Өткен жылға жаңа жыллар қосылып,
Жыл ҳәм әсир топарларын дүзбекте,
Бир гүл өссе және бир гүл үзилип,
Ўақыт зымырап не бир күнлер өтпекте
Кел жаңа жыл,жаңа нурға толып кел,
Бәримизге мол несийбе алып кел,
Халқым тыныш татыўлықта жасасын,
Жаман күнди жаўызларға бөлип бер.
Өткен жылда қалсын әрманлы күнлер,
Жаңа жылда орынлансын үмитлер.
Жақсыллыққа жол басласын ҳәр бир күн,
Шадлықларға толы болсын, жүреклер.
Гөззал Ибраймова.
www.megaline.uz архивинен.
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Жаңа жыл
Ғәрезсизлик басланғанлы елимде Еркинлик сезими жасар кеўилде. Мине бүгин жигирмаға толмақта Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге....
Өмир пасыллары
Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери, Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери, Балалық, өспирим, орта, ғаррылық, Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....