИЙИСЛИ ПИКИР БИЛДИРДИ

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    “Алло” қосығын атқарып, көпшиликтиң кеўлинен шыққан қосықшы Ерке Есмахан Төреғалидиң әкеси менен болған ўақыялар дағы гәп сөзлер туўралы Инстаграмдағы ықласбентлериниң сораўларына жуўап берди. Үш-төрт күннен берли ықласбентлер тәрепинен тоқтамай келип атырған сораўларға қосықшы Төреғалидиң әкесине қапалы түрде төмендегише жуўап берди.

    “Әттең, ҳәзиргиниң айырым жигитлери , қызды қорғаўдың орнына, көпшиликтиң алдында қолайсыз гәплер айтып жүр ”, - деди Ерке. “Көркем өнерде қыз бала менен ер баланың жолын салыстырыўға болмайды. Қыздың жолы усы тараўда аўырлаў. Мениң де әкем, аға-жезделерим бар, оларды төбеме көтерип сыйлайман, қарсы сөз айта алмайман. Сонлықтан кәсиплесимниң әкеси туўралы артықша сөз айтқым келмейди.” – деп қосықшы Инстаграм тармағында пикир билдирди.

    ТӨРЕҒАЛИДИҢ ӘКЕСИ ЕСЕНТАЕВАНЫҢ МӘЛИМЛЕМЕСИНЕ ЖУЎАП БЕРДИ

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    “Ҳаял адамды жеңиў мүмкин емес. Әлем жеңбеген ҳаялды еркек жеңбейди. Мен ол адам менен салғыласып отырғым келип турған жоқ”, - деди Төреәли.

    “Бирақ айтып өтейин, Алматы ҳәм Астана қалаларында үлкен концерт өткердик. Ол концертте “Алло” қосығы улыўма айтылмады. Басқада орынларға концерт берип атырмыз. Афишасында өзи жалғыз тур. Халық Еркесизде оның концертине келип атыр”, - деп мәлимледи Төреғалидиң әкеси.

    “Алло” қосығына байланыслы даўдың соңы социяллық тармақларда талқыланбақта

    Төреғалидиң директорының айтыўы бойынша “Төреәли өз сөзинде туратын адам. Гонорар төленбесе солай келискен болыўы керек” – деди усы мәселе ҳаққында.

    Еслетип өтемиз, сайтымыз арқалы “Алло қосығының даўамы шығады” атамасындағы материал Плаза бөлиминде шыққан еди. Соң бул қосықтың даўамы қашан шығады мазмунында ықласбентлеримизден комментариялар алдық. Сонлықтан усы қосыққа байланыслы ҒХҚларында жәрияланған материалларды топлап ықласбентлеримизге айдынлық киритиўге ҳәрекет етик.

    Көркем-өнер тараўы хызметкерлери көпшиликтиң нәзеринде. Бирақ соған қарамастан араларындағы даўлы мәселелерди көпшиликке социяллық тармақлар ҳәм ҒХҚлар арқалы жәрияламай, өз-ара шешкени мақул шығар.


    Дерек көзи ҳәм сүўрет: байстарс, инстаграм, ревю сайтларынан.


    Madeniyat bo'limi | 11-aprel, 2016 jıl
    Bul bet 2770 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +7


    aygumis 15 aprel 2016 14:18

    Ekewida jaqsi qosiqshi,,,,, biraq baylanislari uzilip qaliptigo telefonlarinin',,,,,,

    Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Қатнаспай қалды

    Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қорқаман

    Бүгин қосық жазып ертеңги күни
    Жаза алмай қалыўымнан қорқаман.
    Денсаўлықта ойнап күлип бир күни
    Тура алмай қалыўымнан қорқаман.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4962 ret ko'rildi


  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2030 ret ko'rildi


  • Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım

    Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım
    Ne sebepli ashshı bolmasan',
    Jas janımdı qıynaysan' bunsha,
    Ayamaysan' tolıp ag'asan'.

      
    30-iyun, 2015 jıl. 1605 ret ko'rildi


  • Ўақыт

    Кешеги бир кишкене бөбек,
    Жас жетип, камалға толды,
    Бағымдағы бир қарыс нәлше,
    Үлкен терек мийўалы болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1701 ret ko'rildi


  • Quyashlı tan’ım

    Qızıq g’oy qarasam du’nyanın’ o’zi,
    Ha’r ku’ni tan’ atar ku’limlep quyash,
    Birewdin’ birewge tu’sedi isi,
    Qay waq ay ko’rinip, batqanda quyash.

      
    21-mart, 2013 jıl. 2005 ret ko'rildi


  • Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс,
    Ана тил-қанаат ар менен намыс,
    Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс,
    Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1984 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • To’rtlikler

    Ju’rek sırlarımdı suwlarg’a ayttım,
    Ta’n’irim kewlime bir sezim saldı,
    Sol ma’ha’l qag’azdın’ aldına qayttım,
    Lekin, sezimler say boyında qaldım.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2214 ret ko'rildi


  • Ярым қайдасаң

    Сырлы қарасларың жанды алғандай,
    Сағыныштан бул журегим талғандай,
    Өзиңсиз журегим ҳүўлеп қалғандай,
    Журегимниң ийеси,ярым қайдасаң.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2447 ret ko'rildi


  • Istardim!

    Orzularim armon bo’lmasa,
    Bu hayotim yolg’on bo’lmasa,
    Muxabbatim xazon bo’lmasa,
    Sevib sevilishni istardim men ham.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2343 ret ko'rildi


  • Ayrılıq

    Búgin mine taǵı janım taǵı seni eske aldım,
    Seni menen ótken kúnderimdi qaytadan esime saldım,
    Qáytemin súye almapsań menen basqanı oylapsań,
    Meniń júregim bilesiń tek sen ushın arnalǵan.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 2228 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.