Бүгинги күнде мәмлекетимизде еркин пуқаралық жәмийетке тийкарланған ашық демократиялық ҳуқықый мәмлекетти жаратыў, халықтың, әсиресе өсип киятырған жас әўладтың ҳуқықый санасын жетилистириў, экономикалық билим дәрежесин асырыў ең баслы мәселелерден бири саналады.
Республикамыздың экономикалық тараўдың раўажланыўында салықлардың орны оғада әҳмийетли. Солай екен, ертеңги келешегимиз болған жас әўладтың салықлар ҳақкындағы дүнья қарасын байытып барыў, салық нызамшылығы ҳәм салық мәденияты бойынша түсиниклер бериў олардың ҳәр тәреплеме өсип раўажланыўы, камал табыўы ҳәм экономикалық билимлериниң артып барыўында үлкен әҳмийетке ийе. Себеби,бүгинги жас әўлад-ертеңги салық төлеўши яки ертенги салық хызметкери.
Өткен дәўир даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық уйымларының жуўапкер қәнигелери тәрепинен балаларға салықлар ҳәм олардың әҳмийети, мақсети ҳәм ўазыйпалары, Ҳүкиметимиз ҳәм Президентимиз тәрепинен салық тараўына тийисли қабыл етилген қатар Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында мәмлекетимизде жүргизилетуғын салық сиясаты ҳақкында кең түрде түсиниклер бериў бойынша орынларда бир неше мәртебе илажлар, көрик-таңлаўлар ҳәм окыў-семинарлар өткерилди. Өткерилген илажларда республикамыз бойынша жәми 5000 нан артық оқыўшы жаслардың қатнасыўы тәмийинленди.
Мине усындай илажлардан бири жақында Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен аймақлардағы балалар жазғы дем алыў орынларындағы оқыўшы жаслардың ўақытларын кеўилли өткериў, олардың салықлар бойынша түсиниклерин байытыў мақсетинде Төрткүл районындағы «Лочин», Елликқала районындағы «Орол болалари», Нөкис районындағы «Гүл бағ» ҳәм Хожели районындағы «Айдын жол» балалар жазғы дем алыў орынларында өткерилди.
Биз бир жәмәәт болып Төрткүл районындағы «Лочин» балалар жазғы дем алыў орынына жетип бардық. Ол жерде дем алып атырған оқыўшы жаслар ҳәм олардың тәрбияшылары бизлерди қуўаныш пенен күтип алды.
Солай етип, илаждың биринши бөлими яғный оқыў-семинар баслап жиберилди. Семинарда басқарма қәнигелери тәрепинен оқыўшыларға салықлар ҳәм олардың түрлери, әҳмийети, республикамыздың экономикалық раўажланыўында салықлардың орны ҳәм роли ҳаққында толық түсиниклер берилди.
Елликқала районындағы «Орол болалари» жазғы дем алыў орнында сораў-жуўап формасында өткерилген дөгерек сәўбетинде оқыўшы жаслар салық хызметкерлеринен өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды. Илажда 200 ден аслам оқыўшы жаслар қатнасты.
Өткерилген илаж даўамында оқыўшылардың қай дәрежеде түсиникке ийе болғанлығын басқарманың Баспасөз хызмети тәрепинен Төрткүл ҳәм Елликқала районларындағы «Камолот» ЖЖҲ районлық кеңеси менен биргеликте өткерген викториналарында көзге тасланды. Викторина даўамында балалардың саўатлылығы, саналылығы, ақыллылығы ҳәм салық бойынша ийелеген билим дәрежелери сыннан өткерилди.
Және де, салық хызмети қәнигелери Нөкис районындағы «Гүл бағ» балалар жазғы дем алыў орнында болып, ол жерде «Салық ҳаққында сиз нелерди билесиз?» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында оқыўшы жасларға салықлар, олардың экономикалық ҳәм ҳуқықый әҳмийети, салық ҳәм салыққа тартыў тәртиплери, салық төлеўшилердиң ҳуқықый мәплери, сондай ақ, салық төлеўшилер менен салық уйымы хызметкерлери арасындағы мүнәсибет мәденияты бойынша түсиниклер берилди.
Хожели районындағы «Айдын жол» балалар жазғы дем алыў орнында өткерилген илаж даўамында оқыўшылардың мәмлекет алдындағы мәжбүрий төлемлерди ўактында төлеў менен байланыслы тема дөгерегинде таярлаған сахналық көринисинен балалардың салық тараўы бойынша бир қанша түсиникке ийе екенлиги мәлим болды. Әсиресе, балалардың зийрек ҳәм билимге қуштарлығы, салық тараўына болған қызығыўшылығы оқыўшылардың салық хызметкерлериниң арнаўлы кийими, ондағы белгилер ҳәм дәрежелер бойынша берген сораўларынан келешекте олардың салықшылық кәсибин ийелеўге болған қызығыўшылықларын аңлап жеттик.
Илаж даўамында белсенди қатнасқан оқыўшы жаслар басқарма тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Президентимиз айтып өткениндей, «Балаларымыз бизлерден көре ақыллы, билимли, дана ҳәм әлбетте бахытлы болыўы керек». Орынларда көтериңки руўхта өткерилген илажлар даўамында балаларымыз санасында салық түсинигиниң ҳәм салықлар бойынша билимлериниң артқанлығы бизлерде ертенги күнге үмит оятып, және бир мәрте исеним пайда етти.
Оқыўшы жаслардың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериў, сиясый-экономикалық, руўхый, миллий ¬идеялогиялық билимлерин арттырыў, жасларды ҳәр қыйлы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға жол қоймаўға бағдарлаў, олар арасында саламат орталықты қәлиплестириў, өсип киятырған жас әўладтың бир-бири менен дослық мүнәсибетлерин күшейтиў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик, бәркамал, Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға үлес қосыў ҳәр бир тараў ўәкиллериниң баслы ўазыйпасына айланыўы керек.
М.Чимбергенова,
ҚР МСБ Баспасөз хызмети бас
қәнигеси-басқарма баслығының
баспасөз хаткери.
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....