Ҳақыйқатында да, бурын дусласпаған инсан жөниндеги туңғыш түсниклер оның қандай кийингенине қарай отырып пайда болады. Сол ушында халқымыз арасында: «Танымаған жерде тон сыйлы, таныған жерде бой сыйлы», деген даналық сөз бар. Кийимның қымбат баҳалылығы емес бәлки, ҳәр қандай ҳалатта да кийим биз ушын ҳәм қолайлы, ҳәм жарасықлы, ҳәм таза болыўы әҳмийетли. Бул бизиң шырайлы көриниске ийе болыўымыз бенен бирге, әтираптағылардың бизге болған мүнәсебетинде белгилеп береди. Барлық нәрсениң өз қағыйдасы болғаны сыяқлы, кийиниўдиңде өз қағыйдадалары бар. Мәселен, ҳәр бир оқыў орнының сондай-ақ, ишки тәртип-қағыйдалары тийкарында ҳәр бир жумыс орнының арнаўлы кийиниў усыллары енгизилген. Бизлер тәлим алып атырған Бердақ атындағы
Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти тәрепинен буныңдай ийгиликли ислер бир нешше жыллардан берли әмелге асырылып келинбекте. Бул тийкарда университетимиз басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми тәрепинен арнаўлы илажлар исленип, ҳәм арзан, ҳәм қолайлы, ҳәм жарасықлы оқыў кийими үлгилери исленип шығылған.
Әлбетте, бул илажлар ҳәр тәреплеме унамлы нәтийжелерге ерисиўге түртки болмақта. Өйткени, арнаўлы оқыў формалары студент жасларға ҳәм олардың ата-аналарына бир қанша қолайлықлар жаратпақта. Жоқарыда атап өткенимиздей бизиң кийиниў мәдениятимиз тек ғана бизге емес, бәлки әтираптағыларғада тәсирин тийгизеди. Жоқары оқыў орнының студенти иқшам ҳәм салдамалы кийимде оқыўға атланса, әлбетте, бәршениң зийнети артады. Бундай кийиниў оқыў орнындағы тәртип интизамның қай дәрежеде жолға қойылғанынан дерек береди.
Биз, усындай арнаўлы формалар ҳәр бир оқыў орнында енгизилсе, жасларымыз ҳәм олардың ата-аналарына және де қолайлы шәраят жаратылған болар еди, деген пикирдемиз.
Турсынай Есемуратова,
ҚМУ студенти.
Шулық ҳаққында
Шулықты кийиўге де қандайда бир талғам керек. Шулық шалбардың реңине ямаса аяқ кийимниң реңине сәйкес таңланады. Ең баслысы – қара реңли...
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....