Соның менен бирге қала ишинде парк-зоналарында биотоп-ҳәўизлери қазылады (яғный ҳәўизлерде ҳәр қыйлы түрдеги флора ҳәм фауна сақланады). Жасыл зоналар имаратлардың төбелеринде де пайда болады.
Бундай басқышқа көтерилиў ушын бир неше басқышларды басып өтиўге туўра келеди. Яғный Нөкис қаласында көп жумысларды әмелге асырыўға туўра келеди. Солай болсада қаламызда жасыл аймақларды (зоналарды) пайда етиў актуал мәселе болып табылады. Әпиўайы мысал, «Дослық» каналы көпиринен жаз айларында төмен түсе бергенде бирден салқын леп урады. Демек, жасыл зона бириншиден микроклиматты өзгертетуғын болса, екиншиден қалалылардың бул жерде таза ҳаўадан еркин дем алыўына имканият болады.
Лекин пайтахтымызда жасыл зоналарды раўажландырыў емес, керисинше барларына қараўсыз қалдырыў жағдайлары бар екенин жасыра алмаймыз. Жигирма үшинши киши район аймағында жайласқан Амир Тимур парки жақсы нийетлер менен жумыс баслаған еди. Бирақ, итибарсызлықтың, немқурайдылықтың нәтийжесинде парктеги тереклердиң көпшилиги кесилген яки қуўрап қалған. Бүгинги күни бул зона киши район турғынларының соқпақ жолына айланды.
А.Темур паркинен көринис
Солай болсада пайтахтымыздың Жийдели байсын аймағында 2006-жылы жумыс баслаған ботаникалық бағ қаламыздың жасыл зоналарының раўажланыўын тең салмақлылықта услап турыўда қол келмекте. Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан тәбийий илимлери илим изертлеў институтының ботаника бағы 40 гектерда жайласқан.
Ботаникалық республикамыз илими, тәбияты ушын үлкен жумысларды әмелге асырып келмекте. Бул жерде үлкемиз аймағы тысқарысынан алып келинген терек нәллерин интродукция (жергиликли шараятқа бейимлестириў) ислеў жумысларын жақсы жолға қойған. Бүгинги күни бағда биота, можжевельник, катальпа, ясин, япон саппорасы облепиха, барбарис, акация, маклюра, аморфа тереклери өсип тур.
Облепиха
Барбарис
Багряник
Атап өтилген тереклердиң биразы бизиң шараятымызға бейимлесип, қаламыз шырайына-шырай қосып турған болса гейбирлери бизиң шараятымызға бейимлесиўи сынап көрилмекте. Мәселен, акация ҳәм аморфаны декоратив безеў сыпатында пайдаланғанда да әжайып көринисти пайда етиўге болады. Бирақ, олардың емимлик қәсийетлери де илимпазлар тәрепинен дәлилленген. Аморфаның дәнесинен алынған өним аморфин деп аталады ҳәм ол терапевтлик қәсийети бойынша тынышландырыўшы күшке ийе. Ал, акацияны ландшафтлық безеўде қолланыў менен бирге акация парфюмерия өнимлерин яғный жағымлы ийисли сабын, әтир ислеп шығарыўда да қолланыўға болады. Әсиресе, облепиха путасы медициналық препаратларды ислеп шығарыўда жақсы қолланылады. Облепиханың бизиң шараятымызда да жақсы өним беретуғыны дәлилленген. Өткен әсирдиң сексенинши жыллары республикамыздың «Өрнек» хожалығында үлкен майданға егилип, жақсы өним алынған еди. Лекин, тилекке қарсы бул жумыслар тоқтап қалды. Егер күнделикли өмирде дәриханалардан сатып алып жүрген облепиха дәрилери шеттен алып келинген.
- Бағымыздағы тереклердиң нәллери көпшилиги Ташкент, Алма-ата ҳәм басқада қалалардағы ботаникалық бағларынан алып келинди. Мәселен, тупоносый лох яғный жийдениң он түп нәли Алма-ата қаласындағы ботаникалық бағтан алып келинген еди. Бизиң шараятымызға бейимлесип кетти. Мийўеси жақсы, үлкен болады. Демек, бул жийде түрин жергиликли шараятта да егиўимизге болады. Аморфаны да көп ексек болады, гүли шырайлы, егер оған ҳәр қыйлы көринис берилсе қәлеген мәкеме яки үйдиң алдын безейди. Қаламыздың жасыл зоналарына мине усы терек нәллери егилсе, әтирапта шырайлы болады, пайдасы да үлкен болады, - дейди ботаникалық бағтың баслығы Т.Өтенов.
Жийде
Бизиң пикиримизше, ботаникалық бағтағы тәжирийбеден сыналған декоратив ҳәм мийўе нәллерин пайтахтымыз көшелерине, әсиресе, енди пайда етилип атырған жасыл зоналарға егилсе мақсетке муўапық болады. Себеби, үлкемизге бейимлескен мийўени әлпешлеп өсириў жақсы нәтийже береди. Ал, пайтахтымызда жасыл аймақлардың территориясының көп болыўы болса биринши гезекте қаламызда жасап атырған пуқаралардың ден саўлығына унамлы тәсир етсе, екинши тәрептен дем алыў, балаларды сейилге шығарыў ушын имканият болады.
Ҳүрмет Атажанов,
Журналист,
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Ана
Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге, Тутастырып бәрҳә болады бирге, Аспаннан нур болып, гүл болған жерде, Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!...
Дүньядағы ең узын көпир
Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....