Бала дүньяға келгенде биринши болып ана сүтинен дәм тартады. Баланың ана сүти менен азықланыў интеллектуаллық ҳәм эмоционаллық раўажланыўдың негизи болып табылады. Ал, ана сүтинен татып көрмеген бала көпшилик жағдайда ҳәлсиз болып келеди.
Бала туўылғанын ярым саат болғанынан ақ ана сүтин емеди. Емиў ўақтында баланың барлық ағзалары ҳәрекет етеди. Басындағы қан айланысы жақсыланып, жақ сүйеклери менен аўыз, ерин булшық етлери тез раўажланады. Оған ең алды менен уўыз берилиўи анық. Себеби, уўыздың қурамында баланың димарланыўына тәсир ететуғын витаминлер бар. Қызық тәрепи бала өскен сайын ана сүти қурамындағы пайдалы элементлердиң қурамы да өзгерип барады екен.
Ана сүтиниң өзгешелиги
Ҳәр бир ананың сүти өзгешеликке ийе. Неге дегенде олардың қурамы баласының мүтәжлигине қарап өзгерип отырады. Ана сүтиниң өзгешелиги мыналарда: ол ҳеш қашан айнып кетпейди, оны ҳеш жерден сатып ала алмайсыз. Қәнигелердиң айтыўына қарағанда ана сүтинде басқа өнимлерде ушыраспайтуғын 400 түрли пайдалы элементлер гезлеседи екен. Мысалы, мал сүтине қарағанда ана сүтинде балаға керекли болған А, Е, Д витаминлери көп екен. Ана сүтиниң қурамында мыналар киреди: белок, май, ҳәр кыйлы витаминлер, гормонлар, темир, суў, минерал дузлар, кальций, фосфат, жасаў ушын керекли болған микроэлементлер. Ана сүтинде арнаўлы ферментлердиң ҳәм бурыннан қәлиплескен курамының болыўы баланың аўқатланыў ўақтында бактериялардың таралыўына кери тәсирин тийгизип, пайдалы микроэлементлердиң раўажланыўына тийкар жаратады. Узақ ўақыт ана сүтин емген балалардың, келешекте гипертониялық, қантлы диабет пенен сийрек аўыратуғын қәнигелер тәрепинен анықланған. Ана сүти мий тканбларының раўажланыўына ҳәм интеллекттиң қәлиплесиўине тәсир етеди.
Емизиўдиң ана ҳәм балаға пайдалы тәсири
Ана сүтин еметуғын балалардың ана менен тығыз байланыста болатуғыны анық. Емизиў ананың ден саўлығына пайдасын тийгизеди. Ол анада болатуғын безлер менен исиклердиң пайда болыўының алдын алады.
Психологлардың айтыўына қарағанда, емизиў ўақтында ананың меҳри менен баланың баўырына басыўы, сөйлеўи, маңлаўына ийискелеўи, сыйпалаўы, еркелетиўи арқалы бала менен ана арасындағы узақ жылларға байланыстырып туратуғын муҳаббат, бир-бирин қыймаўшылық сезимлери қәлиплеседи, баланың физикалық, психологиялық, руўхый дүньясы жақсы қәлиплеседи. Ана сүтин емген бала өзгелер менен тез табысы кететуғын, адамларға мийримли болып келеди. Емизиў ананы да баланы да жақсы сезимге бөлейди. Баланың татлы уйқылаўы сүт қурамындағы белок арқалы әмелге асады.
Илимпазлардың изертлеўлериниң нәтийжеси
Ҳәр кыйлы изертлеўлердиң нәтийжесинде ана сүтиниң бала ушын пайдалы екенлигин шет елли илимпазлар дәлиллеп келмекте. Америка шыпакерлердиң ассоциациясы журналы жәриялаған мақалада балаларға он жыл даўамында өткерилген интеллекетуаллық тестлердиң нәтийжесинде, бала туўылған дәслепки тоғыз айда ана сүтин емген балаларда ақыл-ойы анағурлым озық болған. Илимпазлар мийдың раўажланыўында ана сүти қурамындағы галактозалар менен бирге ананың аймалыў психологиялық жақтан жүдә пайдалы екен. Норвегия илим ҳәм техника университети қәнигелери де булл тәжирийбелерди қоллап-қуўатлаған. 345 балаға арнаўлы тест алып барған доктор Торстейн Вик басқарған илимпазлар топары 1 жасқа деген ерте емиўден шығып кеткен балалардың өз қатарларына карағанда сана-сезими тәрепинен анағурлық төмен екенлигин анықлаған.
ЮНИСЕФ, БМШ тың жанындағы балалар қоры баланы емшек пенен емизиў дәўири еки жыл екенин ҳәм 6 айға дейин емшек сүтинен басқа ҳеш нәрсе бермеў керек екенлигин ескертеди.
Ҳ.Атажанов,
Журналист.
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Қәйненелерге
Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....
Жетимниң анасына
Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....