Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қара көзлерим
    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

    Сол әрмәнлар улғайып,
    Кеўиллерде дәрт болды.
    Билемен, қара көзлерим,
    Кеўлиңде не гәп болды.

    Қараңғы түнди серпип,
    Таң атқанда күлимлеп,
    Анам мени оятса,
    Баўырым – деп, улым деп.

    Шайда тайын болды деп,
    Туўысқанлар жәм болсақ,
    Дәстурханның басында,
    Пүтин болса шаңарақ.

    Уллы төрде жан атам,
    Пәтияға қол ашса,
    Шүкирлик айтар едим,
    Шаңарағым - бахтыма.

    Кийиндирип әжапам,
    Шашымды тарап қойса,
    Кемпир апам ҳәм атам,
    Сүйсинип қарап қойса.

    Аш боласаң мектепте,
    Деп гүлше берсе анам,
    Жақсы оқы сабақтан деп,
    Қатал шәрт етсе ағам.

    Кешигемиз тез бол деп,
    Алып кетсе әжағам,
    Үкемдиде қалдырмай,
    Таслап кетсек бақшаға.

    Кимдур мени кемситип,
    Наҳақ қапа қылғанда,
    Әжағам дәрриў оның,
    Тәмбисин берип қойса.

    Үйге келип ағамның,
    Қушағына атылсам,
    Бес алдым деп мақтанып,
    Марапатқа малынсам.

    Бәрекелла деп ағам,
    Арқамнан қағып қойса,
    Анамда көп қуўанып,
    Сүйип, аймалап қойса.

    Гә қулақсызлық қылып,
    Ренжитсем ағамды,
    Ырза едим берседе,
    Аямай мениң сазамды.

    Сабақтан бос ўақтымда,
    Атама жәрдем етсем,
    Мийнет пенен шынығып,
    Если болып ер жетсем.

    Түн болса кемппир апам,
    Ертеклер айтып берсе,
    Бахытлы балалықта,
    Пәтшалық дәўран сүрсем.

    Бул шийрин түс бирақта,
    Турмысың ашшы емес,
    Ғам жеме қара көзим,
    Бахыт сеннен қашық емес.

    Жетиммен деп қамсықпа,
    Елсиз ер ғана жетим.
    Жаў шапса қарсы турғандай,
    Ерлери жоқ ер жетим.

    Халық анаң баўырманың,
    Халық-атаң, халық-қорғаның,
    Сирә жетим емессең,
    Халық сениң шаңарағың.

    Сен халыққа перзентсең,
    Анам деп сүй халқыңды,
    Елиң жетим болмасын,
    Қорға өз ўатаныңды.


    Жәримбетова Марям

    Poeziya bo'limi | 19-aprel, 2013 jıl
    Bul bet 2763 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 1815 ret ko'rildi


  • Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги,
    Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
    Келиншеклер кийер жегде жипекли,
    Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.

      
    11-may, 2013 jıl. 2368 ret ko'rildi


  • Қурақ көрпеше

    Анам тиккен қурақ көрпеше,
    Көздиң жаўын алады жайнап,
    Мийнет етип күни-түн нешше.
    Қурастырар бир-бирлеп жыйнап.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2628 ret ko'rildi


  • Өмир пасыллары

    Өтер өмиримиздиң сансыз күнлери,
    Бирде шадлы бирде ғамлы түнлери,
    Балалық, өспирим, орта, ғаррылық,
    Төрт пасылдай гезеклесер ҳәр бири.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2289 ret ko'rildi


  • Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрезсиз Ўатан!!!

    Мүбәрек болсын жигирма жасың,
    Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным,
    Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын,
    Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным.

      
    12-may, 2013 jıl. 2233 ret ko'rildi


  • Jon O’zbekistonim!

    Tog’laring viqori bo’lak,
    Qirlaring bahori bo’lak,
    Sen menga hammadan kerak,
    Jon O’zbekistonim!

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 1871 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Iqrar

    Haqıyqat ko’z jardı ko’z aydın,
    O’zimnen o’zligim izleymen,
    Endi ne boladı, siz aytın’,
    Endi qay ma’nzildi go’zleymen.

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 1708 ret ko'rildi


  • Сени излеймен.

    Баяғы бағлардан жалғыз қайтаман,
    Үмит ушқынлары лаўлап қайтадан,
    Сағыныш қосығын саған айтаман,
    Қалбим Темурланы сени излеймен.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 1944 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3007 ret ko'rildi


  • Umrbod sevaman!

    Vadalarni berib berib kuydirib ketding,
    Orzularim armon qilib maqsatga yetding,
    Ishon qattiq sevgandim seni,
    Umrbod sevaman buni bilsayding!

      
    18-mart, 2013 jıl. 2582 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.